Президент Шавкат Мирзиёев 10-октябрь күни техникалық жақтан тәртипке салыў тараўындағы жумыслар ҳәм режелер менен танысты.

Мәмлекетимизде өндирис ҳәм экспорт потенциалын арттырыў бойынша үлкен шеклер белгиленген. Онда техникалық жақтан тәртипке салыў, стандартластырыў ҳәм метрология мәселелери үлкен әҳмийетке ийе. Соның ушын Өзбекстан Республикасы Президентиниң быйыл 27-февральдағы пәрманына тийкарланып, тараўдағы мәмлекетлик басқарыў жетилистирилди ҳәм жаңа ўазыйпалар қойылды.

Соңғы жыллары 12 мың стандарт тастыйықланған еди. Жылдың басынан берли және 1 мың 40 халықаралық стандарт қабыл етилди. Өним қәўипсизлигин ҳәм сапасын тәмийинлеў мақсетинде 29 техникалық регламент ислеп шығылды. Олар санаат кәрханалары ҳәм исбилерменлерге жеткерилип, сертификатлар алыўына жәрдем берилмекте.

Жуўапкерлер тараўда исленген жумыслар, жылдың ақырына шекем ҳәм кейинги жылға мөлшерленген режелер бойынша мәлимлеме берди.

Мәмлекетимиз басшысы сыртқы базарларға шығыў ушын нәтийжели техникалық тәртипке салыў системасының шәрт екенлигин атап өтип, қосымша ўазыйпаларды белгилеп берди.

Ҳәзирги күнде елимиздеги 269 лабораториядан тек ғана 64 инде өткерилген сынаўлар халықаралық дәрежеде тән алынады. Ақыбетинде исбилерменлер өнимлерин экспортқа алып шығыўда қосымша сынаўлар өткериўге мәжбүр болмақта.

Соның ушын халықаралық тән алынатуғын лабораторияларды көбейтиў, электр техникасы, қурылыс материаллары, машина қурылысы сыяқлы тараўларда 10 жаңа лаборатория шөлкемлестириў зәрүр екенелиги айтылды.

Өзбекстан Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыў жолынан бармақта. Техникалық тәртипке салыў тараўындағы нызамшылықты усы шөлкем талапларына бейимлестириў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Быйыл 340 миллий стандарт, 2025-жылдың ақырына шекем және 38 регламент ислеп шығылады. 28 техникалық комитет, лабораториялардың жумысын санластырыў да әҳмийетли. Оның ушын «Техникалық тәртипке салыў» электрон платформасы иске қосылады.

Тараўда сапа ҳәм нәтийжени тәмийинлеў ушын заманагөй билим ҳәм көнликпелерге ийе, халықаралық стандартлар тийкарында ислейтуғын қәнигелер керек. Соның ушын тараўда кадрлар таярлаў системасын жетилистириў бойынша тапсырма берилди.

ӨзА