Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң «Халықаралық шәртнаманы тастыйықлаў ҳаққында»ғы Қарары қабыл етилди. Бул ҳаққында «Ҳуқықый мәлимлеме» каналы хабар берди.

Мәлим болыўынша, қарарға бола, Өзбекстан Ҳүкимети менен Эстония Ҳүкимети арасында Жолаўшылар ҳәм жүклерди автомобильде халықаралық тасыў ҳаққындағы келисим тастыйықланған.

Келисимге 2024-жыл 29-январьда Брюссель қаласында қол қойылғанын атап өтиў керек. Транспорт министрлиги усы халықаралық шәртнаманы әмелге асырыў ушын жуўапкер болған ўәкилликли уйым етип белгиленди.

«Министрлер Кабинети ҳәм тийисли министрликлер менен уйымлардың басшылары усы халықаралық шәртнама толық күшке киргеннен кейин белгиленген тәртипте оның қағыйдалары әмелге асырылыўы үстинен қадағалаўды тәмийинлейди», делинеди хабарда.

Қарақалпақстан хабар агентлиги