Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 7-8-октябрь күнлери әмелий сапар менен Москва қаласында болды.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 8-октябрь күни Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы Мәмлекет басшылары кеңесиниң гезектеги мәжилисинде қатнасты.
Россия Федерациясы Президенти Владимир Путинниң басшылығында өткен саммитте Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев, Беларусь Республикасы Президенти Александр Лукашенко, Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров, Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон, Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов ҳәм Армения Бас министри Никол Пашинян, сондай-ақ, ҒМДА бас хаткери Сергей Лебедев қатнасты.
Күн тәртибине муўапық, көп тәреплемели қатнасықлардың жағдайы ҳәм раўажланыў перспективалары бойынша пикир алысылды, ҒМДА шеңбериндеги әмелий бирге ислесиўдиң әҳмийетли мәселелери додаланды.
Мәмлекетимиз басшысы өзиниң шығып сөйлеген сөзинде Россияның Дослық Аўқамда басшылығы дәўиринде көп тәреплеме бирге ислесиў барлық бағдарларда раўажланғанын жоқары баҳалады.
ҒМДА мәмлекетлериниң қәўипсизлиги ҳәм турақлы раўажланыўын тәмийинлеўге байланыслы жағдайларға айрықша итибар қаратылды.
ҒМДА еллери арнаўлы хызметлери ҳәм ўәкилликли уйымларының системалы бирге ислесиўин жолға қойыў, ҳәзирги қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў усылларын жетилистириў, киберқәўипсизликти тәмийинлеў тараўында келисилген илажлар ҳәм бағдарламалық ҳүжжетлерди қабыллаў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Бирге ислесиўдиң экономикалық бағдарында биргеликтеги жумысты күшейтиў тийкарғы ўазыйпа екени атап өтилди.
Өзбекстанның ҒМДА еллери менен товар алмасыў көлеми жылдың басынан берли 16 процентке артқан. Табыслы санаат кооперациясына көплеген мысаллар бар.
ҒМДА тармақ кеңеслери ҳәм комитетлериниң жумысын жеделлестириў зәрүр екенлиги көрсетип өтилди.
Келеси жылдың бәҳәринде Ташкент қаласында «Иннопром» халықаралық санаат көргизбеси шеңберинде ҒМДА Экономикалық кеңеси мәжилиси ҳәм Инновациялық раўажланыў форумын өткериў усыныс етилди.
Жақында болып өткен ҒМДА мәмлекетлери жетекши аналитикалық орайларының Ташкент конференциясы нәтийжелерин есапқа алған ҳалда, узақ мүддетли шерикликтиң жаңа тийкарғы бағдарларын қоллап-қуўатлаў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Атап айтқанда, интернет технологиялары ҳәм «үлкен мағлыўматлар» индустриясын раўажландырыў, санлы шешимлерди жедел енгизиў, креатив экономика, жасыл энергетика ҳәм ядро технологиялары, климат машқалалары ҳәм басқалар солардың қатарына киреди.
Усы мүнәсибет пенен ҒМДА мәмлекетлери экспертлери ҳәм таллаўшыларының ушырасыўларын турақлы өткериў ҳәм гезектеги конференцияны Самарқанд қаласында жасалма интеллектти раўажландырыў мәселелерине бағышлап өткериў усыныс етилди.
Гуманитарлық алмасыўларды кеңейтиў мақсетинде Дослық Аўқамы мәмлекетлериниң мәденият күнлерин өткериў усыныс етилди. Соның менен бирге, денсаўлықты сақлаў, билимлендириў, көркем өнер, кино, туризм ҳәм спорт тараўларында биргеликтеги илажлар бағдарламасын ҳәр жылы таярлаў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Самарқанд ҳәм Ташкенттиң тийислисинше Дослық Аўқамының мәдений пайтахты ҳәм жаслар пайтахты деп жәрияланыўы шеңбериндеги жойбарлар әмелге асырылып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Буннан тысқары, Өзбекстанда шахмат ҳәм футбол бойынша жаслар командалары арасында ҒМДА ашық кубоги жарыслары өткериледи.
Соңында Өзбекстан Президенти Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмонды 2025-жылы шөлкемге басшылықты қабыллағаны менен қутлықлады.
Саммит соңында ҒМДА шеңбериндеги бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары бойынша бир қатар келисим ҳәм қарарлар қабыл етилди.
Соның менен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Россия Федерациясына әмелий сапары жуўмақланды.
ӨзА