Халқымыздың ҳуқықый саўатлылығын арттырыў ҳәм мәдениятлы раўажландырыў бағдарында “Адолат” СДП тәрепинен бир қатар жумыслар алып барылмақта. Бул бағдарда заманагөй технологиялардың кең имканиятларынан пайдаланған ҳалда жаратылған қолайлы ҳәм интерактив әдебиятларға талап жоқары екенлиги белгили.
Сонлықтан, жаңаланған Конституциямыздың бир жаллығы мүнәсибети менен «Адолат» социал-демократиялық партиясы тәрепинен Бас нызамымыздың аудио китап көринисиндеги варианты жаратылды.
Партия тәрепинен усы аудио китапты кең жәмийетшиликке жеткериў мақсетинде усы партияның Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси хызметкерлери тәрепинен социаллық жәрдем миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қаласы басқармасы қурамындағы айрықша тәлимге зәрүрлиги болған көзи әззи ҳәм төмен көриўши балалар ушын қәнигелестирилген 10-санлы «Нурлы мәкан» мектеп-интернатындағы мәлимлеме ресурс-орайлары менен биргеликте жаңа редакциядағы Конституциямыздың аудио китабын таныстырыў кешесине арналған илаж болып өтти.
Илажға партия белсендилери, муғаллимлер ҳәм жаслар қатнасты. Илажда партияның Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслығы орынбасары Ш.Торешова жыйналғанларға жаңа редакциядағы Конституциямыздың аудио китабы ҳаққында өз пикирлерин айтып өтти.
-Усы аудио китап имканияты шеклеген пуқаралардың ҳуқықый билимлерин жетилистириўге, қалаберди, жаслардың бос ўақытларын нәтийжели өткериў, жумыс, оқыў ҳәм күнделикли өмирде Конституциямыздың әҳмийетли нормаларын утымлы үйрениўге хызмет етеди,-дейди. Ш.Төрешова.
Соның менен биргеликте, илажда елимизде усы жылдың 27-октябрь күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамашылық палатасы ҳәм жергиликли Кеңеслерге сайлаў болып өтиўи мүнәсибети менен сиясий партиялардың сайлаўалды үгит-нәсият илажлары алып барылып атырғанлығы атап өтилди. Бул процессте, Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясы да өзиниң сайлаўалды бағдарламасы, басламалары менен журтымыздағы барлық инсанлар, солардың қатарында майыплығы болған шахслар да сайлаўларда өзиниң толық пуқаралық позициясын белгилеп, партиялар хызмети ҳәм 5 жыллық бағдарламасы менен танысыў шараятларын жаратыў мақсетинде өзиниң Брайль әлипбесиндеги сайлаўалды бағдарламасын ислеп шықты.
Илаж даўамында партияның Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен сайлаў алды бағдарламасының Брайл әлипбесиндеги китаплары ҳәм Конституциямыздың аудио китаплар топламы мектеп китапханасына саўға сыпатында тапсырылды.
Мектеп-интернат педагоглары ҳәм муғаллимлери тәрепинен партиямыздың әдалатлы жәмийет қурыўдағы басламалары қоллап-қуўатланбақта. Әсиресе, майыплығы бар шахслар ушын пиядалар өтиў орынлары менен светофорлар жанында даўыс шығарыўшы қурылмаларды үйрениў бойынша басламасы айрықша атап өтилди.
Орынларда жаңа редакциядағы Конституциямыздың «Адолат» СДП тәрепинен жаратылған аудио китабын таныстырыў илажлары даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги