Ҳүкиметтиң 172-санлы қарары менен тастыйықланған Жол ҳәрекети қағыйдалары 17-1-бап пенен толықтырылды.
Оған бола, жөнелисли транспорт қураллары ушын өз алдына ажыратылған сызығы бар жолдан жөнелисли жәмәәтлик транспорт қуралларының ҳәрекетлениўи мүмкин ҳәм басқа да транспорт қураллары бул жолда ҳәрекетлениўи қадаған етиледи, оператив ҳәм арнаўлы хызметлердиң транспорт қураллары буған кирмейди.
Сондай-ақ, жөнелисли транспорт қураллары ушын өз алдына ажыратылған сызығы бар Жолда ҳәрекетлениўи қадаған етилген транспорт қураллары бул жолдан тек ғана тутас аймаққа кириў ямаса шығыў мақсетинде тутас аймақтың кириў ямаса шығыў орнынан 50 метр аралықта үзик-үзик сызықлы орынға шекем ямаса жақын аралықтағы үзик-үзик жерге шекем ҳәрекетлениўи мүмкин.
Онда транспорт қуралы бул жолда ҳәрекетленип киятырған жөнелисли транспорт қуралының ҳәрекетине тосқынлық етпеўи ҳәм оған жол бергеннен соң тутас аймаққа кириў ямаса шығыў ҳәрекетин әмелге асырыўына рухсат етиледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги