Президент кәмбағаллықты қысқартыў бойынша халыққа барлық ўәлаят ҳәм районларда да бирдей емес екенин көрсетип өтти.
Мысалы, өткен алты айда Әндижан, Бухара, Жиззақ, Қашқадәрья ҳәм Хорезмде кәмбағаллық 2 проценттен артық азайған болса, Наўайы, Сурхандәрья, Ферғана ҳәм Ташкент қаласында өзгерис болмаған.
Республиканың 15 районында кәмбағаллық 20 проценттен жоқары. Булар – Әмиўдәрья, Беруний, Қанлыкөл, Нөкис, Хожели, Шымбай, Гүлистан, Мирзаобод, Ақалтын, Сардоба, Гурлан, Янгиариқ, Янгибазар ҳәм Топыраққала.
Бул районларда кәмбағаллықты қысқартыў ушын үш жылда 1,7 триллион сумлық арзан кредит ҳәм субсидия берилген болса да, өзгерис болмаған.
Халыққа бөлип берилген жерлер бойынша 17 районда 2-3 мәртеден өним алыў есабынан кәмбағаллық 2 есеге азайды. Булар – Пахтаабад, Балықшы, Гүрен, Ханқа, Алтиариқ, Данғара, Кенимех, Боёвут, Жамбай, Шофиркон, Ш.Ращидов, Замин, Шаҳрисабз, Бандихон, Орташыршық, Бука, Тақыятас районлары.
Бирақ, 14 район – Қанлыкөл, Шоманай, Қоровулбозор, Пешку, Чироқчи, Муборак, Нурабад, Ақалтын, Музработ, Бандихон, Қизириқ, Аҳангаран, Паркент, Топыраққалада даөзгерис сезилмей атыр.
Район ҳәкимлери, олардың экономика ҳәм аўыл хожалығы бойынша орынбасарларына бул бағдардағы жумысының төмен дәрежеде екени бойынша қатаң пикир билдирилди.
ӨзА