Кеше Қаршы қаласында Азия чемпионлар лигасының Элит-2 жарысында 2-тур ойынлары шеңберинде бир ушырасыў болып өтти.

Онда Өзбекстан супер лигасында жетекшилик етип киятырған «Насаф» Бирлескен Араб Әмирликлериниң «Шабаб Ал Аҳли» клубын өз майданында қабыллап, оғада қыйын өткен беллесиўде 3 упайды қолға киргизиўге миясар болды.

Ушырасыўдың 18-минутында Матеус Лима есапты ашқан болса, 83-минутта Зоран Марушич Марко Станоевич тәрепинен шеп мүйештен узатылған топты басы менен «Шабаб Ал Аҳли» клубы дәрўазасына анық жоллаўға еристи. Бул голдан руўхланған Рўзиқул Бердиев шәкиртлери ойын ақырына таман ҳүжимлер санын күшейтип, төреши тәрепинен қосып берилген минутларда Зоран Марушич және бир гол урыўға миясар болды.

2-турдан жеңистен соң «Насаф» клубы өз топарында 4 упай менен жетекшилик етпекте.

 

Адилбай Оразов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы