Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мағлыўматларына қарағанда, олар тәрепинен көшелерге атама бериў ҳәм оларға қайта атама бериў бойынша тийисли жумыслар алып барылған.
Өткен дәўир даўамында хатлаў нәтийжесинде 21 097 көше анықланып, 13 388 көшениң атамаларына нызамшылық ҳүжжетлерине муўапықлығы бойынша унамлы эксперт жуўмақлары берилген. 7 709 атама нызамшылық ҳүжжетлери талапларына муўапық емес деп табылып, қайта көрип шығыў ушын аймақлық комиссияларға қайтарылған.
Соның менен бирге, мәмлекетлик дизимнен өткерилген көшелер төмендегише түрлерге бөлинген.
Көше – 10 833;
жабық көше – 939;
тар көше – 1 330;
гүзар көше – 38;
айланба көше – 111;
өтиў жолы – 101.
Көшелерди хатлаўдан өткериў ҳәм ҳәр бир көшеге тийисли тәртипте атама бериў жумыслары даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги