Пайтахтымызда ШБШның Регионаллық контртеррор структурасы (РАТС) Х халықаралық илимий-әмелий конференциясы ҳәм ҒМДАның терроризм ҳәм экстремизмге қарсы гүресиў бойынша екинши конференциясы болып өтпекте.
Илажда ШБШ ҳәм ҒМДАға ағза мәмлекетлердиң ўәкилликли уйымлары, ҒМДА уйымлары жумысшы структуралары ҳәм халықаралық шөлкемлер делегацияларының ўәкиллери қатнасып атыр.
Конференцияда Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик баслығының биринши орынбасары, генерал-майор Б.Турсунов сөзге шығып, еркин раўажланыў жыллларында дүньяның басқа мәмлекетлери сыяқлы Өзбекстан да терроризм ҳәм экстремизмниң ҳәр қыйлы түрлерине дус келгенин атап өтти.
– Қәўипсизликтиң бул қәўиплерине қарсы гүресиў бизге бул тараўда миллий үлгини қәлиплестириў имканиятын берди. Ҳәзирги ўақытта, терроризм ҳәм экстремизмге қарсы көзқарасымыз жетилистирилмекте, биз жаңа шақырық ҳәм қәўиплерге бейимлесип атырмыз.
2021-2026-жылларға мөлшерленген экстремизм ҳәм терроризмге қарсы гүресиў бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий стратегиясы ҳәм оны әмелге асырыў бойынша Ҳәрекетлер режесиниң қабыл етилиўи бул бағдардағы түпкиликли бурылыс болды. Бул ҳүжжетлерде ҳуқық қорғаў структуралары, ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлардың пуқаралық жәмийети институтлары, сырт елли бирге ислесиўшилер ҳәм халықаралық шөлкемлер менен өз-ара бирге ислесиўдиң тийкарға бағдарлары белгилеп берилген.
Экстремистлик идеялардың ески ҳәм потенциаллы тәрепдарлары менен социаллық ҳәм психолоиялық ислесиў, оларды оқытыў, жумыс пенен тәмийинлеў, улыўма, өз қәбилетлерин жүзеге шығарыўы ушын шараятлар жаратыўға айрықша итибар қаратылмақта. Бундай өзгерис ҳәм көзқарас жоқары нәтийжелерди берип, халықаралық көлемде тән алыўға ериспекте.
Атап айтқанда, 2019-жылдан берли 5 «Мехир» гуманитарлық акциялары шеңберинде Сирия, Ирак ҳәм Аўғанстаннан 531 репатриант Өзбекстанға қайтарылды. Оларға социаллық, медициналық ҳәм басқа жәрдемлер көрсетилди. Нәтийжеде, бүгинги күнде репатриантлардың 90,2 проценти заманагөй турмыс тәризин әмелге асырмақта, 9,8 проценти дәстүрий ислам динине исенеди, – деди Б.Турсунов.
ӨзА