Париж Паралимпиадасында қатнасып атырған Өзбекстан делегациясы есабындағы алтын медальлардың санын 10 ға жеткерип, тарийхтағы ең жақсы нәтийжесин жаңалады. Өз табыслары менен усы жоқары жеңиске үлес қосқан жеңил атлестикашыларымыз Нурхон Қурбонова ҳәм Толиббой Йўлдошев пенен Президентимиз Шавкат Мирзиёев телефон арқалы сәўбетлести ҳәм оларды шын жүректен қутлықлады.
– Жумысыңды турақлы бақлап бараман. Олимпиада қалашамызда қурылысты баслағанымызда «Паралимпиададан алтын менен келемен», деген жағымлы сөзлериң есимде. Бул неден дәрек береди? Тынымсыз ҳәрекет, исенимли умтылысларың менен барған сайын өсип баратырсаң. Берген ўәдеңди артығы менен орынладың, – деп мәмлекетимиз басшысы бир жола дүнья рекордын орнатқан ҳәм оны және жаңалаған Нурхон Қурбонованы қутлықлады.
– Бир неше күн алдын ядро ылақтырыў бойынша бронза медалын алған едиң. Еки спорт түри бойынша еки жоқары нәтийже – бул ҳақыйқый мәртлик. Бул табыслар машақатлы мийнетлериң, тынымсыз шынығыўларың, топлаған бай шеберлигиңниң жемиси болып табылады, – деди Президентимиз Толиббой Йўлдошев пенен сәўбетте.
Чемпион паралимпиадашыларымыз бул табыслар өз-өзинен болмағаны, мәмлекетимиз басшысының паралимпиада ҳәрекетине қаратып атырған итибары ҳәм исеними себепли ерисилип атырғанын атап өтип, тренерлери ҳәм атан-анасы атынан миннетдаршылық билдирди.
ӨзА