Нөкис қаласында Президент Шавкат Мирзиёевтиң исбилерменлер менен ашық сөйлесиўи даўам етпекте.
Микроқаржы базары ушын жол ашып берилди. Мысалы, өткен жети айда 91 микроқаржы шөлкеми 6,6 триллион сумлық қаржылай хызметлер көрсетти ҳәм жыл жуўмағына шекем бул сан 12 триллион сумға жеткериледи.
Микроқаржы хызметлерин мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў даўам еттириледи. Оларға усы жылдағы 1,6 триллион сумға қосымша 1 триллион сум ресурс ажыратылады.
Соның менен бирге, устав капиталы кеминде 50 миллиард сум болған микроқаржы банклерин шөлкемлестириўге рухсат бериледи.
Бул банклер кредит портфелиниң кеминде 70 проценти киши ҳәм орта бизнести қаржыландырыўға бағдарланады.
Микроқаржы шөлкемлери тәрепинен исбилерменлерге сырт ел валютасында хызмет көрсетиў ҳәм лицензия тийкарында төлем шөлкеми сыпатында жумыс алып барыўға рухсат бериледи.
ӨзА