Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 19-20-август күнлери Қарақалпақстанда болды.

Нөкис қаласында 20-август күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң исбилерменлер менен гезектеги ашық сөйлесиўи болып өтти. Соңғы жылларда дәстүрге айланған бул сөйлесиў тараўдағы системалы машқалаларды шешиў, усынысларды додалаў ҳәм жаңа  қолайлықлар жаратыўы менен  исбилерменер күтетуғын илажға айланды.

Быйылғы  ашық сөйлесиў турақлы даўам етти, деп айтыў мүмкин. Президенттен баслап Бас министр, Бас министрдиң орынбасарлары, министрлер, ҳәкимлер, Саўда-санаат палатасы, Бизнес омбудсман  исбилермен менен турақлы қарым-қатнаста болды.

Тастыйықланған режеден тысқары, исбилерменлер көтерген 700 ден аслам мәселе, баслама ҳәм жаңа жойбарлар қоллап-қуўатланды, 8 триллион сум қосымша қаржы ажыратылды. Санаат, аўыл хожалығы,  хызметлердиң раўажланыўы, исбилерменлик инфраструктурасы ушын және 18 триллион сум қаратылды. Ең әҳмийетлиси, мәҳәлледеги микрожойбардан  баслап, мегажойбарға шекем қоллап-қуўатлаў бойынша жаңа система қойылды.

Алдынғы кредит, базар табыў, инфраструктура менен  байланыслы машқалалар, тынымсыз «тексериўлер» себепли 60 процент жаңа исбилерменлердиң жумысы биринши жылдың өзинде-ақ тоқтап қалатуғын еди.

Ҳәзирги күнде үш жылдан аслам ислеп атырған кәрханалардың үлеси 76 процентти қурап, биринши мәрте 300 мыңға жетти. Және 100 мыңнан аслам усындай жеке тәртиптеги исбилерменлер  бар.

Жыллық айланысы 10 миллиард сумнан 100 миллиард сумға шекемги болған орта кәрханалар 2 есеге көбейди. Айланысы 100 миллиард сумнан артық ири кәрханалар болса 2 мың 200 ден асты. Бул да өткен жылға қарағанда 2 есеге көп болды.

Салық, банк, қаржы, пүткил экономика комплекси «мәҳәлле кесиминде» ҳәм «қарыйдар кесиминде» ислеўди баслағаны нәтийжесинде алдын зыян менен ислеген 16 мың кәрхана ярым жылда 6,5 триллион сум пайдаға шықты. Бүгинги күнде 100 ден аслам жумысшысы бар кәрханалар 3 мыңға шамаласып, олардағы жумыс орны бир жылда 440 мыңға көбейди. Жеке секторда 5 миллион сумнан көп мийнет ҳақы алатуғын жумысшылар 1 миллионнан артты. Соннан 370 мыңы 10 миллион сумнан аслам айлық алады. Булар исбилерменлеримиз «саяда» ислеўден көре нызамлы жумыс, саламат бәсекини мәпдар деп билип атырғанлығынан дәрек береди.

Және бир мысал, исбилерменлик рейтингинде «А» ҳәм «Б» – жақсы категорияға кириўши кәрханалар 91 мыңға көбейди, және 170 мың кәрхана «Д» -ең жаман категориядан шығарылды. Буның есабынан салық тексериўлери өткен жылға қарағанда 2 есеге, соның ишинде, камерал тексериўлер 3 есеге қысқарды. Бирақ, усы дәўирде ири салық төлеўшилердиң түсимлери 10 процентке, ўәлаят дәрежесиндеги кәрханаларда 25 процентке, район исбилерменлери төлеп атырған салықлар 40 процентке өсти. Бул салықшылардың жумыс барысы өзгерип атырғаны, бизнес ислеў еркинлескениниң нәтийжеси болып есапланады.

Қоңсы мәмлекетлер менен байланыслар мисли көрилмеген дәрежеге шықты. Өзбекстан жергиликли кәрханалар ушын да, сырт ел компаниялары ушын да үлкен базарға, региондағы санаат базарына айланды. Жақында мәмлекетимиздиң жалпы ишки өними биринши мәрте 100 миллиард доллардан артты. Усы жылдың өткен алты айында тиккелей сырт ел инвестициясы көлеми өткен жылға салыстырғанда 2 есеге өсип, 14 миллиард долларға жетти. Бундай санлар 33 жыллық тарийхымызда болмаған.

– Усылардың барлығы сегиз жыл алдын өз-ара исеним тийкарында басланған реформаларымыз, исбилерменлер менен ийнлесип турып, бәрқулла пикирлесип, ислескенимиздиң нәтийжеси. Еле имканиятларымыз буннан бир неше есеге көп. Ең әҳмийетлиси, оларды иске қосыўға уқыплы болған сизлердей ўатансүйиўши ҳәм жанкүйер исбилерменлеримиз бар, – деди Шавкат Мирзиёев.

Мәмлекетимиз басшысы бес бағдарда жаңа басламаларды атап өтти.

Биринши бағдар – киши ҳәм орта бизнес ушын қаржы ресурсларын көбейтиў.

Бәринен бурын, енди киши ҳәм орта бизнести қоллап-қуўатлаўда барлық банклер ҳәм микроқаржы шөлкемлери қатнасыўы мүмкин болады. Микрокредитлердиң муғдары 3 есеге артып, 300 миллион сумға жеткериледи. Онда, кредиттиң 100 миллион сумға шекемги бөлегине гереў талап етилмейди.

Екиншиден, микроқаржы хызметлерин мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў даўам еттириледи. Оларға усы жылдағы 1,6 триллион сумға қосымша 1 триллион сум ресурс ажыратылады. Буннан тысқары, Микрокредит банк те өзиниң микроқаржы шөлкемлери арқалы  жыл жуўмағына шекем  және 1 триллион сум тартады. Устав капиталы кеминде 50 миллиард сум болған микроқаржы банклерин шөлкемлестириў мүмкин болады. Сондай-ақ, микроқаржы шөлкемлери ушын қосымша имканиятлар жаратылып, исбилерменлерге сырт ел вадютасында хызмет көрсетиў ҳәм лицензия тийкарында төлем шөлкеми сыпатында жумыс ислеўге руқсат бериледи.

Үшиншиден, Өзбекстан Президентиниң усы жылдың 12-августтағы пәрманына муўапық, факторинг шөлкеми ушын кеңнен жол ашылды. Енди олар сырт ел валютасында да хызмет көрсетеди. Бул бойынша электрон платформа иске қосылып, онда исбилерменлер өзине қолайлы қаржы өнимин таңлаў имканиятына ийе болады. Улыўма, факторингти ғалаба ен жайдырыў есабынан исбилерменлерге айланыс ушын 20 триллион сум, экспортшы кәрханаларға 1 миллиард доллар қосымша қаржылай ресурслар пайда болады.

Төртиншиден, ислам қаржысына байланыслы нызам ислеп шығылады. Бул  жаңа қаржылай хызметлер көрсетилиўи, көп инвесторлардың кирип келиўи ҳәм 5 миллиард долларлық қосымша ресурс пайда болыўына түртки береди.

Бесиншиден, мәмлекет тартқан қаржыларды ири кәрханаларға бериў әмелиятынан басқышпа-басқыш ўаз кешиледи. Бундай қаржыларды бериў еки жыл ишинде кеминде 40 процентке қысқарады. Банклер буның есабынан кеминде 30 триллион сумды жеке бизнеске бағдарлайды.

Екинши бағдар – бизнести инфраструктура, жер ҳәм энергия менен  тәмийинлеў.

Ашық сөйлесиў шеңберинде келип түскен 2 мың мүрәжат жер ҳәм инфраструктура менен байланыслы. Жаңа инвестиция жойбарларында жер сатып алыў қәрежетлери кескин артпақта.  Сонлықтан енди исбилермен аукционнан жер сатып алғанда, оған қосымша қун салығын есаплаў бийкәр етиледи. Ташкент қаласы ҳәм ўәлаят орайларында сатылған жер бойынша  сатып алыў суммасын үш жылға шекем, қалған аймақларда бес жылға шекем, 4 ҳәм 5-категориядағы районлар ушын болса, он жылға шекем бөлип-бөлип төлеўге руқсат бериледи.

Екиншиден, енди жаңа жерлерди ажыратыўға имаратларды жойбарлаўдан объектти тапсырғанға шекемги мүддетлер мәжбүрий  көрсетиледи.

Үшиншиден, ҳәр бир жер участкасы ушын тийкарғы жумыс түрин қайсы түрине алмастырыў  мүмкин екенлиги, қандай жәрдемши комплекслерди жайластыра алыўы анық  белгилеп бериледи. Буның ушын 1-январьдан жер участкалары ҳәм  капитал қурылыс объектлериниң бирден-бир классификаторы енгизиледи.

Төртиншиден,  санаат кәрханаларына электр ҳәм тәбийғый газ бойынша шеклеўлер қысқартылады. Яғный, электр ҳәм газден пайдаланыў лимиттен 20 процентке шекем артып кетсе де, базалық тариф сақланып қалады. Егер тутыныў 20 проценттен өтип кетсе, артқан бөлегине төлем 20 процент қымбатласады. Сондай-ақ, енди «инкассо» болғанда да, коммунал хызметлерге төлемлер тоқтатылмайды.

Үшинши бағдар – ишки базарда теңдей бәсеки орталығын жаратыў, сыртқы базарларға шығыў имканиятларын кеңейтиў.

Усы мақсетте, Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыў процеси даўам еттирилип, бәсеки раўажландырылады. Бул бағдарда металлургия, химия, энергетика ҳәм телекоммуникация тармағында эксклюзив хуқықлар бийкар етилди. Енди корпоратив сатып алыўларда өндирис ушын алынатуғын өнимлерге де баҳа үстинлиги бийкар етиледи. Буннан былай, ҳеш кимде айрықша хуқық болмайды, ол мәмлекетлик стратегиялық кәрхана болсын, ол жеке меншик кәрхана ямаса сырт елли инвестор болсын, экономикада ҳәмме теңдей шараятта ислейди.

Екиншиден, тармақларды раўажландырыўға берилген қаржыдан 200 миллион доллар экспорталды қаржыландырыў ушын бағдарланады. Соннан, 50 миллион доллары банк кредитлери ушын кепиллике бериледи. Бул қаржылар есабынан бир жыл ишинде дурыс шәртнама дүзиў имканияты жаратылады.

Үшиншиден, жүк тасыў бойынша «Е-логистика» платформасы иске қосылып, экспортшылар ушын қайсы кәрханада қанша руқсатнама бар екенлигин  көриў, тиккелей шәртнама дүзиў имканияты жаратылады.

Төртиншиден, енди сырт елден үскене ҳәм комплектлеўши бөлек алып келиўде, шәртнама мүддети бузылмаса, мүддети өткен қарыздарлық болмайды. Буннан былай, бажыхана уйымының экспортты тастыйықлаўшы электрон мағлыўматы қосымша қун салығын қайтарыў ушын тийкар болады, басқа артықша ҳүжжетлер талап етилмейди.

Бесиншиден, сырт елде бизнес ислеп, үлкен тәжирийбе арттырған ўатанласларымыз бенен экспортшы кәрханалар менен бирге ислесиў кеңейтиледи.

Алтыншыдан, мәмлекетлик сатып алыўда жергиликли өнимниң үлесин арттырыў хошаметленеди. Соның ишинде, энергетика, нефть-газ, химия, металлургия, темир жол сыяқлы тармақлардағы ири кәрханалар 2-3 жыллық буйыртпаларын кооперация порталына алдыннан жайластырады. Жергиликли кәрханалар болса усы буйыртпалар тийкарында жаңа түрдеги өнимлерди ислеп шығарыўды жолға қояды. Олардың  жойбарларына дәслепки басқышта 100 миллион доллар қаратылады.

Жетиншиден, аймақлық электр тармақлары басқармасына жеке меншик сектор тартылады. Атап айтқанда, октябрь айында Самарқанд ўәлаятындағы электр тармақларына жеке оператор тартыў бойынша тендер жәрияланады. Келеси жылы Жиззақ ҳәм Сырдәрьяда да әне, усындай жумыслар әмелге асырылады.

Сегизиншиден, жылдың ақырына шекем және 300 кән ҳәм майданлар исбилерменлерге усыныс етиледи. Қурылыста қум-шағыл тасқа мүтәжликти қаплаў мақсетинде 110 миллион куб метр резервли 172 кән де исбилерменлик ушын ажыратылады.

Төртинши бағдар- хызметлер тараўына жаңа түртки бериў.

Өзбекстанда бәнт халықтың 52 проценти хызметлер тараўында ислеп атыр. Енди, барлық хызметлерде жасалма интеллект технологиялары кеңнен енгизиледи. IT-паркте жасалма интеллект орайы ашылады. Жойбарларды қаржыландырыў ушын 50 миллион доллар ажыратылады.

Екиншиден, стартап жойбарларын қоллап-қуўатлаў экосистемасы жаратылады. Оның ушын венчур қорлардың жумысы жолға қойылады. Сондай-ақ, стартап сырт елден алып  келген ҳәр 1 доллар инвестициясына мәмлекет те 1 доллар ресурс береди. Стартап қолланбаларын патентлеў ҳәм саўда белгилерин дизимнен өткериў сыяқлы қәрежетлерди мәмлекет қаплап береди.

Үшиншиден, хызметлерди локадизациялаў мақсетинде бир жыл ишинде 3 мың жергиликли қәниге Германия, Япония, Қубла Корея, Қытай ҳәм Түркиядағы өндирис компанияларына тәжирийбе арттырыўға жибериледи. Ири кәрханаларға сервис көрсетиўде жергиликли кәрханалардың қатнасыўын кеңейтиў бағдарламасы ислеп шығылады.

Төртиншиден, 1-январьдан баслап улыўма аўқатланыў кәрханаларына қосымша қун салығының бир бөлеги исбилерменге «кэшбек» сыпатында қайтарып бериледи.Бундай салық төлеўге өткен ресторан ҳәм кафелерге пайда салығы 2 есеге азаяды. Буннан тысқары, 1-декабрьден бул кәрханалар нақ пулға сатып алған аўыл хожалығы өнимлерин кирис етиўде ҳеш қандай ҳүжжет талап етилмейди. Ресторан ҳәм кафелер жумысшылары менен қысқа мүддетли, әпиўайыласқан мийнет шәртнамасын дүзиўи мүмкин болады.

Бесиншиден, енди 1-октябрьден, әне, усындай Исбилерменлик рейтинги сыяқлы, «Ашық қурылыс» системасын исбилерменлердиң өзи жүргизеди. Консалтинг орайлары  функциялары толық жеке меншик секторға өткериледи.

Бесинши бағдар – бизнес ушын иркиниш ҳәм тосқынлықларды және де қысқартыў.

Бириншиден, исбилерменлик ушын тосқынлықларды сапластырыў мақсетинде халықтың өмири ҳәм денсаўлығына хақыйқый қәўип туўдыратуғын нормалар реестри ислеп шығылады. Онда жоқ норматив бойынша исбилерменниң жумысын тоқтатқан мәпдар жуўапкершиликке тартылады.

Екиншиден, исбилерменликти жынайый жуўапкершиликке тартыў және де либералласады.

Үшиншиден, енди  кредит қайтпаса, гиреўдеги мүлкти саўдаға шығарыўдан алдын, оның ҳәзирги базар баҳасы анықланады. Қайтпаған қарыздарлық гиреў баҳасының 15 процентинен кем болса, өндириў мүлкке қаратылмайды. Банк қарыйдарына қарызды басқа дәрек есабынан қаплаўға имканият береди.

Төртиншиден, енди жер саўдасынан түскен қаржылар бәринен бурын, имарат бузылыўы  бойынша  исбилерменлерден қарызды  үзиўге қаратылады.

Президент быйылғы  ашық сөйлесиў әйне Қарақалпақстанда өткерилип атырғанына итибар қаратып, бул жерде исбилерменлик етиўдиң абзаллығын атап өтти. Атап айтқанда, Қарақалпақстанда бизнес ушын бирден-бир аймақта жоқ 50 ден аслам жеңилликлер берилген. Қарақалпақстанда жер ажыратыўдың әпиўайы системасы енгизилген. Бул аймақ  үлкен базарларға шығыў ушын да қолайлы. Усы имканиятларды нәтийжели  иске  қосыў  мақсетинде «Қарақалпақстанда бизнес ислең» бағдарламасы қабыл етилетуғыны атап өтилди.

Илаж ашық сөйлесиў тәризинде даўам етти. Орайлық ҳәм аймақлық студиялардан қатнасқан исбилерменлер, сырт еллерде өзиниң бизнесин ашқан ўатанласларымыз өзиниң пикир-уснысларын билдирди. Машқалалар додаланып, усыныслар қоллап-қуўатланды.

Буннан кейин Президент Шавкат Мирзиёев Нөкис қаласындағы «Аққуў» комплексинде шөлкемлестирилген қара үйлер көргизбесин көзден өткерди. Бул ҳаққында мәмлекетимиз басшысы 2022-жылы аймаққа сапары ўақтында  көрсетпе берген еди. Сол тийкарда елиў гектардан аслам майдан және  абаданластырылып, көплеген қара үйлер қурылды. Ең үлкен қара үйдиң диаметри 42, бийиклиги 22 метр. Онда ҳәкимшилик, асхана ҳәм басқа ханалар бар. Бул жерде түрли мәдений илажлар, форумлар өткериў мүмкин. Комплексте қарақалпақ, қазақ, түркмен, қырғыз, башқурт сыяқлы  түркий халықлардың және Қарақалпақстан районларының қара үйлери қурылған. Оларда туўысқан еллеримиздиң тарийхы, мәденияты ҳәм турмыс тәризи өзиниң көринисин тапқан.

Президентимиз  усы қара үйлерди кирип көрди.

– Бизиң тамырымыз, тәғдиримиз бир. Мине, усындай илажларды көбейтип, биргеликте фестивальлар өткерип, халықлар дослығын және де беккемлеў керек. Миллий өнерлерди қәстерлеп-сақлаў, жас әўладқа  жеткериў, бул бойынша шәкиртлер таярлаў, балалар ушын өз ана тилинде китаплар шығарыўды кеңейтиў зәрүр, – деди Шавкат Мирзиёев.

Бағда жасалма көл, атаўша ҳәм мийманхана да бар. Булар қысқа дәўирде усы орайды туризм мәнзиллеринен бирине айландырды. Қара үйлер, миллий кийим ҳәм буйымларға туристлер үлкен қызығыўшылық пенен қарамақта.

Соның менен Президент Шавкат Мирзиёевтиң Қарақалпақстан Республикасына сапары жуўмақланды.

З.ЖОНИБЕКОВ

И.АВВАЛБОЕВ,

ӨзАның хабаршылары