Президент Шавкат Мирзиёев 28-август күни санаат тармақларында өндирис ҳәм нәтийжелиликти арттырыў мәселелери бойынша мәжилис өткерди.
Быйыл 7 айда санаат көлеми 7,1 процентке өсип, 435 триллион сумға жетти. Электр техникасы, тоқымашылық, былғары ҳәм автомобиль санаатында жоқары өсиў болды. Орынларда 1,3 мың жаңа қуўатлықлар иске қосылып, қосымша 40 триллион сумлық өндирис дәреги жаратылды.
Бирақ барлық аймақ ҳәм тармақта да жумыслар бирдей емес. Атап айтқанда, 4 районда санаат көлеми өткен жылғыға салыстырғанда азайған, 14 инде болса өсиў 2 процентке де жетпейди.
Сонлықтан орынларда санаат пенен «кәрхана кесиминде» ислеў системасы жолға қойылды. Бас министрдиң орынбасары – экономика ҳәм қаржы министри усы бағдарда басланған жумыслар ҳәм жылдың жуўмағына шекем мөлшерленген режелер бойынша мәлимлеме берди.
Атап өтилгениндей, аймақлардағы кәрханалар үйренилип, машқалалар шешилип барылмақта. Соның ишинде, айланыс қаржы, электр ҳәм газ тәмийнаты, салық мәселелери бойынша жәрдем берилген. Жылдың жуўмағына шекем 30 триллион сумлық қосымша өндиристи тәмийинлеў имканияты бар.
Оның ушын жумысшылар санынан келип шығып, кәрханаларына жуўапкерлерди бириктириў, исбилерменлерди заманагөй қатнасықларға оқытыў бағдарында көрсетпелер берилди. Ҳәр бир ўәлаяттың санаатқа қәнигелестирилген районлары бойынша бағдарлама ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.
Ири жойбарларды иске қосыў, мәмлекетлик сатып алыўларда жергиликли өнимлердиң үлесин көбейтиў, экспорт көлемин арттырыў илажлары додаланды.
ӨзА