Мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң 33-жыллығы алдынан әҳмийетли жойбарлар, билимлендириў ҳәм медицина орайлары, инфраструктура имаратлары пайдаланыўға тапсырылмақта. Президент Шавкат Мирзиёев 29-август күни пайтахтымыздағы усындай дөретиўшилик жумыслары менен танысты.
Мәмлекетимиз басшысы 2021-жылы Республикалық қәнигелсетирилген онкология ҳәм радиология илимий-әмелий медицина орайының ески имаратын барып көрген, тараўда шараятларды жақсылаў бойынша тапсырмалар берген еди. Көп өтпестен, «Халыққа гематология ҳәм онкология хызметлерин көрсетиў системасын және де жетилистириў ҳаққында» Президент қарары қабыл етилди.
Тараўда емлеў нәтийжелилигин арттырыў ушын көп жумыслар исленбекте. Атап айтқанда, Балалар гематологиясы, онкологиясы ҳәм клиникалық иммунологиясы орайы өз алдына мәкеме сыпатында ажыратылды. Онкологиялық емлеўханалар ушын қосымша 22 нур терапиясы үскенеси алып келинди. Химия терапиясы қуралларына ажыратылып атырған қаржы 11 есеге арттырылып, 13 миллион долларға жетти. 250ге шамалас жаңа тексериў ҳәм емлеў усыллары ўәлаят ҳәм район дәрежесине түсирилди.
Президент қарарында Республика онкологиялық орайы ушын жаңа комплекс қурылысы да белгиленген еди. Оның жойбары Қубла Кореяның усы тараўдағы клиникалары тәжирийбеси тийкарында ислеп шығылды. Үш жыл даўамында пуқта жумыс алып барылып, Ташкент медицина академиясы жанындағы 5 гектардан аслам майданда заманагөй емлеўхана қурылды.
Жаңа комплекс 9 имараттан ибарат болып, тийкарғы имаратлар 8 қабатлы. Оларда шыпакер ҳәм наўқаслар ушын керекли шараятлар инабатқа алынған. Биринши қабатта поликлиника ҳәм диагноз үскенелери, екинши қабатта лаборатория, стационар, реанимация ҳәм хирургия ханалары, жоқары қабатларда палаталар жайласқан. Жер асты бөлиминде радиотерапия, ядро медицинасы бөлими, хожалық ханалары бар.
Алдынғы емлеўхана 370 орынлық еди. Жаңа орайда 650 стационар ҳәм 80 күндизги орынлар шөлкемлестирилди. Сондай-ақ, бир күнде 500 наўқас амбулатор шараятта емлениўи мүмкин.
Мәмлекетимиз басшысы орайдағы қолйлық ҳәм имканиятлар менен танысты.
– Биз билимлендириў ҳәм медицинаға айрықша итибар берип атырмыз. Себеби, адамлар билимли болып, саламат болса, өз жолын табады. Бул орай да усындай жумыслардан бири. Бул жойбарға 1,2 трилион сум ажыратып, «нольден» қурдық. Барлық онкологиялық емлеўханаларды үскенелеўге 80 миллион доллар қаратылды. Ендиги тийкарғы ўазыйпа – хызметкерлерди оқытып алыў, нәтийжели басқарыўды жолға қойыў, – деди Шавкат Мирзиёев.
Орайда Европа ҳәм АҚШ стандартлары тийкарында шөлкемлестирилген 17 жаңа клиникалық бөлим, 18 хирургиялық ханалар, 42 реанимация ҳәм интенсив терапия ханалары шөлкемлестирилген. Олар дүнья медицинасында қолланылып атырған ең соңғы техникалар менен үскенеленген.
Мысалы, Siemens компаниясының MAGNETOM Altea маркалы магнитли томографы жасалма интеллекттен пайдаланып, жумыс процесин автоматластырады. Fuji компаниясының Senaria компьютер томографы аз дозалы нурланыў ҳәм жоқары сапалы көринис пенен бийбаҳа диагноз қояды. Сондай-ақ, 128 ҳәм 256 өлшемли мультиспирал томографлар оғада жуқа кесимлерде ең киши исиклерди де анықлаў имканиятын береди. Булар алдын қолланылғанынан 8-16 есеге күшли.
Бундай заманагөй техникаларды ислетиў ушын жүзге шамалас қәниге 8 сырт мәмлекетте маманлық арттырып қайтты. Елимиз бойлап 1 мың 200 онколог сырт елде оқытылады.
Хирургия бөлиминде жылына 6 мың жоқары технологиялық операциялар өткериў имканияты бар. Атап айтқанда, оғада әҳмийетли болған сүйек жилиги трансплантациясы жолға қойылады. Жаңа үскенелер жәрдеминде көз, кегирдек ҳәм қызылөңеш бөлегиндеги исиклерди кеспестен алып таслаў мүмкин. Қуўық исиклери аз инвазив усылда сапластырылады. Булардың нәтийджесинде наўқаслар тез емленип, 3-5 күнде үйине қайтыўы мүмкин.
Интенсив терапия бөлиминде ҳәр бир жатақ орны жүрек мониторлары, өкпени жасалма самаллатыў үскенелери ҳәм басқа заманагөй үскенелер менен тәмийинленген.
Нур менен емлеў ушын биринши мәрте ядролық медицина бөлими иске қосылмақта. Ол 9 бункерден ибарат болып, биринде тоқталыўлар жүз берген жағдайда да басқаларына өткерилиўи нәтийжесинде емлеў избе-излиги тәмийинленеди. Сызықлы тезлеткишлерде нур менен емлеўдиң VMAT, SMAT сыяқлы жаңа усыллары енгизиледи.
Амбулаторлық терапия 72 наўқасқа мөлшерленген. Жаңа инфузомат үскенелери алып келингени нәтийжесинде бул емлеў аңсатласады ҳәм тезлеседи.
Президент орайда жумыс процесслерин санластырыў, наўқасларға қолайлықларды арттырыў бойынша көрсетпелер берди.
– Ең тийкарғы тапсырма – санластырыў. Адамлар әўере болмасын, гезекте турып қыйналмасын. Бул орай тек Ташкент ушын емес, оны аймақлардағы 15 емлеўхана менен сондай байланыстырыў керек, наўқаслар өзиниң келиў ўақтын, докторын алдыннан билсин. Буның ушын жасалма интеллектти кеңейтип, инсан факторын азайтыў керек, – деди мәмлекетимиз басшысы.
Орай өзиниң аймақлардағы филиаллары менен бирден-бир электрон платформаға жалғанады ҳәм республикада «канцер-регистр» системасы иске қосылады. Буның нәтийжесинде қадағалаўда турған барлық онкологиялық наўқаслар ҳаққында мағлыўматлар толық көринип турады.
Усы шерде Dmed бирден-бир медицина системасы ҳаққында да мәлимлеме берилди. Усы жылдың ақырына шекем Ташкентте толық иске қосылады. Соң пүткил мәмлекетимиз бойлап енгизиледи.
Онкология орайында илим ҳәм әмелияттың үйлесиўине үлкен итибар қаратылады. Позитрон эмиссиялық ҳәм бирден-бир фотонлы эмиссиялық компьютер томографиясын қолланыў бойынша илимий излениўлер алып барылады. Исиклердиң молекуляр-генетикалық диагностикасы тийкарында изертлеўлер алып барылып, персоналластырылған таргет ҳәм иммунотерапия емлеў усыллары клиникалық әмелиятқа енгизиледи.
Улыўма, жаңа үскенелер ҳәм шараятлар нәтийжесинде орайда исик кеселликлерин ерте анықлаў ҳәм емлеў нәтийжелилиги бир неше мәрте артады. Өлим жағдайларын азайтыў, инсанларды саўалландырып, өмирин узайтыўға хызмет етеди. Сондай-ақ, бул медицина туризмине де дәрек болады.
Буннан соң Өзбекстан Республикасы Президенти, Қураллы Күшлер Жоқары Бас Сәркардасы Шавкат Мирзиёев Жәмийетлик қәўипсизлик университетин барып көрди.
Мәмлекетимизде сәркардалық ҳәм техникалық кадрлар таярлайтуғын, бир неше оқыў мәкемелерин бирлестирген көп басқышлы әскерий билимлендириў системасы жаратылган. Жәмийетлик қәўипсизлик университети усылардан бири.
Мәмлекетимиз басшысының 2021-жыл 15-апрельдеги «Жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў тараўында профессионал кадрлар таярлаў системасын және де жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында қайта шөлкемлестирилген бул орай маман кадрларды мақсетли таярлайтуғын жоқары әскерий билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў мәкемеси болып есапланады. Оқыў орнының тийкарғы ўазыйпасы терең оқытыў, жаўынгерлик ҳәм физикалық таярлықты арттырыў арқалы жәмийетлик қәўипсизликти нәтийжели шөлкемлестириўге уқыплы маман қәнигелерди таярлаўдан ибарат.
Буның ушын Ишки ислер министрлиги ҳәм Миллий гвардия ушын тийисли түрде жәмийетлик тәртипти сақлаў, жол ҳәрекети қәўипсизлиги ҳәм паспорт системасы бағдарлары бойынша, Қураллы Күшлер ҳәм басқа ҳуқық қорғаў уйымлары ушын болса әскерий дипломатия, юриспруденция, экономика, инженерлик-техникалық, тәрбиялық-психологиялық ҳәм сәркардалық-тактикалық жумыс тараўларында заманагөй билим бериледи.
Университетке 2021-2022-оқыў жылынан баслап студентлер қабыл етиле басланған. Бакалавриатта 15, магистратура 8 бағдар бар. Бүгинги күнде бакалавриатта мыңнан аслам курсант, арнаўлы бағдар, сыртқы билимлендириў ҳәм магистратурада және усындай жаслар билим алмақта. Оларға жәми 209 оқытыўшы, профессор ҳәм илим докторлары сабақ бермекте.
Оқыў системасының өзине тән тәреплеринен бири сонда, бул жерде улыўма пуқаралық тийкарда оқыўға рухсат берилген болып, бүгинги күнде юриспруденция, экономика ҳәм психология билимлендириў бағдарлары бойынша студентлер билим алмақта. Университет питкериўшилери Миллий гвардия ҳәм Ишки ислер министрлиги жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў ҳәм жәмийетлик тәртипти сақлаў бөлимлеринде нәтийжели хызмет етпекте. Сондай-ақ, өзиниң қорғаў структурасына ийе мәмлекетлик ҳәм хожалық уйымлары ушын бул бойынша қәнигелер таярланады.
Соңғы жыллары университеттиң оқыў имаратлары капитал оңланып, барлық шараят жаратылды. Спорт комплекси ҳәм оқыў-методикалық ситуациялық орайы жаңадан қурылды. Ҳәр бири 300 орынға мөлшерленген 6 жатақхана заманагөй жағдайға алып келинди.
Мәмлекетимиз басшысы усы шараятларды көзден өткерди.
Оқыў ханалары кең ҳәм жақты, заманагөй техникалар менен тәмийинленген. Мәлимлеме-ресурс орайында 90 мыңнан аслам әдебият ҳәм оқыў қолланбасы, 10 мыңнан аслам электрон әдебият бар. Әлийшер Наўайы атындағы Миллий китапхана ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелериниң бирден-бир электрон китапхана мәлимлеме системасы базаларына жалғанған.
Университетте илимий потенциал артып бармақта. Шөлкемлестрилген жылы бул тек ғана 10 процентти қураған болса, ҳәзирги ўақытта 75 процентке көтерилди. Университет жәмәәти тәрепинен түрли пәнлер бойынша 200 ден аслам оқыў қолланбасы, 120 сабақлық таярланып, баспадан шығарылды. Халықаралық бирге ислесиўди кеңейтиўге де айрықша итибар қаратылмақта.
Президентимиз офицер ҳәм студентлер менен сөйлесиўде дуал билимлендириўди кеңнен енгизиў, оқыў бағдарламасын бүгинги қәўип-қәтерге сәйкеслендирип барыў бойынша көрсетпелер берди.
Университеттиң жаңа спорт комплексин де көзден өткерди.
Еки қабатлы комплексте бассейн, тренажёр ҳәм кросфит залы, бокс, көпгүрес майданлары шөлкемлестирилген. Үлкен спорт залында гимнастика, мини-футбол, гандбол, волейбол, баскетбол, стол тенниси менен бирге бәлентлик таярлығы ҳәм эвакуация шынығыўларын өткериў мүмкин.
Курсантлар спортта да үлкен табысларға ериспекте. Усы күнге шекем жәҳән чемпионатларында 4 алтын, 3 гүмис, 5 бронза медаль, континент ҳәм республикалық беллесиўлери де көплегеп табыслар қолға киргизилди. Бир неше студентлер мәмлекетлик стипендияларға, әскерий хызметкерлер «Мард уғлон» мәмлекетлик сыйлығына ийе болды.
Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайында 500 орынлық илажлар залы, әскерий оркестр топарының шуғылланыўы ушын өз алдына хана, ўатансүйиўшилик музейи, психологиялық орай жайласқан. Мәмлекетимиз басшысы олардың дөретиўшилик шығыўларын бақлады.
Ташкент айланба жолы пайтахтымыздың ең узын ҳәм кең көшеси. Тек ғана оның Мырза Улығбек районынан өткен бир бөлеги тар болып, ҳәзирги талапқа – күнине 45-50 мың автомашина қатнаўына сәйкес келмей қалған еди. Соның ушын бул жол кеңейтилип, қайта қурылды.
Мәмлекетимиз басшысы бул жерге келип, транспорт ҳәм пиядалар ушын жаратылган қолайлықларды көзден өткерди.
Бул жол пайтахтымыз ҳәм Ташкент ўәлаятының бир неше районларын байланыстырады. Соңғы жыллары қатнаў сезилерли артты. Усыларды инабатқа алып, бул жерде заманагөй транспорт шешими қолланылды. Жолдың 4 километрине асфальт-бетон жатқарылды. Қатнаў бөлими болса алдынғыдан әдеўир кеңейтилип, 6-8 кесилиспеге жеткерилди. Сондай-ақ, 4 жер асты өтиў орны, пияда ҳәм велокоридорлар қурылды.
Өзине тән шешимлер тийкарында 3 қайырылып алыў ҳәм 18 кесилиспелерде қосылып алыў орынлары шөлкемлестирилди. Бул айдаўшыларға қолайлық жаратып, тығылыслықты азайтыўда әҳмийетли фактор болады.
Көшениң Уллы жипек жолы менен кесилиспесинде жыйналмалы темир конструкциялы жол өткели қурылды. Мәмлекетимизде биринши мәрте қолланылған бул усылдың абзаллығы көп. Атап айтқанда, оның қурылыс мүддети басқа көпирлерге салыстырғанда еки есеге аз ўақыт талап етеди. Хызмет көрсетиў мүддети болса жүз жылдан аслам. Өткелди оңлаў жумыслары да әдеўир арзан түседи.
Көше бойларында электрон түрде басқарылатуғын түнги жақтыландырыў системасы, ақыллы светофорлар орнатылды. Он үш бәндирги қурылды. Аймақ көклемзарластырылып, саяманлы терек нәллери отырғызылды.
Президент жаңа жол ҳәм имаратлар Ғәрезсизлик байрамына саўға екенин атап өтип, халықтың узағын жақын, аўырын жеңил ететуғын бундай қурылыслар даўам ететуғынын билдирди.
Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, быйылғы жылдың өткен дәўиринде мәмлекетимизде 12 мың 600 километр автомобиль жоллары, еки жүзге шамалас көпир реконструкцияланған.
Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,
Икром АВВАЛБОЕВ,
ӨзА хабаршылары