Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң отыз үш жыллығы мүнәсибети менен елимиз бойлап байрам кейпияты даўам етпекте. Уйым ҳәм шөлкемлерде байрам мүнәсибети менен салтанатлы илажлар шөлкемлестирилмекте.
«Бир болсақ – бир халықпыз, бирлессек-Ўатанбыз!» сүрени астында өткерилип атырған бундай илажларда ғәрезсизликтиң уллы жемиси екени, ғәрезсизлик халқымыз турмысында әҳмийетли орын ийелейтуғын теңсиз қәдирият екени тән алынбақта. Ғәрезсизликти және де беккемлеў ушын ислениўи зәрүр болған илажларға итибар қаратылмақта.
Соның менен бирге, Президентимиздиң пәрманы менен Ўатанымыздың жоқары атақлары менен сыйлықланған ўатанласларымызға сыйлықлар тапсырылмақта.
Мәмлекетлик хызметкерлер ҳәм өндирис, жәмийетлик-экономикалық тараўлар хызметкерлеринен бир топарын сыйлықлаў ҳаққындағы пәрманға бола сыйлықланғанлар арасында Сенат ағзалары да бар.
Соның ишинде, Сенаттың Аралбойы регионын раўажландырыў мәселелери ҳәм экология комитетиниң баслығы Борий Алихановқа «Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен аўыл хожалығы хызметкери» ҳүрметли атағы берилди.
Сенат ағзалары – Қаршы мәмлекетлик университетиниң Миллий идея, ағартыўшылық тийкарлары кафедрасының профессоры Абдураҳим Иркаев, «Эл-юрт ҳурмати» ордени, Суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў комитетиниң баслығы Наримон Умаров «Фидокорона хизматлари учун» ордени, Хорезм ўәлаяты Ҳаял-қызлар исбилерменлик орайының басшысы Фарахат Саъдуллаева «Меҳнат шуҳрати» ордени, Халықаралық қатнасықлар, сыртқы экономикалық байланыслар, сырт ел инвестициялары ҳәм туризм мәселелери бойынша комитетинде турақлы тийкарда ислеўши сенатор Анвар Тўйчиев «Содиқ хизматлари учун» медалы менен сыйлықланды.
Мәмлекетлик сыйлықлар олардың көпшилигине Мәмлекетимиз тәрепинен тапсырылған болса, айырымларына болса сыйлықлар парламент жоқары палатасында болып өткен илажда Сенат администрациясы тәрепинен тапсырылды.
Сондай-ақ, бир қатар аппарат хызметкерлерине парламент жоқары палатасы жумысындағы нәтийжели хызметлери ушын Сенат алғыснамасы тапсырылды.
Н.Абдураимова, ӨзА