Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 19-август күни санаат кәрханалары, IT ҳәм социаллық тараў объектлерин көзден өткериў, мәҳәллелерде халықтың турмысы менен танысыў мақсетинде Қарақалпақстанға барды.
Мәмлекетимиз басшысы Қарақалпақстан Республикасына сапарын санаат потенциалы менен танысыўдан баслады.
“Nukus Eleсtroapparat” биргеликтеги кәрханасы 2017-жылы иске түскен, онда электр энергиясы тармағы ушын кернеў қурылмалары ислеп шығарылады. Быйылғы жылы июньда бул жерде 10 миллион доллардан аслам қаржы есабынан қуяш панельлерин ислеп шығарыў жойбары иске қосылды. Үскенелер Корея Республикасынан алып келинип орнатылды. Өндирис процеси 100 процент автоматластырылған. Жойбардың жыллық қуўатлығы 273 мың дана.
Бул мәмлекетимизде альтернатив энергетикадан пайдаланыў бағдарындағы жумысларда қол келеди. Ҳәзирге шекем түрли имарат ҳәм шаңарақларда 600 мегаватт қуўатлықтағы қуяш панельлери орнатылған. Бул процесс еле даўам етеди.
Биргеликтеги кәрхана ишки базарда талап жоқары өнимди локализациялаў менен бирге 4 миллион долларлық экспорт имканиятына да ийе болды. 70 адам жумыс пенен тәмийинленди.
Мәмлекетимиз басшысы бул процессти көзден өткерди, хызметкерлер менен сәўбетлести. Жуўапкерлерге бундай кәрханаларды көбейтиў, оларда базар талабы жоқары өнимлер ислеп шығарыў бойынша көрсетпелер берилди.
Усы жерде тармақ кәрханаларында ислеп шығарылып атырған өнимлердиң көргизбеси көрсетилди.
Заводтың өзинде де 125 киловатт қуўатлықтағы қуяш панельлери орнатылған. Оннан алынған электр ишки талаплар ушын қолланылады, артықшасы аймақлық электр тармағына сатылады.
Соңғы жыллары мәмлекетимизде 2 миллиард доллар инвестиция есабынан қуўатлығы 2,6 гигаватт 10 қуяш ҳәм самал станциялары иске қосылды. Сондай-ақ, улыўмалық баҳасы 19 миллиард доллар болған 18,6 гигаваттлы 31 «жасыл» жойбар бойынша жумыс алып барылмақта. Улыўма, 2030-жылға шекем энергетика балансында қайта тиклениўши қуўатлықлардың үлесин 40 процентке жеткериў мақсет етилген.
Соңғы жети жылда Қарақалпақстан Республткасында 17 триллион 800 миллиард сумлық 6 мың 784 жойбар әмелге асырылған. Олардың нәтийжесинде 56 мың жумыс орны жаратылған. Усы дәўирде 2 миллиард 815 миллион долларлық экспорт етилген. Быйыл республикада улыўмалық баҳасы 874 миллион долларлық 470 жойбар әмелге асырылмақта.
Бул избе-из даўам еттирилип, Қарақалпақстанда сырт елли инвестор ҳәм жергиликли исбилерменлер тәрепинен улыўмалық баҳасы 9,5 милиард долларлық 124 жойбар қәлиплестирилген. Соннан дерлик 1 миллиард 800 миллион долларлық 10 жойбар мәмлекетимиз басшысына таныстырылды.
Жойбарларға Қытай, Саудия Арабстаны, Германия, Россия, Испания сыяқлы мәмлекетлердиң компаниялары инвестиция киргизбекте. Олар энергетика, ыссылық тәмийнаты, таў-кән санааты, қурылыс материаллары, хызмет көрсетиў ҳәм басқа тармақларды қамтып алған.
Мысалы, Саудия Арабстаны менен биргеликте Нөкис қаласында орайласқан ыссылық тәмийнаты системасын жақсылаў, Испания инвестициясының қатнасыўында Қараөзек районында қуяш ҳәм самал электр станцияларын қурыў, германиялы инвесторлар тәрепинен Нөкис районында мысты қайта ислеў ҳәм кабельлер ислеп шығарыў жойбарлары режелестирилген.
Бул 124 жойбар нәтийжесинде 20 мыңнан аслам халық жумыс пенен тәмийинленеди.
Мәмлекетимиз басшысы исбилерменлерге ҳәр тәреплеме қолқанат болып, жойбарларды жеделлестириў әҳмийетли екенлигин атап өтти.
Усы күни Қарақалпақстан Республикасында самал электр станциялары ҳәм санаат кәрханаларының қурылысы басланды, саўда комплекслери иске қосылды.
Мәресимде Президент Шавкат Мирзиёев Қарақалпақстанның экономикалық раўажланыўы ҳаққында сөз етти.
Буның ушын аймақта кең көлемли жумыслар алып барылмақта. Соңғы бес жылда санаат, исбилерменлик ҳәм инфрастркутура тараўларында 50 ден аслам жеңилликлер берилген. Атап айтқанда, инвестиция жойбарларын әмелге асырыў ушын тиккелей жер ажыратыў ҳуқықы тек ғана Қарақалпақстанда енгизилген. Баҳасы 50 миллиард сумнан жоқары жойбарларға инфраструктура да жаратып берилмекте.
Жеңилликлер есабынан өткен дәўирде исбилерменлердиң ықтыярында 2 триллион сумнан аслам қаржы қалған.
Аймақта исбилерменлик инфраструктурасын жақсылаў ушын 44,5 триллион сум қаржы қаратылған. Нәтийжеде соңғы жыллары 25 мыңнан аслам жаңа исбилерменлик субъекти пайда болған.
Тек ғана өткен жылы 345 миллион долларлық 1 мың 400 ден аслам жойбар әмелге асырылып, 10 мыңнан аслам жаңа жумыс орны жаратылды. Быйылғы жылдың биринши ярымында 730 миллион доллар сырт ел инвестициясы өзлестирилди.
Қарақалпақстанда сырт ел капиталы менен шөлкемлестирилген кәрханалардың саны да көбейип бармақта. 2017-жылы 73 сырт ел ҳәм биргеликтеги кәрхана болған болса, бүгинги күнде олардың саны 175 ке жетти.
Ҳәзирги ўақытта экономикаға түртки беретуғын шама менен 9,5 миллиард долларлық 120 дан аслам жаңа ири жойбарлар әмелге асырылмақта. Бул жойбарлар 2025-2028-жыллары басқышпа-басқыш иске қосылады. Нәтийжеде 20 мыңнан аслам жаңа жумыс орны, 12 триллион сумлық өндирис қуўатлығы ҳәм бюджетке 500 миллиард сум қосымша түсим жаратылады.
Мәмлекетимиз басшысы қурылыс баслап атырған ҳәм иске қосылып атырған комплекслердиң әҳмийетине тоқтап өтти.
Мәмлекетимиздеги экономикалық өсиў пәтлери энергетика тараўында үлкен ўазыйпаларды қоймақта.
Соңғы жыллары 2 миллиард доллар инвестиция есабынан қуўатлығы 2,6 гигаватт 10 қуяш ҳәм самал станциялары иске қосылды. Жыл ақырына шекем қосымша 1,5 гигаватт қуўатлықлар тармаққа жалғанып, «жасыл» энергияның үлеси 15 процентке жеткериледи.
Буннан тысқары, улыўма баҳасы 19 миллиард доллар болған 18,6 гигаваттлы 32 «жасыл» жойбар әмелге асырылмақта.
Президентимиз бунда Қарақалпақстан Республикасының үлеси үлкен екенин атап өтти. Абырайлы изертлеў институтларының есап-санақларына бола, Қарақалпақстанда 680 гигаватт қуяш, 120 гигаватт самал энергиясы потенциалы бар.
2030-жылға шекем Қарақалпақстанда 11 миллиард доллар тиккелей инвестиция есабынан, жәми 10,3 гигаватт қуўатлыққа ийе 10 ири самал электр станциясының қурылысы режелестирилген. Бул жойбарлар толық иске қосылыўы есабынан жылына 35 миллиард киловатт саат «жасыл» энергия алынады.
Қуўатлылық жеткерип бериўде турақлылықты тәмийинлеў ушын Қоңырат, Беруний ҳәм Қараөзек районларында жәми 400 мегаваттлы 3 электр станциясын сақлаў системасы қурылады.
19-август күни бул жойбарлардың бир нешеси бойынша қурылыс жумыслары басланды. Бириншиси, Қытайдың “Sany Renewable” компаниясы тәрепинен Қоңырат районында қурылатуғын баҳасы 1 миллиард 200 миллион долларлық, 1 гигаватт қуўатлыққа ийе самал электр станциясы. Екиншиси, Саудия Арабстанының “ACWA Power” компаниясы менен биргеликте Беруний ҳәм Қараөзек районларында қурылатуғын баҳасы 250 миллион долларлық 100 мегаватт электр энергиясын сақлаў системасына ийе 200 мегаватт қуўатлықтағы самал электр станциясы.
Келешекте оларда жылына 4 миллиард 200 миллион киловатт саат яки 1 миллион 750 мың шаңарақтың бир жыллық пайдаланыўына тең «жасыл» энергия ислеп шығарылады. Нәтийжеде дерлик 1,3 миллиард метр куб тәбийғый газ үнемленеди ҳәм атмосфераның зыянланыўы дерлик 2 миллион тоннаға қысқарады.
Әҳмийетлиси, усының менен бир ўақытта Қоңырат районында самал турбинасы бөлеклери, минаралар ҳәм пәрриклерди ислеп шығарыў бойынша кәрханалардың қурылысы да басланбақта. Нәтийжеде жылына 1 000 мегаватт қуўатлықтағы самал турбина бөлеклери ҳәм 120 минараны ислеп шығарыў локализацияластырылып, 100 миллион долларлық импорттың орнын басатуғын өнимлер таярланады. Буннан тысқары, Нөкис районында 24 миллион доллар инвестиция есабынан жылына 20 миллион дана ысытыў радиаторларын ислеп шығарыў жолға қойылады.
Қала ҳәм районларды абат етиў, халық ушын мүнәсип турмыс шараятларын жаратыў мәселелери да итибарда. Усы күнлери санаат, аўыл хожалығы, туризм ҳәм хызмет көрсетиў тараўларында 62 миллион долларлық 12 жойбар иске қосылмақта. Мәресимде олардан екеўи – Беруний районы ҳәм Нөкис қалаларындағы ири саўда комплекслери ашылды.
Мәмлекетимиз басшысы символикалық түймени басып, жаңа имаратлардың қурылысы ҳәм жумысын баслап берди. Бәршени мәмлекетимиз экономикасында үлкен әҳмийетке ийе бул жойбарлар менен қутлықлады.
Соң Президент Шавкат Мирзиёев Программалық өнимлер ҳәм мәлимлеме технологиялары технологиялық паркиниң Қарақалпақстан филиалын барып көрди.
Кейинги жыллары мәмлекетимизде мәлимлеме технологиялары тараўы жедел раўажланбақта. Жети жыл алдын мәмлекетимизде IT компанияларының саны 147 болған болса, бүгинги күнде 2 мыңнан артты. Оларда 30 мың хызметкер жоқары дәраматлы жумыс пенен бәнт. 70 мыңнан аслам жаслар IT менен еркин шуғылланып атыр.
“Өзбекстан – 2030” стратегиясында бул тараўда экспорт көлемин 5 миллиард долларға жеткериў ҳәм 300 жасты жумыс пенен бәнт етиў режелестирилген. Шетки аймақларда да IT-қалашалар шөлкемлестириўге кирисилген.
Атап айтқанда, Қарақалпақстанда IT-парк резидентлериниң саны өткен жылдың жуўмағына салыстырғанда бүгинги күнде үш есеге артып, 108 ди қурады. Олар тәрепинен 310 қәниге жумыс пенен тәмийинленген. 2024-жылдың биринши ярымында хызметлердиң көлеми 2,4 есеге, экспорт көлеми болса 1,7 есеге көбейди.
Билимлендириў резидентлери тәрепинен 25 мың жас ҳәм мәмлекетлик хызметкерлер оқытылып, маманлығы арттырылды. «Бир миллион программист» жойбары шеңберинде онлайн платформа арқалы 2023-жылы 18 мың жас оқытылған болса, 2024-жылдың усы күнине шекем 29 мың жас оқытылды. Быйылғы жылы 33 мыңнан аслам жасқа билим бериў режелестирилген.
Бул нәтийжелер жаратылған шараяттың жемиси. Мәмлекетимиз басышы 2021-жылы аймаққа сапары даўамында IT-парк ушын жаңа имарат қурыў бойынша көрсетпе берген еди. Усыған муўапық, Нөкис қаласы орайында 17 қабатлы заманагөй имарат қурылды. Бул жерде IT-билимлендириў ҳәм коваркинг орайлары, офислер, конференция залы ҳәм хызмет ханалары бар. Сондай-ақ, имаратқа IT-парк резидентлери, тараўда жумыс ааалып барып атырған инвесторлар, сырт елли аутсорсинг кәрханалар жайластырылады. Алдын еки қабатлы имаратта ашылған IT-парт бүгин саўлатлы комплекске көшкени режелер үлкен екенинен дәрек береди.
Президентимизге имаратта орынланып атырған жумыслар, тараўдағы нәтийжелер ҳәм режелер ҳаққында мәлимлеме берилди.
Мысалы, алдын АҚШтың Амазон компаниясында жумыс ислеген қарақалпақстанлы Бекназар Абдикамалов елине қайтып, өзиниң HUPO стартапына 4 миллион доллар инвестиция тартқан. Мәмлекетимиз басшысы оның менен сәўбетлесип, басламаларын қоллап-қуўатлады.
Мәмлекетимиз басшысы IT-парк резидентлери, мәлимлеме технологиялары тараўында жумыс алып барып атырған қәнигелер менен сөйлести. Жаслардың пикирлерин тыңлап, усынысларын қоллап-қуўатлаў бойынша жуўапкерлерге көрсетпелер берди.
– Бул тараўда стартапларды турмысқа енгизсек, ҳәм тармақларда нәтийжелилик артады, ҳәм мәмлекетлик қәрежет азаяды, ҳәм жаслар ушын жумыс орынлары пайда болады, – деди Шавкат Мирзиёев.
Имаратта UZINFOCOM орайының филиалы да жайласқан. Орай аймақ жасларын uStudy бағдарламасы арқалы заманагөй кәсиплерге оқытады. Маманлығы артқан кадрлар өз тараўы бойынша заманагөй компанияларға жумысқа жайласады.
Президент барлық аймақларда IT-парклар ушын мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында усындай көп қабатлы имаратлар қурыў зәрүрлигин атап өтти.
– Оларда орталық усындай болыўы керек, жаслар өзин еркин сезсин. Аўқатланыў, дем алыў, спорт ҳәм басқа хызметлер жәмленген болсын. Имаратлар қалалардың орайларында, жасларға қолайлы жерде болғаны мақул, – деди мәмлекетимиз басшысы.
Бул IT-паркти Қарақалпақстан районларындағы мектеплер менен байланыстырып, тараўға қызыққан жасларды оқытыў, келешекте жоқары дәраматлы жумысларға тартыў бойынша көрсетпелер берилди.
Президент Шавкат Мирзиёев Республика қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайы Қарақалпақстан филиалына да барды.
Бул орай алдын ески имаратта жайласқан еди, бир ханада 4-5 наўқас жасайтуғын, санитариялық ханалар улыўмалық еди. Заманагөй үскенелер ушын сәйкес келмей қалған еди.
Өзбекстан Президентиниң 2022-жыл 7-июльдағы «Қарақалпақстан Республикасында 2022-2024-жыллары халықтың саламатлығын қорғаўды және де күшейтиў ҳаққында»ғы қарарының орынланыўы шеңберинде медициналық хызметлердиң сапасы ҳәм қамтыўы артып бармақта. Атап айтқанда, усы жылы февральда Нөкис қаласында Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайы Қарақалпақстан филиалының жаңа имараты пайдаланыўға тапсырылды. Бул ғәрезсизлик жылларында Қарақалпақстанда «нольден» қурылған биринши көп тармақлы емлеўҳана болды.
Мәмлекетимиз басшысы бул жердеги шараятлар менен жақыннан танысты.
4 қабатлы жаңа имаратта жедел қабыллаў-диагностика, реанимация, хирургия, нейрохирургия, травматология, кардиология, гинекология, педиатрия, лаборатория диагнозы ҳәм әмелияты бөлимлери жайласқан. Барлық бөлимлер заманагөй медициналық әсбап-үскенелер менен тәмиийнленген. 130 орынлық жаңа комплексте наўқаслар ҳәм шыпакерлер ушын барлық шараятлар жаратылған. Бир хана еки адамға мөлшерленген, өз алдына санитариялық ханалары бар.
Наўқастың өмирин сақлап қалыўда ўақыт тийкарғы орында турады. Соның ушын, орайда наўқасларды кеселлик дәрежеси бойынша сайлап алатуғын триаж бөлими шөлкемлестирилген. Яғный, мүрәжат еткен инсан ўақыт жоғалтып, әўере болып жүрмейди. Бул жерге шыпакердиң өзи түсип, наўқасты қайсы тараўда емлеў зәрүрлиги бойынша жуўмақ шығарады ҳәм керекли бөлимлерге бағдарлайды.
Алдын мүрәжат еткен наўқаслардың көпшилиги емлеўханада жатқарылған. Ендигиден былай турақлы медициналық емлеўлерден кейин, наўқастың жағдайына қарап жасаў орнында амбулаторлық емлеўге рухсат бериледи. Сондай-ақ, алдын жүрек-қан тамыр кеселликлери менен мүрәжат еткен наўқасларға әпиўайы тексериў усылларында жәрдем көрсетилген. Енди жаңадан алып келинген заманагөй ангиография үскенеси инсанлардың өмирин сақлап қалыўда жақсы нәтийже бермекте. Өлим ҳәм майыплыққа алып келиў жағдайлары кескин азайды.
Нәтийжеде бүгинги күнге шекем Ташкент қаласында өткерилип келинген айырым қурамалы хирургиялық операциялар ендигиден былай усы жердиң өзинде өткерилмекте. Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасында биринши мәрте жасалма қан айланыў аппараты арқалы бес наўқастың жүрегине ашық хирургиялық операция алып барылды.
Мультиспирал компьютер томографиясы, ультрасес, лаборатория үскенелери кеселликлерге ерте диагноз қойыў имканиятын бермекте. Телемедицина арқалы узақтағы наўқасларды емлеўге де үлес қосылмақта.
Мәмлекетимиз басшысы емлеўхананы нәтийжели басқарыў, әмелиятты оқыў менен байланыстырыў мәселелерине итибар қаратты.
– Жаңа имарат ҳәм үскенелер жумыстың бир бөлеги. Енди орайдың жумысына заманагөй менеджмент енгизилиўи керек. Медицинаны раўажланған мәмлекетлерден тәжирийбели шыпакерлерди мүддетли тартыў, сырт елде қәнигелердиң маманлығын арттырыў мақсетке муўапық. Улыўма, бул орай илимий-әмелий медицина академиясындай жумыс алып барыўы керек, – деди Шавкат Мирзиёев.
Районлық медицина бирлеспелериндеги шыпакерлер өз қәнигелиги бойынша бул жерде маманлық арттырып, өз тәжирийбесин аймақларда енгизиўи әҳмийетли екени атап өтилди.
Атап өтиў керек, Қарақалпақстанда 2017-2024-жыллары : «Бир қәдем» принципи тийкарында 74 шаңарақлық шыпакерлер пункти, 81 шаңарақлық поликлиника, 92 мәҳәлле медициналық пункти шөлкемлестирилди. Қәнигелестирилген орайлардың аймақлық филиалларында 150 түрдеги жаңа технологиялар енгизилди. Жылына 4500 наўқастың Ташкент ҳәм сырт елге бармастан жоқары технологиялық жәрдем алыў имканияты жаратылды. Төрткүл, Қоңырат ҳәм Шымбай районларында зақымланыўлар ҳәм өткир қан-тамыр кеселликлери бойынша биргеликтеги орайлар шөлкемлестирилип, жылына 11 мың наўқасқа районлардың өзинде жедел ҳәм маман медициналық жәрдем көрсетилиўи тәмийинленди.
Буннан соң Президент Шавкат Мирзиёев Кегейли районындағы Жузимбағ мәҳәллесинде болды.
Бул жерде 4 мың 300 ге шамалас халық жасайды. Үш мектеп, алты бақша, жетпистен аслам исбилерменлик субъектинде халық турақлы жумыс пенен бәнт.
Шарўашылық ҳәм дийқаншылыққа қәнигелескен бул аймақта 990 шаңарақтың қыйтақ жери бар. Сайхунабад тәжирийбеси тийкарында жергиликли имканиятлар иске қосылмақта. Атап айтқанда, дийқаншылық етип, руўзыгер ушын қосымша дәрамат етпекте. Ыссыхана шөлкемлестирип, жылына еки мәрте өним алыўды жолға қойып атырған шаңарақлардың саны көбеймекте.
Мәҳәлледе “Оrol Agro” кәрханасы тәрепинен “Жаслар жүзим бағы” шөлкемлестирилген. Онда 40 адамға орташа 25 сотихтан жер ажыратып берилген.
Воиш усылында тәрбияланып атырған бул жүзим бағдың қатар араларынан да үнемлилик пенен пайдаланылмақта. Түрли палыз өнимлери жетистирилип, 400 тоннаға шекем өним алынбақта. Жүзимлер толық өнимге кириўи менен жылына баҳасы 4 миллиард сумлық 200 тоннаға шамалас өним алыныўы нәзерде тутылған.
Мәмлекетимиз басшысы бул жерде дийқаншылық етип атырған жигит-қызлар менен сәўбетлести.
Олар соңғы жыллардағы имканиятлардан пайдаланып, дийқаншылық ушын жер алғаны, палыз өнимлери ҳәм көк шөплер жетистирип, дәрамат таўып атырғаны айтылды. Реже ҳәм нийетлер ҳаққында айтты.
– Сизлердиң жумыслы болғаныңызды, көзиңиздеги исенимди көрип, қуўандым. Өзи мениң ең үлкен мақсетим усы – халқымды разы етиў, бахытлы көриў. Ислеп атырған жумысларымыздың дурыс, тек ғана оны кеңейтиўимиз керек, – деди Шавкат Мирзиёев.
Президент жаслардың усыныслары тийкарында аўыл хожалығы өнимлери ушын суўытқышлы қоймахана қурыў, мүтәж жигит-қызлардың тойлары ҳәм шәртнама төлемлерине жәрдемлесиў бойынша көрсетпелер берди.
Усы күни Кегейли районында Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыў мәселелериң додалаў бойынша мәжилис болып өтти.
Барлық аймақлар қатарында Қарақалпақстанда да драйвер бағдарларда инвестиция, жумыс орны, экспортты көбейтиў илажлары көрилмекте. Өткен дәўирде Қарақалпақстанда 1,4 миллиард доллар тиккелей сырт ел инвестициясы есабынан 150 жойбар иске қосылған. Исбилерменлер 12 мыңнан 25 мыңға, коммерциялық майданлар 1,5 миллион квадрат метрге көбейип, 212 мың адам турақлы жумысқа жайласқан.
Бизнес ҳәм инвестиция ушын қолайлы орталық нәтийжесинде исбилерменлик раўажланып атыр. Мысалы, жумысын микрожойбардан баслаған 13 мың исбилермен киши бизнеске, және 351 и орта бизнеске өтти. Жыллық «айланысы» 100 миллиард сумнан жоқары исбилерменлер 43 ке жетти.
Социаллық инфраструктура нәтийжесин адамлар өз турмысында көрмекте. Атап айтқанда, мектепке шекемги билимлендириўге қамтыў 28 проценттен 84 процентке артты. Жаңадан 21 мектеп қурылды, және 243и толық оңланды.
Жақын-жақынға шекем өз үйине мүлк ҳуқықы болмағаны себепли 100 мыңнан аслам халық қыйналып киятырған еди. Бул машқала шешилип, 27 мың шаңарақта жасайтуғын пуқаралардың турақ жайға болған мүлк ҳуқықы тән алынды.
Қарақалпақстанда Мәҳәллелерди қоллап-қуўатлаў қоры шөлкемлестирилип, 452 мәҳәллениң ҳәр бирине 500 миллион сумнан ажыратылды. Нәтийжеде, 316 километр ишки жол оңланды, 151 километр электр тармағы жаңаланды, 55 километр газ ҳәм 112 километр суў тармағы өткерилди.
Азия раўажланыў банкинен тартылған 274 миллион доллар есабынан «Бухара – Нөкис – Бейнеў» жөнелисиндеги 240 километр магистрал жол жақын күнлерде иске қосылады.
Арал бойындағы климат шараятын жақсылаў бойынша да жүдә үлкен бағдарлама басланған. Соңғы жети жылда Арал теңизиниң қурыған түбинде 1,9 миллион гектарда жасыл қапламалы тоғайлықлар қурылды. Экосистеманы жақсылаў, шорланған, суўсыз орталықты жаңа сорт ҳәм туқымларды жаратыў ушын Аралбойы халықаралық инновациялық орайы шөлкемлестирилди.
Жақында аўыл хожалығын климатқа бейимлестириў бағдарламасы тастыйықланды. Оған бола, Арал бойында климат өзгериўи ақыбетин жумсартыўға 80 миллион доллар ажыратылады. Бул қаржылар 100 мың гектар жайлаўды деградациядан шығарыў, топырақ-климатқа бейим гүнжи ҳәм қаўын сортларын жетистириў, шарўа азықлық базасын беккемлеў ҳәм кадрлар таярлаўға бериледи.
Соның менен бирге, пайдаланылмаған имканиятлар да көп. Айырым инвестициялық жойбарлардың орынланыўы төмен дәрежеде. Жыл басынан берли Қарақалпақстандағы 19 мың кәрхана 350 миллиард сумлық салық жеңилликлеринен пайдаланған. Нәтийжеде исбилерменлер «сая»дан шыққаны, жумысын кеңейткени есабынан 4 мың халық жумыслы болды. Бирақ, жеңиллик алған 6 мың кәрханада жумыс орынлары азайған.
Әлбетте, Қарақалпақстанда бизнес ушын жаратылған имканият ҳәм шараят басқа бирде-бир ўәлаятта жоқ. Бул имканиятлар жойбар ҳәм жумыс орнына айландырылғанында, көрсеткишлер 5-10 есеге жоқары болатуғын еди.
Сол себепли, ярым жылдың жуўмақлары бойынша Қараөзек ҳәм Тақыятас ҳәкимлери жумыстан алынған. Әмиўдәрья, Бериуний, Бозатаў, Қоңырат, Қанлыкөл, Мойнақ, Тахтакөпир, Төрткүл, Хожели ҳәм Шымбай районы ҳәкимлерине интизамый жаза қолланған.
Мәжилисте республикадағы үлкен имканиятлар көрсетип өтилди.
Мысалы, жыл басынан берли Қарақалпақстанға 1 миллион 300 мың саяхатшы келген. Бирақ, мийманхана орынлар аз. Егер, жер берилсе, исбилерменлер заманагөй мийманхана ҳәм конгресс холл қурыў тилегин билдирген.
Нөкис қаласында жайласқан «Ашшыкөл» әтирапындағы 20 гектарда турақ жай, заманагөй мийманхана ҳәм дем алыў орынларын шөлкемлестириў мүмкин. Дослық ҳәм Кегейли каналлары, Хожелидеги «Таслы мәкан» ҳәм «Ширин жап» каналларының бойында саўда ҳәм кеўилашар орнын шөлкемлестирсе болады. Әмиўдәрья, Төрткүл, Берунийде де туристлерди тартыў бойынша оғада үлкен потенциал бар.
“Ғузор – Бухара – Нөкис – Бейнеў”жолы бойындағы 140 гектар жерде 300 саўда ҳәм сервис объектин жайластырса болады. Елликқалада заманагөй базар қурылса, саўда ҳәм хызметлер көбейеди.
Өткен жылы Беруний районынан 22 гектар жер ажыратылып, Ургут еркин экономикалық зонасы аймағы кеңейтилген еди. Бирақ, усы ўақытқа шекем бул жерде бирде-бир жойбар исленбеген. Бул аймақта барлық инфраструктура бар, темир жол да өткен. Шийки зат резервлери де жанында жайласқан.
Қарақалпақстандағы жер ажыратыўды әпиўайыластырыў системалы экономикалық зона аймағы ушын да енгизилсе, бул жерде 320 миллион доларлық жойбарларды жайластырса болады.
Инвесторлар Қараөзектеги Қойбақ мәҳәллесиндеги 500 гектарда қойшылыққа қәнигелескен кластерди иске қосыў ушын 10 миллион доллар инвестиция киргизиўге таяр. Бул кластерде 10 мың бас қой бағылып, 100 тонна гөш жетистириледи.
Мәмлекетимиз басышысы бундай имканиятларды иске қосып, экономиканы раўажландырыў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берди.
Қарақалпақстанда быйыл басласа болатуғын 1,9 миллиард долларлық 103 ири жойбар қәлиплестирилген. Тармақлар бағдарында да бир жыл ишинде жәми 275 миллион долларлық 14 жойбар иске қосылады. Улыўма, және 9,5 миллиард долларлық 120 дан аслам перспективалы жойбарлар таярланған.
Жуўапкерлерге исбилерменлер менен ислесип, ҳәр бир район кесиминде «Қарақалпақстанда бизнес ислең» бағдарламасын таярлаў ўазыйпасы қойылды. Бул бағдарлама Қарақалпақстанда санаат, аўыл хожалығы ҳәм хызметлерди раўажландырыў ушын жаңа нәпес, кеминде 10 миллиард долларлық инвестиция ҳәм 500 мың жумыс орны ушын үлкен имканият болады.
Бир сөз бенен айтқанда, қарақалпақ елиниң ертеңи бүгининен жақсы болыўы ушын үлкен шеклер алынған. Буның ушын ҳәмме аўызбиршиликли болып, пидәкерли мийнет етиўи зәрүрлиги атап өтилди.
Быйылғы жылы түркий халықлардың уллы шайыры Әжинияздың 200 жыллық юбилейин белгилеў ҳаққында қарар қабыл етилген. Мәмлекетимиз басшысы шайырдың халық ушын хызмет еткен пидайы инсанларды «ҳәзирети инсан» деп атағанын еске алды ҳәм бәршени усылай ислеўге шақырды.
– Алдын да айтқанымыздай, өзбек ҳәм қарақалпақтың тарийхы да, тәғдири де бир. Мен исенемен, бизиң жарқын, бахытлы келешегимиз де әлбетте бир болады. Бул жолда сизлерге, ҳүрметли жасы уллы ҳәм исбилерменлеримизге жаңа табыс ҳәм әўметлер тилеймен, – деди Президент.
Мәжилисте Қарақалпақстан Республикасы ҳәм тармақлардың басшылары, қала ҳәм районлардың ҳәкимлери додаланған мәселелер бойынша мәлимлеме берди.
Президент Шавкат Мирзиёевтиң Қарақалпақстанға сапары даўам етпекте.
Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,
Икром АВВАЛБОЕВ,
Довуд АБИБУЛЛАЕВ,
ӨзА хабаршылары