Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры алдында тийисли министрликлер менен шөлкемлердиң басшылары, тараў ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллериниң қатнасыўында мәденият ҳәм көркем өнер тараўы хызметкерлерине Президент саўғаларын тапсырыўға арналған салтанатли илаж өткерилди.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды жақынлап қалған Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 33 жыллығы менен қызғын қутлықлап, соңғы жылларда Президентимиз тәрепинен барлық тараўлар қатарында мәденият ҳәм көркем өнер тараўы хызметкерлерин қоллап-қуўатлаў, тараўды ҳәр тәреплеме раўажландырыўға айрықша итибар қаратылып атырғанлығын, соған байланыслы бир қатар пәрман ҳәм қарарлардың қабыл етилип, бул тараўды раўажландырыўдың жаңа басқышқа көтерилиўине тийкар болып хызмет етип атырғанлығын айрықша атап өтти.
Өткерилген илаж даўамында тараў басшылары ҳәм ветеранлары көркем өнер тараўы хызметкерлерине қаратылып атырған бундай итибар ҳәм ғамхорлықлары ушын Президентимизге өз миннетдаршылығын билдирди.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 2-февральдағы «Мәденият ҳәм көркем өнер тараўын буннан былай да раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарына муўапық, Қарақалпақстан Республикасындағы барлық Мәденият орайлары ушын 5 түрдеги (гиржек, най, дәп, дуўтар ҳәм рубаб) миллий музыкалық саз әсбаплары берилди. Сондай-ақ, усы қарарға тийкарланып мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан Қарақалпақ мәмлекетлик қуўыршақ театрына “Исузу” жүк автотранспорты да тапсырылды.
Соның менен бирге, қарардың 6-қосымшасы менен тастыйықланған режеге тийкарланып мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан Әмиўдәрья, Шымбай, Мойнақ, Қанлыкөл, Хожели, Нөкис ҳәм Елликқала районлық мәденият бөлимлерине “Дамас” автотранспорты берилди. Мағлыўмат ушын айтып өтетуғын болсақ, 2022-жылда 3, 2023-жылда 7, жәми 10 “Дамас” берилген еди.
Буннан тысқары, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 30-март күнги Қарақалпақстан Республикасына сапары жуўмағы бойынша қабылланған арнаўлы протоколға муўапық, алыста жайласқан ҳәм шетки аймақлардағы халыққа “Мәҳәлле кесиминде” мәдений хызмет кѳрсетиў системасын жақсылаў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанындағы Мәдениятты қоллап-қуўатлаў фонды Қәўендерлик Кеңесиниң қаржылары есабынан “Айқулаш” Қарақалпақ мәмлекетлик миллий фольклор ансамблине барлық қолайлықларға ийе болған арнаўлы заманагѳй автобус ажыратылды.
Усылар қатарында Президентимиздиң 2023-жыл 25-декабрьдеги “Халыққа мәдений хызмет көрсетиўдиң дәрежесин буннан былай да арттырыў илажлары ҳаққында” қарарының 4-қосымшасы менен тастыйықланған мәнзилли режеге муўапық, республика бюджетиниң қаржылары есабынан Төрткүл районының “Тарона”, Кегейли районының “Жилўа”, Тахтакөпир районының “Шуғла”, Шоманай районының “Ғулпақ” қосық ҳәм ойын ансамбльлерине, Нөкис районының “Ақмаңғыт таңы”, Қараөзек районының “Мыңтүмен”, Әмиўдәря районының “Офарин” фольклор этнографиялық халық ансамбли жәмәәтлерине, Қоңырат районының “Әбдираман Өтепов” атындағы халық театры жәмәәтине, Нөкис қаласының “Ғумша” үлгили балалар жәмәәтине, Беруний районының “Семруҳ” эстрада халық жәмәәтине бир комплекттен сес күшейтиўши үскенелер берилди.
– Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен “Айқулаш” Қарақалпақ мәмлекетлик миллий фольклор ансамблине барлық қолайлықларға ийе болған арнаўлы заманагѳй “КИНГ ЛОНГ” автобусы берилди. Биз буннан шын-жүректен қуўанышлымыз,-дейди усы ансамбль директоры Бахтияр Есемуратов.
«Айқулаш» ансамбли өзиниң ең жақсы өзгеше миллий ойынлары менен тек елимизге емес, дүньяға танылған. Алдағы ўақытлары ансамблимиздиң концерт бағдарламаларын қоңсы ўәлаятларда, районларда қойып берип, халқымызға хызмет етемиз деген мақсетимиз бар еди. Мине, ансамблимизге берилген бул автобус усы мақсетлеримизге ерисиўимизге оғада мақул келип, қуўанып атырмыз. Бул ушын Президентимизден ҳәм республикамыз басшыларынан миннетдармыз.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.