Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Қәнигелестирилген мектеплер тармағын кеңейтиў ҳәм олардың жумысын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы 2024-жыл 1-апрельдеги ПП-55-санлы пәрманында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў ҳәм 2024-2025-оқыў жылынан баслап Қәнигелестирилген билимлендириў мәкемелери агентлиги системасындағы мектеплерде Илимлер академиясы академиклериниң қатнасыўында сабақ өтиў әмелиятын жолға қойыў белгилеп берилген.

Усы тийкарда 11-октябрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректоры, техника илимериниң докторы, академик А.Реймов Беруний районы қәнигелестирилген мектепте болып, ол жерде мектеп оқыўшылары менен сәўбетлести. Сәўбетлесиў даўамында академик А.Реймов мектеп оқыўшыларына мәмлекетимизде жасларға жаратылған имканиятлар ҳаққында айтып өтти.

Ол жасларға билимлендириў, илимий излениўлер ҳәм дөретиўшиликтиң раўажланыўы ушын көплеген бағдарламалар ҳәм жойбарлар әмелге асырылып атырғаны, илим ҳәм технология тараўындағы жетискенликлерге ерисиў жолында мәмлекет тәрепинен кеңнен қоллап –қуўатлаўлар бар екенлигин атап өтти. Буннан соң, мектептиң тәбийғый пәнлер бағдары 11-класс оқыўшылары менен гетерошынжырлы бирикпелер темасындағы сабақларын алып барды. Бул сабақта органикалық химияның қурамалы бөлеклеринен бири болған гетерошынжырлы бирикпелерди үйрениў, олардың химиялық өзгешеликлери, дүзилиси ҳәм әмелий әҳмийети ҳаққында мағлыўмат берди.

Сабақ даўамында оқыўшыларға гетерошынжырлы бирикпелерди синтезлеў, олардың санаатта ҳәм медицинада қолланылыўы сыяқлы темалар кеңнен түсинтирилди. Сабақтың мақсети оқыўшылардың илимий дәрежесин кеңейтиў, органикалық химия бойынша әмелий билимлерин беккемлеўден ибарат. Оқыўшылар өзлерин қызықтырған сораўлар менен мүрәжат етип, илимге болған қызығыўшылықларын және де тереңлестирди. Сабақ даўамында белсене қатнасқан оқыўшыларға академик А.Реймов тәрепинен китаплар саўға етилди.

                                                                 Қарақалпақстан хабар агентлиги