Умра илажларын шөлкемлестириўши фирмалар ушын жаңа талаплар белгиленди.

Министрлер Кабинети қарары жойбарында Умра илажларын шөлкемлестириў ҳәм өткериўге байланыслы жаңа тәртиплерди белгиледи. Ҳүкиметтиң усы жылдың 9-октябрь күнги қарары менен Дин ислери бойынша комитет лицензиясының бир қатар талап ҳәм шәртлери жәрияланды.

Атап айтқанда, Умра илажларын шөлкемлестириўшилер 1 миллион доллар қәрежетти «Зыярат қоры»на резерв етип қойыўы шәрт.

Қарарда, сондай-ақ, зыяратшылардың топар баслығы етип Өзбекстан мусылманлары уйымы менен дүзилетуғын шәртнама тийкарында диний ҳәм көнликпелерге ийе болған қәнигени тайынлаў; турфирма штатында диний (исламий) билимлендириў бағдарлары бойынша бир қәнигениң барлығы ҳаққындағы мағлыўмат; жас өспирим пуқараларға хызмет көрсетпеў; өз жумысын туроператор ҳәм турагентлер арқалы әмелге асырмаў сыяқлы талаплар да белгиленген.

Буннан тысқары, жаңа ҳүжжетте Умра хызметлери Саудия Арабстаны патшалығындағы бирге ислесиўши шөлкем арасында дүзилетуғын шәртнамаға муўапық әмелге асырыў ҳәм олар көрсететуғын хызметлер ушын төлемлерди банк мәкемелери арқалы әмелге асырыў; зыяратшыларға сапалы хызмет көрсетиў, сондай-ақ өз ўақтында медициналық хызмет көрсетиўди тәмийинлеў; халықаралық жөнелисте 2 жылдан кем болмаған тәжирийбеге ийе, бул дәўирде жолаўшы тасыўдың халықаралық ҳәм миллий нызамшылық талапларын бузбаған авиакомпания менен бирге ислесиў; зыяратшыларды категориясы 3 жулдыздан кем болмаған мийманханаларға жайластырыў; Умра хызметин 3-мәмлекетлер арқалы көрсетпеў сыяқлы және бир қатар шәртлер де нәзерде тутылған.

Еслетип өтемиз, ески лицензиялар менен Умра зыяратларын шөлкемлестириў 2024-жылдың октябрине шекем белгиленген еди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги