O’zLiDeP тен Нызамшылық палатасына талабан  Равшан Мамутов берунийли сайлаўшилар менен ушырасты. Ушырасыўда талабан Р.Мамутов сайлаўшыларға өзиниң сайлаўдан алдынғы бағдарламасын жақыннан таныстырып өтти ҳәм олардың пикир- усынысларын тыңлады.   Буннан тысқары партияның сайлаўалды бағдарламасындағы ҳәр бир тараў бойынша әҳмийетли ўазыйпалардың алға қойылып атырғанлығы атап өтилди.

Тийкарынан Жаңаланған Конституцияда қолайлы исбилерменлик ҳәм инвестициялық орталық жаратыў, исбилерменлик хызмети еркинлигиниң ҳуқықый кепилликлери жаратылды. Өзбекстанды исбилерменлер мәмлекетине айландырамыз-исбилерменлер санын 3 миллионнан арттырыў ушын барлық илажларды көремиз. Келеси бес жыллық жуўмағында елимиздеги кәмбағалшылық көлемин еки есеге азайтыў  әҳмийетли ўазыйпа болады.

Атап айтқанда, халықты исбиременликке тартыўдың мәҳәллебай кесиминде ислесиў бағдарламасын ислеп шығыўды бул партия өзиниң ең әҳмийетли ўазыйпасы  етип белгилемекте. Шаңарақлық исбилерменлик бағдарламасы шеңберинде жеңилликли кредит көлеми ҳәр жылы 30 процентке арттырып барылады. Социаллық исбилерменлик және де хошаметленеди, социаллық жәрдемге мүтәж халықты жумыс пенен тәмийинлеп киятырған исбилерменлерге мүлк ҳәм жер салығынан жеңилликлер бериледи. Аўыр жағдайға түсип қалған пуқаралар ушын кредит жеңилликлерин бериў системасын енгизиў бойынша әҳмийетли ўазыйпалар көрсетилген.

-Мен ушырасыўда  O’zLiDeP тиң  сайлаў алды бағдарламасын өмиримизге ҳәм инсан мәпине хызмет ететуғын жойбарлардан ибарат екенине исенимим кәмил болды,-дейди берунийли исбилермен Н.Қутлымуратова. Партияның бағдарламасы халық мәпин ойлап, инсан қәдирин арттырыў жолындағы ис ҳәрекетлер екенлиги ушында оны қоллап-қуўатлайман.

Мәселен, мектеп питкериўшилерине мәмлекет тәрепинен кеминде бир кәсипти ийелеўге жәрдем беретуғын системаның ендирилиўи, сондай-ақ, ушырасыўда атап өтилген басқа да жеңиллик ҳәм шараятлар тийкарында алға қойылған  жойбарлар әмелге асса, халықтың жасаў шараяты және де жақсы болады. Усы себептен мен партияның сайлаў алды бағдарламасын қоллап-қуўатлап, Нызамшылық палатасы ҳәм жергиликли кеңеслердиң депутатлығы ушын өткерилетуғын  сайлаўда O’zLiDeP тен көрсетилген талабанларға даўыс беремен. Талабанның сайлаўшылар менен ушырасыўы даўам етпекте. Алдағы ўақытта Төрткүл ҳәм Елликқала районларда да шөлкемлестириледи.


Асем Сырымбетова,

O’zLiDeP Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси Баспасөз хаткери.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.