2-сентябрь күни мәмлекетлик шөлкемлердиң ўәкиллери, Ташкент қаласы жәмийетшилиги Ислам Каримовты еске алыў ушын жыйналды.

Мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёев сол жерге барып, Биринши президентимиздиң естелигине гүл қойды.


Ислам Каримов мәмлекетимиз ғәрезсизлигин жәриялаған ҳәм оны раўажланыў жолына алып шыққан жетекши болып есапланады. Мәмлекетимиз басшысы Ғәрезсизлик байрамындағы шығып сөйлеген сөзинде оның тарийхый әҳмийетин айрықша атап өтти:

«Әйне сол ғәрезсизлик себепли миллий мәмлекетшилигимиз қайта тикленди. Өзбектсан жаңа тарийхый дәўирге қәдем қойды. Әйне сол ғәрезсизлик себепли дүнья жәмийетшилигинен мүнәсип орын ийеледик».


Усындай қутлы күнде мәмлекетимиз ғәрезсизлиги ушын гүрескен ҳәм оған хызметлери сиңген ўатансүйиўши инсанлардың естелигин миннетдаршылық пенен еске алыўымыз тәбийғый болып саналады. Биринши Президентимиз тарийхтың түпкиликли бурылыс ўақтында, аўыр дәўирде мәмлекетимизге басшылық еткен еди.

Ислам Каримов атындағы илимий-ағартыўшылық  естелик комплексинде Қуран оқылды. Биринши Президентимиздиң елимизде тынышлық ҳәм турақлылықты сақлаў, халық турмысын жақсылаў бағдарындағы хызметлери еске алынды.


Мәресимде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси, Президент Администрациясы, Министрлер Кабинети, министрлик ҳәм уйымлар, жәмийетшилик ўәкиллери де Биринши Президентимиз естелигине гүллер қойды.

Еске алыў илажлары Самарқанд ҳәм Қаршы қалаларында да болып өтти.



ӨзА