Бүгин Хожели районында «Архитектураны қорғаў  ҳәм туризмди турақлы раўажландырыў» атамасындағы илимий-әмелий семинар өз жумысын баслады. Семинардың мақсети республикамыз аймағында жайласқан архитектуралық естеликлерди қорғаў, оларды қайта тиклеў ҳәм сақлап қалыў сондай-ақ, туристлер ағымын күшейтиўге қаратылған.

Семинарға Орайлық Азияны изертлеў бойынша Халықаралық институт изертлеўшиси,  жойбар координаторы, архитектор А.Фейзуллаев, туризм бойынша халықаралық эксперт М.Шамшидов, Қарақалпақстан гуманитар илимий-изертлеў институты директоры М.Қарлыбаев, Қарақалпақстан Республикасы туризм басқармасы баслығы Г.Изентаева, И.Савицкий атындағы атындағы Қарақалпақстан мәмлекетлик көркем өнер музейи директоры Т. Мкртычев ҳәм басқа да илимпазлар, архитекторлар, жаслар ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнаспақта.

Илажды Хожели районы ҳәкими Ж.Ермашев кирис сөз бенен ашты ҳәм район аймағында көплеген тарийхый естеликлердиң бар екенлиги, соңғы ўақытларда бул естеликлерди сақлап қалыў ушын ҳүкиметимиз тәрепинен үлкен итибар қаратылып, дүнья жәмийетшилигиниң нәзерине түсип  атырғанлығы ҳаққында атап өтти. Буннан соң баянатлар тыңланып, пикирлер ортаға тасланып, талқыланды.

Илажда атап өтилгениндей, Орайлық Азияны изертлеў халықаралық институты АҚШ  елшисиниң мәдений мийрасларды сақлаў фонды грантынан пайдаланып, Миздакхан комплекси, Ережеп Халифа мақбарасына  консервация жумыслары алып барылды. Бул үйрениўлерден соң АҚШ елшиханасы XII әсирде қурылған Миздакхан комплекси, Ережеп Халифа мақбарасын сақлап қалыў ушын дерлик 80 000 АҚШ  доллар қаржы ажыратты. Бул естеликтиң жағдайын толық үйрениў ушын геофизикалық, геодезиялық, археологиялық изертлеўлер, структуралық анализ,  3D сканер, фотограмметрия ҳәм радиоуглерод анықлаў сыяқлы заманагөй усыллардан пайдаланылды. Жойбар шеңберинде келиўшилер ушын мақбара тарийхы ҳәм қолланылған консервация усыллары ҳаққында толық мағлыўмат беретуғын интерактив элементлерге ийе мағлыўмат тахталары орнатылып, мобил қурылмалар арқалы пайдаланыў имканиятын беретуғын арнаўлы аудио қолланба ислеп шығылды. Естелик ҳаққында тарийхый мағлыўматлар, консервация барысындағы өзгерислер ҳәм келиўшилер ушын пайдалы мағлыўматлар менен танысыў ушын арнаўлы веб-сайт жаратылды. (www.mizdakhkan.com).

Семинар жумысы 14-15-октябрь күнлери өткерилиўи белгиленген болып, ертең 15-октябрь күни АҚШ елшиси Джонатан Хениктиң  республикамызға келип, тарийхый естеликтиң ашылыў мәресимине қатнасыўы күтилмекте.

Семинар жумысы даўам етпекте.

Г.Турдышова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги