Қарақалпақстан Республикасында самал электр станциялары ҳәм санаат кәрханаларының қурылысы басланды, саўда комплекслери иске қосылды.
Усы мүнәсибет пенен өткерилген мәресимде Президент Шавкат Мирзиёев Қарақалпақстанның экономикалық раўажланыўы ҳаққында сөз етти.
Оның ушын аймақта кең көлемли жумыслар алып барылмақта. Соңғы бес жылда санаат, исбилерменлик ҳәм инфраструктура тараўларында 50 ден артық жеңилликлер берилген. Атап айтқанда, инвестиция жойбарларын әмелге асырыў ушын тиккелей жер ажыратыў ҳуқықы тек ғана Қарақалпақстанда енгизилген. Баҳасы 50 миллиард сумнан жоқары жойбарларға инфраструктура да тартып берилмекте.
Жеңилликлер есабынан өткен дәўирде исбилерменлер еркинде 2 триллион сумнан аслам қаржы қалған.
Аймақта исбилерменлик инфраструктурасын жақсылаў ушын 44,5 триллион сум қаржы қаратылған. Нәтийжеде соңғы жыллары 25 мыңнан артық жаңа исбилерменлик субъекти пайда болған.
Өткен жылда 345 миллион долларлық 1 мың 400 ден аслам жойбар әмелге асырылып, 10 мыңнан аслам жаңа жумыс орны жаратылды. Усы жылдың биринши ярымында 730 миллион доллар сырт ел инвестициясы өзлестирилди.
Қарақалпақстанда сырт ел капиталы менен шөлкемлестирилген кәрханалар саны да көбейип бармақта. 2017-жылы 73 сырт ел ҳәм қоспа кәрхана болған болса, ҳәзирги күнде олардың саны 175 ке жетти.
Ҳәзирги ўақытта аймақ экономикасына түртки бериўши дерлик 9,5 миллиард долларлық 120 дан аслам жаңа ири жойбарлар әмелге асырылмақта. Бул жойбарлар 2025-2028-жыллары басқышпа-басқыш иске қосылады. Нәтийжеде 20 мыңнан аслам жаңа жумыс орны, 12 триллион сумлық өндирислик қуўатлық ҳәм бюджетке 500 миллиард сум қосымша түсим жаратылады.
Мәмлекетимиз басшысы қурылысы басланып ҳәм иске қосылып атырған комплекслердиң әҳмийетине тоқтап өтти.
Елимиздеги экономикалық өсиў пәтлери энергетика тараўында үлкен ўазыйпаларды қоймақта.
Соңғы жыллары 2 миллиард доллар инвестиция есабынан қуўатлылығы 2,6 гигаватт 10 қуяш ҳәм самал станциялары иске қосылды. Жылдың ақырына шекем қосымша 1,5 гигаватт қуўатлықлар тармаққа жалғанып, «жасыл» энергия үлеси 15 процентке жеткериледи.
Буннан тысқары, улыўма баҳасы 19 миллиард доллар болған 18,6 гигаваттлы 32 «жасыл» жойбар әмелге асырылмақта.
Президентимиз бунда Қарақалпақстан Республикасының үлеси үлкен екенин атап өтти. Абырайлы изертлеў институтларының есап-санақларына бола, Қарақалпақстанда 680 гигаватт қуяш, 120 гигаватт самал энергиясының потенциалы бар.
2030-жылға шекем Қарақалпақстанда 11 миллиард доллар тиккелей инвестиция есабынан, жәми 10,3 гигаватт қуўатлыққа ийе 10 ири самал электр станциясының қурылысы режелестирилген. Бул жойбарлар толық иске қосылыўы есабынан жылына 35 миллиард киловатт саат «жасыл» энергия алынады.
Қуўатлық жеткерип бериўде турақлылықты тәмийинлеў ушын Қоңырат, Беруний ҳәм Қараөзек районларында жәми 400 мегаватлы 3 электр энергиясын сақлаў системасы қурылады.
Бүгин бул жойбарлардың бир нешеси бойынша қурылыс жумыслары басланбақта. Бириншиси Қытайдың «Sany Renewable» компаниясы тәрепинен Қоңырат районында қурылатуғын баҳасы 1 миллиард 200 миллион долларлық, 1 гигаватт қуўатлықлы самал электр станциясы. Екиншиси, Саудия Арабстанының «ACWA Power» компаниясы менен биргеликте Беруний ҳәм Қараөзек районларында шөлкемлестирилетуғын баҳасы 250 миллион долларлық 100 мегаватт электр энергиясын сақлаў системасына ийе 200 мегаватт қуўатлықтағы самал электр станциясы.
Келешекте оларда жылына 4 миллиард 200 миллион киловатт саат ямаса 1 миллион 750 мың хожалықтың бир жыллық пайдаланыўына тең «жасыл» энергия ислеп шығарылады. Нәтийжеде дерлик 1,3 миллиард метр куб тәбийғый газ үнемленеди ҳәм атмосфераның зыянланыўы дерлик 2 миллион тоннаға қысқарады.
Әҳмийетли тәрепи, соның менен бир ўақытта Қоңырат районында самал турбинасының бөлеклери, минаралары ҳәм пәтпелеклерин ислеп шығарыў бойынша кәрханалар қурылысы да басланбақта. Нәтийжеде жылына 1 000 мегаватт қуўатлы қтағысамал турбина бөлеклери ҳәм 120 минараны ислеп шығарыў локализацияланып, 100 миллион долларлық импорттың орнын басыўшы өнимлер таярланады.
Буннан тысқары, Нөкис районында 24 миллион доллар инвестиция есабынан жылына 20 миллион ысытыў радиаторларын ислеп шығарыў жолға қойылады.
Қала ҳәм районларды абат етиў, халық ушын мүнәсип турмыс шараятларын жаратыў мәселелери де итибарда. Усы күнлери санаат, аўыл хожалығы, туризм ҳәм хызмет көрсетиў тараўларында 62 миллион долларлық 12 жойбар иске қосылмақта. Мәресимде олардан екеўи – Беруний районы ҳәм Нөкис қаласындағы ири саўда комплекслери ашылды.
Мәмлекетимиз басшысы рәмзий түймени басып, жаңа объектлердиң қурылысы ҳәм жумысын баслап берди. Ҳәммени мәмлекетимиз экономикасында үлкен әҳмийетке ийе бул жойбарлар менен қутлықлады.
ӨзА