Нөкис қаласында Президент Шавкат Мирзиёевтиң исбилерменлер менен ашық сөйлесиўи даўам етпекте.

Атап өтилгениндей, мәмлекетлик банклер берген кредиттиң 92 триллион сумы яки 30 проценти 10 ири мәмлекетлик кәрханаға туўра келеди.

Ири кәрханалар трансформацияланбақта, қаржы базарларына еркин шығып, өзи қаржы тартыўға үйретилмекте.

Мысалы, «Өзнефтегаз», «Өзавтосанаат» 1 миллиард доллардан аслам евробонд шығарды. Наўайы комбинаты да шеттен өзи бонд алып келиўге таярлық көрмекте.

Енди мәмлекет тартқан қаржыларды ири кәрханаларға бериў әмелиятынан басқышпа-басқыш ўаз кешилетуғыны атап өтилди.

Бундай қаржыларды бериў еки жыл ишинде кеминде 40 процентке қысқарады. Банклер буның есабынан кеминде 30 триллион сумды жеке бизнеске бағдарлайды.

ӨзА