Пуқаралық ислери бойынша Әмиўдәрья районлық судының 2017-жыл 30-июньдагғы орынлаў ҳүжжети тийкарында өндириўши А.С. ның пайдасына еки перзентиниң тәмийнаты ушын қарыздар К.Б.дан ҳәр айдағы жәми дәраматының 1/3 бөлеги муғдарында алимент өндириў белгиленди.
Бул ҳүжжет бойынша Мәжбүрий орынлаў бюросының Әмиўдәрья районлық бөлими мәмлекетлик орынлаўшылары тәрепинен орынлаў ҳәрекетине кирисилди. Алимент пуллары өз ўақтында төлеп барылмағанлығы себепли оның қарыздарлығы 105 миллион сумнан асып кетти. Усы себепли, қарыздар әкеге ҳәкимшилик протокол рәсмийлестирилип, топланған ҳүжжетлер судқа жиберилди. Қарыздардың атындағы 2019-жылы шығарылған “Nexia-3” маркалы автомашина тийисли тәртипте хатлаўға алынып, жәрийма майданына қойылды.
Усының нәтийжесинде қарыздар әке К.Б. жәми 105 миллион 240 мың сум алимент пулын төлеп берди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги