Мәмлекетимизде кекселерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў,  сондай-ақ, жасларды тәрбиялаўда олардың бай турмыслық тәжирийбелерин кеңнен пайдаланыў мақсетинде ҳәр жылы елимизде «Нуранийлер ҳәптелиги» өткерилип келинбекте.

Усы ҳәптелик шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты Ахмед Реймов өзи сайланған аймақ Нөкис қаласындағы Ватанпарвар МПЖ да болып,  аймақ турғынлары ҳәм мәҳәлле нураныйлери менен ушырасты.

Ушырасыўда мәмлекетимизде  қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлардың орынланыўы бойынша исленип атырған жумыслар атап өтилип, мәҳәлле турғынларын қыйнап киятырған машқалаларды тыңлады. Олар тәрепинен билдирилген мүрәжатлерди нызам тийкарында тийисли уйымлар менен биргеликте үйренип шығыўға келисип алынды.

Сондай-ақ, ҳәзирги пахта жыйын-терими мапазына аймақтан белсене қатнасқан пуқараларға депутат тәрепинен саўғалар тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги