Президент Шавкат Мирзиёев 27-август күни энергия үнемлилигин тәмийинлеў, альтернатив қуўатлылықлардан пайдаланыўды кеңейтиў мәселелерин додалаў бойынша мәжилис өткерди.

Мәмлекетимизде энергия ресурсларына талап жылдан-жылға артып бармақта. Оған сәйкес түрде жаңа станциялар қурылып, дәреклер көбейтилмекте.

Соның менен бирге, усы жылдың басында аймақларда электр энергиясы ҳәм тәбийғый газди үнемлеў бойынша мақсетли көрсеткишлер белгиленген еди. Мәмлекетимиз басшысының июль айында Ферғана ўәлаятына сапары даўамында бул режени илимий тийкарланған ҳалда 2 есеге арттырып орынлаў жоллары көрсетип өтилди.

Буннан соң, Ферғана политехника институты илимпазлары тәрепинен Ферғана районындағы электрден пайдаланыў жағдайы үйренилди. Мысал ушын, 4,6 мың шаңарақ ҳәм 233 исбилерменге хызмет ететуғын «Лоғон» подстанциясындағы жыллық шығын 5 миллион киловатт/ саатты қурайды. Бул –тәбийғый шығын ушын белгиленген нормадан 1,5 есеге көп.

Есап-санақларға бола, бул подстанциядан электр алатуғын 113 трансформатрдағы қосымшаны тең бөлистириў арқалы 765 мың киловатт/ саат шығынның алдын алыў мүмкин. Ең әҳмийетлиси, ол ушын қәрежет талап етилмейди. Район электр кәрханасында басқарыў дурыс жолға қойылса болды.

Яки суў насосларына хызмет көрсетиўши 44 трансформаторға реактив қуўатлылық батареялары орнатылса, шығын жылына 1,1 миллион киловатт/ саатқа азаяды, қәрежет бир жылда өзин ақлайды.

Улыўма, Ферғана районындағы 14 подстанцияда 15,5 миллион киловатт/саат яки жылына орташа 6 миллиард сумлық артықша жумсаў есап-санақ етилген. Жумыс жоқарыдағыдай фактор менен шөлкемлестирилсе, электрди үнемлеў режесин орынлаў мүмкин.

Мәмлекетимиз бойынша 1 мың 800  усындай подстанция ҳәм 100 мыңға шамалас трансформатор бар. Жуўапкерлерге бул тәжирийбени басқа аймақларда да енгизип, энергияны үнемлеў бойынша көрсетпелер берилди.

Қарақалпақстанда газди үнемлеў бойынша жақсы нәтийже бар. Ҳәзирге шекем 95 мың шаңарақтағы ескирген «горелка» энергия үнемлеўшиге алмастырылғаны ҳәм ысытыў системасы изоляцияланғаны есабынан, жылына 145 миллион кубметр газ үнемленбекте. Және 16 мың мүтәжлиги бар шаңараққа жергиликли бюджет есабынан усындай печлер қойып бериў басланған. Бул арқалы 20 миллион кубметр газ үнемленип, мүтәж халықтың ықтыярында 12 миллиард сум қалады.

Усы тәризде, елимиздеги 1 милиион шаңарақтың ысытыў системасын энергия үнемлегишге алмастырыў ўазыйпасы қойылды.

Елимизде 2 мың 349 ири газ пайдаланыўшылары бар. Олардың арасында искерлери де көп. Мысалы, Аҳангарандағы кафель ислеп шығарыўшы кәрхана өзинен шыққан ыссылықтан қайта пайдаланыў технологиясын енгизген. Бирақ ири пайдаланыўшылардың дерлик 25 процентинде заманагөй газ үнемлеўши үскенелер орнатылған.

Мәмлекетимиз басшысы оған айрықша тоқтап, ўәлаят ҳәкимлери ҳәм Энергоинспекция әне, усындай мәселелер менен шуғылланыўы кереклигин атап өтти. Ири газ пайдаланыўшысы болған кәрханаларда илимий-техникалық тийкарлар менен энергияны үнемлеў технологияларын орнатыў бойынша тапсырмалар берилди.

Бизге белгили, усы жыл 23-августтағы Президент пәрманы тийкарында, Электр энергиясы, нефть өнимлери ҳәм газден пайдаланыўды қадағалаў инспекциясы- «Өзэнергоинспекция» Министрлер Кабинети бойсыныўына өткерилди. Бул оның имканиятлары ҳәм жумыс нәтийжелилигин арттырады.

Енди бундай жумысларды ең ири электр пайдаланыўшылары бойынша да ислеў кереклиги айтылды.

Бул бойынша унамлы тәжирийбелер бар. Мысал ушын, «Әму-Бухара» каналына 100 МВт қуяш станциясы орнатылды. Оның нәтийжесинде тармақтан алынатуғын энергия муғдары 30 процентке яки 200 миллион киловаттға қысқарды. Және соншама қуўатлылық  иске түсирилиўи режелестирилген.

Бул бийкарға емес. Жәми электрден пайдаланыўдың 10-11 проценти суў хожалығы кәрханаларына туўра келеди. Сол себепли келеси жылды суў хожалығы имаратларында электрден пайдаланыўды кеминде 25 процентке қысқартыў  ўазыйпасы белгиленди.

Энергия нәтийжелилигин тәмийинлеўде және бир дәрек бул –қуяш. Мысалы, Алтыарықтағы исбилермен 300 киловаттлы қуяш панелин орнатып, жылына 540 мың киловатт/ саат яки 486 миллион сумлық электрди өзи ислеп шығармақта.

Быйыл халыққа 182 МВт, исбилерменлерге 791 МВт қуўатлылықта альтернатив энергия үскенелерин орнатыў режелестирилген. Бирақ айырым ўәлаятларда бул бағдардағы жумыслар төмен екенлиги көрсетип өтилди. Тийисли жуўапкерлер қатаң ескертилди.

-Альтернатив энергия дәреклерин орнатыў бул –мәмлекетлик сиясат, – деди Президент.

Мәжилисте ўәлаят ҳәкимлери, энергетика тармақлары басшылары аймақларда электр энергиясы ҳәм тәбийғый газди үнемлеў илажлары бойынша есабат берди.

                                                                                                                                  ӨзА