Республикалық қәнигелестирилген хирургиялық ангионеврология орайы қәнигелери хызмет сапары менен Нөкис қалалық медицина бирлеспесиниң көп тармақлы поликлиникасында болды.
– Бас мий қан айланысының өткир бузылыўы дүньяда ерте өлим себеплериниң бири болмақта,- дейди Республикалық қәнигелестирилген хирургиялық ангионеврология орайы директорының орынбасары Абдурасул Юлбарисов.-Соның ишинде, тийкарынан ишемик инсультқа шатылғанлардың көпшилигиниң өмирден көз жумыўы яки бир өмир майып болып қалыўы ашынарлы жағдай. Сонлықтан бул кеселликтиң алдын алыў, оны нәтийжели емлеў ҳәм аўыр асқыныўларға жол қоймаў мақсетинде, Қарақалпақстанға келдик ҳәм орынларда медициналық илажларды әмелге асырмақтамыз.
Ташкент қаласынан келген қәнигелер хызмет сапары даўамында 30 ға шамалас наўқасты жергиликли шыпакерлердиң қатнасында УДТ допплер тексериўинен өткерип, оларға тийисли көрсетпелер берди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги