Президент Шавкат Мирзиёев Программалық өнимлер ҳәм информациялық технологиялар технологиялық паркиниң Қарақалпақстан филиалын барып көрди.

Кейинги жыллары мәмлекетимизде информациялық технологиялар тараўы жедел раўажланып бармақта. Жети жыл алдын елимизде IT компаниялары саны 147 болған болса, бүгинги күнде 2 мыңнан асты. Оларда 30 мың хызметкер жоқары дәраматлы жумыс пенен бәнт. 70 мыңнан аслам жаслар IT менен еркин шуғылланбақта.

«Өзбекстан – 2030» стратегиясында сол тараўда экспорт көлемин 5 миллиард долларға жеткериў ҳәм 300 мың жасты жумыс пенен бәнт етиў режелестирилген. Узақ аймақларда да IT-қалашалар қурыўға кирисилген.

Атап айтқанда, Қарақалпақстанда IT-парк резидентлери саны өткен жылдың жуўмағына салыстырғанда бүгинги күнде үш есеге көбейип, 108 ди қурады. Олар тәрепинен 310 қәниге жумыс пенен тәмийинленген. 2024-жылдың биринши ярымында хызметлер көлеми 2,4 есеге, экспорт көлеми болса 1,7 есеге көбейди.

Билимлендириў резидентлери тәрепинен 25 мың жас ҳәм мәмлекет хызметкерлери оқытылып, маманлығы арттырылды. «Бир миллион программист» жойбары шеңберинде онлайн платформа арқалы 2023-жылы 18 мың жас оқытылған болса, 2024-жылдың усы күнине шекем 29 мың жас оқытылды. Усы жылы 33 мыңнан аслам жасқа билим бериў режелестирилген.

Бул нәтийжелер жаратылған шараяттың көриниси. Мәмлекетимиз басшысы 2021-жылы аймаққа сапары даўамында IT-парк ушын жаңа имарат қурыў бойынша көрсетпе берген еди. Соған муўапық, Нөкис қаласы орайында 17 қабатлы заманагөй имарат қурылды. Бул жерде IT-билимлендириў ҳәм коворкинг орайлары, офислер, конференция залы ҳәм хызмет ханалары бар. Сондай-ақ, имаратқа IT-парк резидентлери, тараўда жумыс алып барып атырған инвесторлар, сырт елли аутсорсинг кәрханалар жайластырылады.

Илгери еки қабатлы имаратта ашылған IT-парк бүгин саўлатлы комплекске көшкени режелер үлкенлигинен дәрек береди.

Президентимизге имаратта орынланған жумыслар, тараўдағы нәтийжелер ҳәм режелер ҳаққында мәлимлеме берилди.

Мәселен, алдын АҚШтың Амазон компаниясында ислеген қарақалпақстанлы Бекназар Абдикамалов елине қайтып, өзиниң HUPO стартапына 4 миллион доллар қаржы алып келген. Мәмлекетимиз басшысы оның менен сәўбетлесип, басламаларын қоллап-қуўатлады.

Мәмлекетимиз басшысы IT-парк резидентлери, информациялық технологиялар тараўында жумыс алып барып атырған қәнигелер менен сәўбетлести. Жаслардың пикирлерин тыңлап, усынысларын қоллап-қуўатлаў бойынша жуўапкерлерге көрсетпелер берди.

– Бул тараўда стартапларды турмысқа енгизсек, ҳәм тармақларда нәтийжелилик асады, ҳәм мәмлекеттиң қәрежети кемейеди, ҳәм жаслар ушын жумыс орынлары пайда болады, – деди Шавкат Мирзиёев.

Имаратта UZINFOCOM орайының филиалы да жайласқан. Орай аймақ жасларын uStudy бағдарламасы арқалы заманагөй кәсиплерге оқытады. Маманлығы арттырылған кадрлар өз тараўы бойынша заманагөй компанияларға жумысқа жайласады.

Президент барлық аймақларда IT парклер ушын мәмлекетлик-жеке меншик тийкарында усындай көп қабатлы имаратлар қурыў зәрүрлигин атап өтти.

– Оларда орталық сондай болыўы керек, жаслар өзин еркин сезсин. Аўқатланыў, дем алыў, спорт ҳәм басқа хызметлер бар болсын. Имаратлар қалалар орайында, жасларға қолайлы орында болғаны мақул, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Бул IT-паркти Қарақалпақстан районларындағы мектеплер менен байланыстырып, тараўға қызыққан жасларды оқытыў, келешекте жоқары дәраматлы жумысларға алыў бойынша көрсетпелер берилди.

 

ӨзА