2-октябрь күни Ташкент қаласында IV Пүткил жер жүзилик креатив экономика конференциясының биринши күнги илажлары болып өтти.

Бул әнжуман Өзбекстан Мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қоры (ACDF) тәрепинен Индонезия Республикасы, БМШ Саўда ҳәм раўажланыў конференциясы (UNCTAD) ҳәм Пүткил жер жүзилик интеллектуаллық мүлк шөлкеми  (WIPO) жәрдеминде және Британия Кеңеси, Азия раўажланыў  банкиниң Раўажланыў институты ҳәм Ташкент қаласындағы Халықаралық Вестминстер университети менен биргеликте шөлкемлестирилди.

Онда сырт елли ҳәм жергиликли шөлкемлердиң жуўапкерлери, сондай-ақ, 75 мәмлекеттен 2 мыңнан аслам креатив тараўдың басшылары ҳәм жетекшилери қатнасты.

Әнжуманның  салтанатлы ашылыў мәресиминде Өзбекстан Республикасының Бас министри Абдулла Арипов, Президент жәрдемшиси Саида Мирзиёева, мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қорының баслығы Гаянэ Умерова, UNCTAD бас хаткери Ребека Гринспан  ханым қатнасты ҳәм бул абырайлы илаж экономиканың келешеги ҳәм ең жаңа технологиялар, соның ишинде, жасалма интеллектиң усы жедел раўажланып атырған  тараўға тәсирин додалаў ушын әҳмийетли сөйлесиў майданы екенин атап өтти.

«Инклюзив креативлик: өзгериўшең реаллық» деп аталған тема тийкарында қатнасыўшылар технологиялардың жедел раўажланыўы менен байланыслы социаллық ҳәм экономикалық машқалалар және турақлы келешекти қәлиплестириўде креатив санаатлардың орнын таллаўға тийкарғы итибар қаратқанлығын атап өтиў зәрүр.

Атап өтилгениндей, IV Пүткил жер жүзилик креатив экономика конференциясы 2018-жылы биринши мәрте Индонезияда шөлкемлестирилген ҳәм креатив экономика мәселелерин додалаў ушын жетекши халықаралық платформа сыпатында өзин көрсеткен.

Мәдений ҳәм креатив санаатлар ҳәр жылы 2,3 триллион долларға шамалас муғдарда дәрамат келтирип, глобал жалпы ишки өнимниң 3,1 процентин қурайды. 2030-жылға  келип бул көрсеткиш 10 процентке өсиўи күтилмекте.

Соннан келип шығып, усы конференцияда баянатшылар өз билими ҳәм тәжирийбесин қатнасыўшылар менен ортақласпақта. Олардың арасында Британия Кеңесиниң креатив экономика бағдарламасының директоры Рехана Мугал да бар. Ол бүгин креатив экономика бойынша ерисилген жетискенликлер ҳаққында баянат жасады.

– Уллы Британия креатив экономика бойынша жетекшилик етеди. Себеби, биз көплеген тараўлардың раўажланыўында креатив процесске әҳмийет қараттық. Улыўма, жәмийетлик турмыстың гүллеп-жаснаўы, өсиўи тек қаржыға емес, ал басқа тәреплерге де байланыслы. Кейинги ўақытта биз саламат турмыс  тәризине үлкен итибар қаратқанымыз ушын барлық тараўлар тең раўажланбақта. Жасалма интеллекттиң жумыс орынларына тәсири бар болғанлықтан, бүгин креатив экономиканың имканиятлары және де айқын көринип турғанын  атап өтиўимиз зәрүр. Әнжуманның биринши күнинде бул бағдарда  ерисилген жетискенликлеримиз ҳаққында айтып бердим, – деди Рехана Мугал.

Үш күн даўам ететуғын усы илаж шеңберинде пленар мәжилислер, панел додалаўлар, воркшоплар ҳәм шеберлик сабақлары, сондай-ақ, бир қатар таңлаўлар өткериледи.

Насиба ЗИЁДУЛЛАЕВА,

ӨзАның хабаршысы