Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң тапсырмасы менен ҳәр бир басшыға социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақлар бириктирилип, олардың турмыслық жағдайын жақсылаў бойынша ўазыйпалар белгилеп берилген еди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Шымбай районы «Жипек жолы» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы өзине бириктирилген шаңарақларда болып, олардың ҳал-жағдайынан хабар алды ҳәм оларды қыйнап киятырған машқалаларын тыңлады.
Ушырасыўлар даўамында бириктирилген шаңарақлар тәрепинен турақ жайларының төбесин шиферлап бериў, медициналық жәрдемлер көрсетиў, социаллық қоллап-қуўатлаў, перзентлери оқыўына ҳәм жоқары оқыў орынларына кириў ушын таярлық курсларына барыў, қыйтақ жеринде қара мал бағыў ҳәм қусшылық пенен шуғылланыўына жәрдем бериў сыяқлы мәселелер бойынша мүрәжатлер билдирилди.
Илажда республикамыз басшысы ҳәр бир билдирилген мәселе итибарға алынатуғынлығы, шаңарақлардың турмыслық жағдайын жақсылаў бойынша барлық жәрдемлер ҳәм зәрүр илажлар көрилетуғынлығын атап өтти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги