Ассалаўма әлейкум, қәдирли ўатанласлар!

Ҳүрметли мийманлар!

Ханымлар ҳәм мырзалар!

Сиз, әзизлерди, көп миллетли халқымызды бүгинги уллы әййям менен шын кеўлимнен қутлықлап, бәршеңизге өзимниң жоқары ҳүрметим, жақсы тилеклеримди билдириўден бахтиярман.

Ғәрезсизлик байрамы бәршемизге мүбәрек болсын!

Қәдирли дослар!

Мине, усы толқынландырыўшы минутларда ҳәммемиз миллий ғәрезсизлигимиз қаншелли бийбаҳа жемис екенин, оның тарийхый әҳмийетин және де терең сезинбектемиз.

Әйне ғәрезсизлик себепли миллий мәмлекетшилигимиз қайта тикленди. Өзбекстан жаңа тарихый дәўирге қәдем қойды. Әйне ғәрезсизлик себепли Дүнья жәмийетшилигинен мүнәсип орын ийеледик.

Буның менен қанша мақтансақ арзыйды.

Усындай қутлы күнде Өзбекстан ғәрезсизлиги ушын гүрескен ўатансүйиўши бабаларымыз естелигин миннетдарлық пенен еске алыўымыз тәбийғый, әлбетте.

Олар – өз халқын прогресске қарай баслаған жадид бабаларымыз, миллий азатлық жолында жанын пидә еткен уллы ата-бабаларымыз. Олар – оғада аўыр шараятта да миллий ғәрезсизлик ҳәм еркинлик идеяларына садық қалған қаҳарманларымыз. Бүгин олардың жақсы идея ҳәм принциплерине сүйенип, жаңа турмыс, жаңа жәмийет тырнағын жаратып атырмыз.

Бул пидайы инсанлардың атларын ҳеш қашан умытпаймыз!

Олардың естелиги қәлбимизде, жүрегимизде ҳәмийше жасайды!

Ҳүрметли байрам қатнасыўшылары!

Кейинги жылларда Жаңа Өзбекстанды қурыў жолында үлкен қәдемлер қойдық. Ҳәр бир исимиз, ҳәр бир табысымызда ғәрезсизликтиң уллы қүдирети айқын көринбекте.

Ўатанымыз дүньяға, дүнья болса журтымызға кең ашылмақта. Регионымыз ҳәм пүткил дүньяда досларымыз, шериклеримиз көбеймекте.

Соңғы 7 жылда Өзбекстанның басламалары тийкарында Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясы тәрепинен 10 нан аслам, соның ишинде, быйылғы жылы 4 арнаўлы резолюция қабыл етилди.

Жәҳән банки быйыл мәмлекетимиз жалпы ишки өниминиң 5,3 процентке өсиўин прогноз етти. Көплеген мәмлекетлер менен салыстырғанда бул әдеўир жоқары көрсеткиш. Халықаралық валюта қоры атап өткениндей, 2023-жылы жалпы ишки өнимимиз биринши мәрте 100 миллиард доллардан асты.

Барлық реформаларымыздың руўхы ҳәм мазмунына “Инсан қәдири ушын, ел-журт бахты ушын!” деген жақсы идея терең кирип бармақта.

Экономикалық жетискенликлеримиз быйылғы жылдың сентябрь айынан пенсия ҳәм напақалар муғдарын, октябрь айынан болса бюджет хызметкерлери, шыпакерлер ҳәм педагоглардың мийнет ҳақысын арттырыў имканиятын бермекте.

Адамларымызда турмыстағы машқалалардың шешимине жуўапкершилик сезими, белсенди пуқаралық позициясы күшеймекте. Халқымыз “Басламалы бюджет” жойбарында белсене қатнасып, мәҳәллелер ҳәм социаллық объектлерди қаржыландырыўды бийғәрез шешпекте. Өткен дәўирде ўатанласларымыз мақуллаған 13 мыңнан аслам жойбарлар ушын 11 триллион сум қаржы ажыратылғаны да буны тастыйықлайды.

Экологияны сақлаў, тәбийғый ресурсларды үнемлеп жумсаў, атап айтқанда, суўдан ақылға уғрас пайдаланыў бойынша заманагөй системаларға өтиў жумысларын күшейттик.

Мәмлекетимизде “Жасыл мәкан” бағдарламасы даўам етпекте. Әсиресе, Арал теңизиниң түбин көклемзарластырыў жумыслары табыслы әмелге асырылмақта. Ең әҳмийетлиси, бул жойбар регион бойлап шаң ҳәм дуз тарқалыўының алдын алыўға жәрдем бермекте.

Ҳүрметли ўатанласлар!

Бүгинги күнде нәўқыран перзентлеримиз Жаңа Өзбекстанның раўажланыўына мүнәсип үлес қоспақта.

Бул жақында Парижде болып өткен XXXIII жазғы Олимпиада ойынларында және бир мәрте айқын көзге тасланды. Зәбердес ул-қызларымыз дүньядағы ең ири спорт әнжуманында 8 алтын, 2 гүмис, 3 қола медальды қолға киргизди.

Әсиресе, мәрт ҳәм батыр боксшилеримиз Баҳодир Жалолов, Ҳасанбой Дўсматов, таэквондошы улымыз Улуғбек Рашитов еки мәрте олимпиада чемпионы деген жоқары атаққа миясар болды. Олар миллий спортымыз тарийхында даңқлы бет ашты.

Әлбетте, олимпиада чемпионлары Диёра Келдиёрова, Лазизбек Муллажонов, Абдумалик Халоқов, Асадхўжа Мўйдинхўжаев, Разамбек Жамалов, гүмис медаль жеңимпазлары Светлана Осипова, Акбар Жўраев, қола медаль ийелери Алишер Юсупов, Музаффарбек Тўрабоев ҳәм Ғуломжон Абдуллаев та Париж майданларында ҳақыйқый қаҳарманлық үлгисин көрсетти.

Өзбекстан тарийхында шын мәнисинде рекорд нәтийжелер, теңсиз табысларға ерискен жеңимпаз спортшыларымызға даңқ болсын!

Әлбетте, Париж майданларында қолға киргизилген барлық табыс ҳәм нәтийжелер олимпиадашыларымыздың халқымызға мүнәсип байрам саўғасы болды.

Пурсаттан пайдаланып, Париж Олимпиадасында Ўатанымыз байрағын бәлент көтерген шебер спортшыларымызды, олардың ата-аналары ҳәм устаз-тренерлерин өзимниң атымнан, халқымыз атынан және бир мәрте шын кеўилден қутлықлайман.

Усы күнлерде Парижден және избе-из қуўанышлы хабарлар келмекте. Паралимпиадашы ул-қызларымыз да халқымыз ушын Ғәрезсизлик байрамына мүнәсип саўғалар усынбақта.

Шебер спортшыларымыз Асила Мирзаёрова, Қудратулла Маъруфхўжаев, Элбек Султонов алтын медальларды, мәрт перзентлеримиз Зиёдахон Исоқова, Кубаро Ҳакимова гүмис медальларды, Муслима Одилова, Толиббой Йўлдошев, Моҳигул Ҳамдамова болса қола медальларды қолға киргизди.

Мине, бизиң қандай қаҳарманларымыз, қандай ер жүрек палўанларымыз бар! Оларға ҳүрмет ҳәм иззетлер болсын!

Мине, усы мәрт ҳәм пидайы перзентлеримизди шын кеўилден қутлықлап, бундай табыслардан руўхланған спортшыларымыз әлбетте, және де жоқары шеклерди ийелейди, елимизге әлбетте, үлкен-үлкен жеңислер менен қайтады, деп исенемиз.

Ҳүрметли дослар!

Бүгинги оғада қурамалы ҳәм қәўетерли дәўир алдымызға жаңадан-жаңа сынақ ҳәм машқалаларды қоймақта. Лекин, өмир қаншелли машақатлы болмасын, мәмлекетимизде демократиялық реформаларды избе-из даўам еттирип, халқымызды разы етиўге, тынышлық ҳәм турақлылықты беккемлеўге бар күш ҳәм имканиятларымызды жумсаймыз.

Қураллы Күшлеримизди заманагөй қурал-жарақ ҳәм техника менен тәмийинлеў, олардың жаўынгерлик ҳәм мәнаўий потенциалын арттырыўға буннан былай да үлкен итибар қаратамыз.

Лекин, тынышлықты сақлаў тек әскерлеримиздиң жумысы болып қалмаўы керек. Бул бәршемиздиң, ҳәр бир Өзбекстан пуқарасының муқаддес миннети болыўы шәрт.

Журттың күши – бирликте, қәдири болса тынышлықта!

Ҳүрметли ўатанласлар!

Ҳәзирги күнде Жаңа Өзбекстанды қурыўда тийкарғы итибарды бес тийкарғы бағдарға қаратпақтамы.

Булар, дәслеп, сапалы билимлендириў системасын жолға қойыў, бизнести раўажландырыў, коррупциядан жырақ, әдалатлы суд системасын жаратыў, денсаўлықты сақлаў тараўын түп-тийкарынан жақсылаў, экологиялық турақлылықты тәмийинлеўден ибарат.

Машқалаларымыздың шешими, сораўларымыздың жуўабы тек,  ҳәм тек тәлимде. Ҳәмме есиклерди ашатуғын гилт те – тек, ҳәм, тек тәлим – тәрбия.

Сол себепли мектеп билимлендириўин реформалаў бойынша үлкен бағдарлама қабыл еттик. Мектеплеримизде бәринен бурын ана тили ҳәм әдебиятты терең үйретиўге айрықша итибар қаратылмақта. Перзентлеримизге шет тиллеринен сапалы билим бериў мақсетинде шет тил ийелерин алып келмектемиз. Мектеп оқыўшылары дүньядағы алдынғы тәжирийбелер негизинде таярланған заманагөй сабақлықлар менен тәмийинленбекте.

Елимизде дүньядағы абырайлы жоқары оқыў орынларының филиалларын ашып, Өзбекстанды ири билимлендириў орайына айландырыўды мақсет еткенбиз. Жасларымыз жетекши сырт ел университетлеринде билим алып, тәжирийбе арттырып, Ўатанды раўажландырыў жолында хызмет етиўге бел байлаған. Буның ушын оларға “Эл-юрт умиди” қоры арқалы және де қолайлы имканиятлар жаратамыз. Әсиресе, ҳаял-қызлардың билим алыўы, кәсип ийелеўине айрықша итибар қаратыўымыз лазым.

Мен ҳүрметли ата-аналарға қарата айтпақшыман: қызларыңызды оқытың, арзыў-нийетлерин үмитлерин жүзеге шығарыўда оларға жәрдемши болың!

Уллы ата-бабаларымыз айтқанындай, ул баланы оқытсақ, бир адам саўатлы болады. Қыз баланы оқытсақ, пүткил шаңарақ, пүткил жәмийет билимли болады!

Бүгин Өзбекстанның барлық жасларына мүрәжат етпекшимен.

Қәдирли ул-қызларым, мәмлекетимиздиң келешеги, барлық ийгиликли нийетлеримиздиң орынланыўын биз дәслеп сизлердиң тымсалыңызда көремиз. Келешекте түрли тараўларда үлкен табыс ҳәм жеңислерге ерисип, елимизди дүньяға және де кеңнен танытыўыңызды қәлеймиз.

Шекти жоқары алың, сиз уллы ислерге уқыплысыз!

Ҳәмийше өз күшиңиз, исенимли ҳәм потенциалыңызға исениң!

Мәмлекетимиз, халқымыз, Президент сизлерди бул жолда мудамы қоллап-қуўатлайды, ҳәр қандай жәрдемди аямайды.

Ҳүрметли байрам қатнасыўшылары!

Биз Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыў жолындағы ҳәрекетлеримизди қатаң даўам еттиремиз. Айрықша компанияларға берилген монопол ҳуқық ҳәм жеңилликлерди басқышпа-басқыш бийкарлап, бәршеге тең ҳуқықлар берилиўин тәмийинлеймиз.

Быйылғы жылы энергетика, нефть-газ, суў хожалығы, жол қурылысы, темир жол ҳәм аэропорт хызмети тараўларында 17 түрдеги мәмлекетлик монополияны сапластырыў ҳаққында қарар қабыл еттик. Бул жумысларды даўам еттирип, мәмлекетимизди халықаралық саўда мәканының ажыралмас бөлегине әлбетте, айландырамыз.

Және бир әҳмийетли мәселе – халықты мүнәсип жумыс орынлары менен тәмийинлеў. Биз бул бағдарда исбилерменлеримизге сүйенемиз. Сонлықтан, оларды қоллап-қуўатлаўды және де кеңейтемиз.

Исбиленрменлер менен ҳәр жылы жүзбе-жүз пикирлеспектемиз. Оларды қыйнап атырған машқалаларға шешим таўып, тараўды қоллап-қуўатлаў ушын тийисли қарарлар қабыл етип атырмыз.

Заманның өзи исбилерменлеримизден кең көлемде пикирлеп ис жүргизиўди, дүнья базарларында бәсекиге шыдамлы өним жаратыўды талап етпекте.

Бул жолда оларға әўмет ҳәм табыслар тилеймиз.

Ҳүрметли ўатанласлар!

Биз енди 37 миллионлық үлкен халықпыз. Өзбекстан ҳәзирги күнде халықтың саны бойынша дүньядағы ең ири 40 мәмлекеттен бири есапланады. Бул санды реформаларымыз, мийнетимиз, билим ҳәм қәбилетимиз бенен үлкен потенциалға айландырыўымыз керек.

Теңизге шығыў имканиятымыз шекленгенин инабатқа алып, итибарымызды креатив тараўларға қаратыўымыз, оларды жедел раўажландырыўымыз зәрүр. Дүньяда креатив санаат өнимлери экспортынан жылына миллиардлаған доллар дәрамат таўып атырған мәмлекетлер көп. Солай екен, усындай өним ислеп шығарыўға бел байлаған дөретиўши исбилерменлеримизди, әсиресе, жасларымызды ҳәр тәреплеме хошаметлеймиз.

Ҳүрметли дослар!

Биз буннан сегиз жыл алдын Орайлық Азияны сыртқы сиясатымыздың ең тийкарғы бағдары деп белгиледик. Сол тийкарда қоңсыларымыз бенен дослық қатнасықлар пүткиллей жақсыланды.

Бәршемиздиң пидәкерлик мийнетимиз бенен халықларымыздың турақлы раўажланған, тынышлық ҳәм аўызбиршилик руўхы ҳүким сүретуғын Жаңа Орайлық Азия ҳаққындағы әрманы реал ҳақыйқатқа айланбақта.

Регионымыз экономикалық өсиў ҳәм инвестициялық белсендилик орайларынан бири сыпатында жедел раўажланбақта.

Бүгинги сийрек ушырасатуғын тарийхый имканиятлар тийкарында Орайлық Азияда ҳәр тәреплеме саламат сиясий орталық, келешек әўладлар ушын еркин ҳәм қәўипсиз келешек жаратыўымыз зәрүр.

Әйне пайытта дүньяның барлық мәмлекетлери менен тең ҳуқықлы, өз-ара пайдалы байланысларымызды жаңа басқышқа көтеремиз.

Пурсаттан пайдаланып, Жаңа Өзбекстанның турақлы раўажланыўын ҳәм прогрессти тәмийинлеўге қаратылған басламаларын қоллап-қуўатлап киятырған сырт елли досларымыз ҳәм шериклеримизге, бүгинги салтанатымызда қатнасып атырған дипломатиялық корпус ўәкиллерине шын жүректен миннетдаршылық билдиремен.

Қәдирли ўатанласлар!

Усы күнлерде елимиз әҳмийетли сиясий ўақыя қарсаңында турыпты. 27-октябрь күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси ҳәм аймақлардағы ўәкиллик органларына сайлаўлар өткериледи.

Бул сайлаўлар жаңаланған Конституциямыз белгилеп берген жәмийетлик-сиясий орталықта, раўажланған мәмлекетлердеги сыяқлы биринши мәрте аралас сайлаў системасы тийкарында өткериледи. Сиясий партиялар тәрепинен Нызамшылық палатасына депутатлыққа талабанлар көрсетиўде ҳүрметли ҳаял-қызларымыздың үлеси кеминде 40 процент болыўы белгилеп қойылды.

Исенемен, болажақ сайлаўлар халықаралық сайлаў стандартлары ҳәм миллий сайлаў нызамшылығына толық муўапық ҳалда, күшли бәсекилик орталығында болып өтеди.

Пурсаттан пайдаланып, пүткил халқымызды сайлаўда белсене қатнасып, Жаңа Өзбекстан ушын, еркин ҳәм абадан турмыс, перзентлеримиздиң бахты ҳәм келешеги ушын даўыс бериўге шақыраман.

Әзиз ҳәм ҳүрметли ўатанласлар!

Бүгин епкинли турмыстың өзи бәршемизди және де үлкен шеклерге қарай шақырмақта. Өз күшимиз ҳәм потенциалымыз бенен қурған ғәрезсиз мәмлекет, еркин ҳәм азат жәмийетти және де күшли, және де гөззал ҳәм абат етиў баслы ўазыйпамызға айланбақта.

Бул сондай жоқары шек, оған ерисиў ушын ҳәр қанша мийнет етсек арзыйды.

Бул сондай уллы, даңқлы мақсет, оған пүткил барлығымызды бағышласақ арзыйды.

Мен исенемен – бәршемиз бир болып, ақыл-парасат, билим ҳәм тәжирийбемиз, күш-ғайратымызды иске қосып, бул уллы мәнзилге әлбатте, жетемиз. Жарқын ҳәм айдын келешегимизди – Жаңа Өзбекстанды әлбетте, қурамыз!

Бүгинги имканияттан пайдаланып, мине усындай жақсы идея әтирапында бирлесип, реформаларымызды қоллап-қуўатлап киятырған, пидәкерлик мийнети менен жаңа турмыс имаратын қурып атырған уллы халқымызға перзентлик меҳири менен тәжим етемен.

Сиз, әзизлерди, пүткил халқымызды мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң отыз үш жыллық байрамы менен және бир мәрте шын кеўлимнен қутлықлайман.

Жасасын Өзбекстан Республикасы!

Жасасын Өзбекстан халқы!