(Новелла)

Оның турмысы ҳәўес етерликтей емес еди. Келин болып түскенинен кейин көп узамай-ақ азаплы күнлери басланған. Күйеўи менен бири-бирин қәлеп қосылған болса да, қәйин енесиниң ҳәр затты сылтаўлап, келинин баласына жаманлай бергенинен,  күйеўи де ишип келип, жоқ жерден шаң шығарып үйде ҳәр күни  жәнжел болатуғын еди. Ҳәмиледар ўақтында күйеўи араққа тойып алып қол жумсап, көп ура бергенинен туңғыш перзенти майып болып туўылды. Сонда да енеси буны айыплап:

– Шешесиниң денсаўлығы жақсы емес, әзелден кесел екенғой, туўған баласы қарық болар дейсең бе?!-деп қоңсы ҳаялға шағым етип отырғанын өз қулағы менен еситти.

Жас келин, оның үстине анасының: «олар не десе де, сен үндемей жүре бер, оңысық деген сондай болады»,-деп қулағына қуйып таслағаны соншелли, «еле енемниң де кеўлинен шығаман, азырақ белимди тиклеп алсам ҳәммеси орнына түсип кетеди»,-деп өзин жубатқан болды. Бирақ өзинен басқа адамды жақсы көрмейтуғын қәйин енеси жуўық арада буған кеўлин «жылыта» қоймады. Бир күни аўқаттың дузы кем десе, және бир күни жуўылған кийимлерден гәп таўып: «қолың шолақ па, дурыслап жуўмағансаң, кири ашылмай, солайынша тур»,-деп ҳәмме жерди астан-кестен етип ҳәўлирип бақырып кетеди. Сондай гезде бир қысым болып, не қыларын билмей, бул айыпсыз ба ямаса енесиники дурыс па биле алмай ишинен қамсығып, «енди қәйтип жуўаман»,-деп ақылласарға адам таппай қыйналып қалады.

Дерлик ҳәр күни усындай, сүйип қосылған күйеўи менен жайнап-жаснап, әйне ойнап-күлетуғын жаслығы жылаў менен өтип атыр.

Усындай күнлердиң биринде енеси және гәп тапты: «Журттың келинлери пахта отағына барып, күнине пәлен сум пул таўып жүр, сен үйде жатып телефон шуқлаўдан басқа талабың жоқ»,-деп жыр шығарды. Баласы еле кишкентай, оның үстине бир аяғы келте болып туўылған. Оны жақсы шыпакерлерге апарып көрсетейик деп айтайын десе енесинен қорқып үндемей шыдап жүргенде мына гәпи асып түсти.

– Балаға ким қарайды мен атызға шықсам?-деп қорқа-қорқа сорады.

– Әй балаң аштан өлмейди, тап палўан туўғандай сөйлейди ғо, туўғаның бир мүгедек, оны да әллеқандай көрип отырсаң ғо жүдә!-деп енеси аўзын жулып алды.

Алдынғы азаплар азап па, мына айтқан гәпи жан жүрегин тесип өтти. Ишинен қан жылады: «өзим сондай болағойсын деппедим, әй қудай, енди бул азапларға қалай шыдайман?»-деп жайына кирип, боз-боран болып жылап еди сонда.

Бул үйде тек қәйин енениң гәпи-гәп. Ол бир айттыма орынлаў шәрт. Пахта отағына да шықты. Күнниң ыссысында бир талай жерге пиядалап барып келеди. Нәрестеси болса, азанда бесикке қалай бөленген болса, еле сол жатысында жатырған болады. Оның үстине емгиси келип, анасы келемен дегенше емшектиң қурысы тутып, шыдамай шырлап жылап атырған болады. Гүлжан болса көкиреги ийип турған болса да, баласын дәрриў емизиўге қорқып, шыдап турыўға мәжбүр. «Ыссыда қызып келип емизиўши болма»,-деп анасының айтқаны бар.

-Емизсең-ә, аңқырта бермей, басымызды аўыртты ғо, мына гөрбарың,-деп енеси аўзына келген жаман гәплерди иркпестен бар даўысы менен бақыра кетти.

– Ҳаў ене, қызып турыппан, сәл өзимди басып алайын,-дегени сол, бурынғы бақырыў бақырыў ма:

– Әй өлмейди, не өзиңше билгишсинип, бизлер де бала туўғанбыз, сениң бир өзиңде ме бала? Жапсаң-ә аўзыңды!

Тамағына бирдеңе тығылғандай, баласын қушақлаўы менен бөлмесине кирип, сестин шығармай жылаўға түсти.

«Адамлар ақлыққа жете алмай жүр ғой, бундай да қатал ҳаял болады екен-аў»,-деген ойды қыялынан өткергени сол, аўыздағы бөлмеде отырған енеси оннан сайын қутырып:

– Мына қарақан тамақты қашан жеймиз, бул үйде аўқат қашан ўақтында писеди? Сен мәңгүр болмасаң усындай сылбыр қатынға тап боласаң ба? Мениң айтқанымды қәлемеп едиң сулыў емес деп, ал отыра бер, түрине ас қуйып ишебер енди,-деп баласына тийисе баслады.

Нәрестесин шала-пула емизген Гүлжан жайынан жуўырып шығып, асханаға қарай бетлегени сол:

-Майды азлаў қуй, шылқыта бермей, әкең май заводтың баслығы емес!-деп және гәп пенен «шағып» алды.

Усындайда күйеўи Артық мыңқ етип сөз айтыўға батылы жетпейди, негизинде оны да кишкентай гезинен «талап таслаған», қайтарып гәп айта алмайтуғын, керек жеринде өзиниң пикирин билдире алмайтуғын етип «езип» таслаған. Ол сондай гезде араққа тойып келип, ашыўын тек Гүлжаннан алады. Бийшара қыз усы үйге келин болып келгенли бери көргени усы өмир. Өзи қәлеп тийгени ушын үйиндегилерге бул жағдайды ашық айта алмайды. Жүдеп жүргенин көрип, ишинен сезикленген анасы: «балам жағдайың жақсыма, неге дым азып кеткенсең?»-десе наўқас анасын бетер қыйнағысы келмей: «апа емизиўли гезде ҳәмме сондай болады-ғо»,-деп дурысын айтқысы келмеди.

Гүлжанның басынан өткергенлерин жазса 4-5 томлық китап болатуғын шығар. Азаплы күнлери усылайынша – гә үй тазаланбаған, гә жапқан наны шийки, гә қайнатқан икрасының дузы басым, гә газдеги шәйнектиң суўы қурып қалған, гә қораның аўзы беккем жабылмаған, гә қазанның асты күйе болған, гә сүлги-майлықлардың кири ашылмай қалған деген изи таўсылмайтуғын бәҳәнелер менен урыс-жәнжелли күнлери өтип атыр. Қулласы гәп көп, енесиниң жәнжел етиўге арзымайтуғын, бирақ айтқанда жети жүйреңнен өтетуғын гәплерин тәрийплеп жеткерип бериў мүшкилрек.

Гүлжан бар сабыры менен бундай гәплерге шыдаўға ҳәрекет етип киятыр еди, бирақ…

Бир күни түски аўқат ўақтында мийрим нелигин билмейтуғын қәйин енеси және гәп баслады:

– Ҳәй, (Гүлжанның атын да айткысы келмей, ҳәр сапары оған ҳәй дейтуғын еди) сениң ана шешең бурыннан аўырыў екен-ғо я, кешегиде мына Сапаргүлдиң медпунктте ислейтуғын келини айтты, өкпесинде бар екен-ғо, енди өзлериңиз бенен турмай бизлерге де жуқтыражақсыз ба?

-Ҳаў ене, апамның тек дем қыспасы бар, қайдағыны айтпаң. Биреў не десе исене бересиз бе?-деп еди, жанып турған отқа лампамай қуйды:

– Ҳәй сампылдамасаң-ә, мени не өсекшиге шығарып отырсаң ба, қолына шешеңниң картасын услап отырған адам айтып отыр. Ҳәзир жүзлестиремен оның менен,-деп ҳәўижге минип бақырып кетти.

Бир майданның арасында усындай кеўилсизлик боларын күтпеген Гүлжан бул реттеги жәнжелди анасы менен байланыстырғанына ма, ямаса усы үйге келгенли берли ишинде жыйналып қалған ашыў-ыза, ғәзепти буннан артық ишинде сақлай алмады ма, бирден:

– Ене, сизге мен не жаманлық иследим, мениң анам не жаманлық ислеп еди. Қашан усындайыңызды тоқтатасыз, мени тыныш қоясыз ба, жоқ па? Өз балаңыздың перзентине бир тезекке қарағандай жеркенип қарайсыз, мени ғо улыўма адам қатарында көрмейсиз. Қашан адамлар қусап тыныш жасаймыз бул үйде,-деп ишиндегисиниң бәрин төгип салды. Бирақ биринши рет қандай да бир батыллық пенен усы гәплерди айта алды.

Усыны көптен күтип жүрген қәйин енеси: «шешесиниң кеселин айтып жан жерине тийдим-аў ақыры»,-дегендей:

– Ҳәй сениң тилиң шығып қалған ба, кеше жүрген дийўана еди-ғо әке-шешең. Сен неңе қутырасаң я, еле де қолыңда дипломың жоқ. Бир жерди тиреп турмағаныңды айт, бизлерди жалмап жутар едиң. Шашың кесилгир, мына сүмилтир сениң шашыңның узынлығына талып түсип, алданып отыр ғо,-деп және бир нәрселер деп атыр еди, Гүлжан даўысының барынша шыңғырып жиберип, дийўалда илиўли турған айнаны алды да есикке қарай ылақтырып жиберди. Бул оның шыдамының шеги еди.

Соның арасында сырттан Артық жуўырып келди де буны тебе кетти. Дус келген жерине аямай теўе берди, теўе берди. Енесиниң тоқтамастан шаўлаған даўысын, кийимлери дал қарақан болып қанға малынып атырғанын емески-емески билип жатты. Кейинирек есинен танып, тепкиниң азарын да, басқа шаўқымды да сезбей, тып-тыныш болып қалды. Сонда ғана Артық өзин қолға алып, тебиўден тоқтады. Шаўқымнан оянып, бөлмесинде жылап атырған баласын жубатыў ушын ишке кирип кетти.

Бираз ўақыт өтип өзине келген Гүлжан өзи сындырған айна сынықларының қасында қанға белениўи менен жатар еди. Ол сол жатысында ойға шүмип, сынған айна менен тиллесер еди: «мениң руўхым да сен сыяқлы шыл-пәрше болып сынып, дәртке аспайтуғын, қәдири жоқ, керексиз бир буйым сыяқлыман. Сениң сынықларыңды шығындыға тасласа, енди мениң де бул үйде қалып жасаўымнан мәни жоқ».

Ол сондай шешимге келгени менен шаңарақ деген муқаддес дәргайдың бузылып кетиўин ойлап, ишинен мың түрли ойдың басын бириктире алмай, қалай қарап жүрсем дурыс жолды табарекенмен,-деп тубалап жатар еди.

Оның менен тәғдирлес қанша келинлер бар екенлиги қыялына да келмеди…

Қундыз Жумағалиева.

Қарақалпақстан хабар агентлиги