Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 12-август күни районларды экономикалық раўажландырыў, альтернатив энергия дәреклерин енгизиў ҳәм санаат кәрханалары ушын тартымлы шараятлар жаратыў илажлары бойынша видоселектор мәжилиси өткерилди.

Бизге белгили, елимизде халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў бойынша Сайхунабад, Уйчи, Зарбдор ҳәм Ғиждуўан тәжирийбелери жолға қойылған. Мәжилис алдынан усы бағдардағы жумыслардың нәтийжелери көрип шығылды.

Мәселен, Сайхунабад тәжирийбеси тийкарында ҳәр бир мәҳәлледе 10 нан микрожойбар ислеў ўазыйпасы қойылған. Бул арқалы республикада жәми 132 мың микрожойбар иске қосылып, 242 мың адамның бәнтлиги тәмийинленген. Бирақ 26 райондағы 46 мәҳәлледе бул жумыслар төмен алып барылмақта.

Уйчи тәжирийбеси тийкарында банклер қарыйдар менен ислесип,  республика бойынша 500 мың жаңа жумыс орны ашылған. Бирақ 15 район ҳәм қалада нәтийже жетерли емес.

Ғиждуўан тәжирийбеси мың мәҳәлледе көп қабатлы санаат имаратларын қурыўға, Зарбдор тәжирийбеси орынларда драйвер жойбарлар ислеўге қаратылған.

Усы 4 районның тәжирийбеси мәмлекетлик сиясат екени айтылып, оларды орынлаўда немқурайдылыққа жол қойған басшыларға қатаң шара көрилиўи ҳаққында  ескертилди. Улыўма, тәжирийбелердиң ҳәр бири бойынша жуўапкерлерге анық «KPI» белгиленип, орынланыўы үстинен қатаң сораў болатуғыны атап өтилди.

Мәжилис күн тәртибиндеги тийкарғы мәселелер – Бухара ўәлаяты мысалында исбилерменлерге көбирек шараят жаратыў, ҳәр бир районды қәнигелестириў, энергиядан ақылға уғрас пайдаланыў ҳаққында болды. Мәжилисте ҳүкимет ағзалары, экономика тармақлары басшылары ҳәм басқа ўәлаятлардың ҳәкимлери де қатнасты.

Усы жылы 31-май- 1-июнь күнлери мәмлекетимиз басшысы Бухара ўәлаятында болған еди. Сапардан соң аймаққа 1,4 триллион сум ажыратылды. Бүгин исбилерменликке қосымша 60 миллион доллар, инфраструктураға 40 миллион доллар ажыратыў бойынша қарарға қол қойылды.

Мәжилисте Бухарадағы имканиятлар бес бағдарға бөлинип көрип шығылды ҳәм ўазыйпалар белгиленди.

Усылардан бириншиси бул –хызметлерди раўажландырыў.

Ўәлаятта 584 мийман үйлери, 122 улыўма аўқатланыў, 18,5 мың саўда, 30 саламатлық ҳәм фитнес орайлары бар. Бухараның тағамлары белгили, бирақ ҳәр мың адамға туўра келетуғын асхана ҳәм ресторанлар саны Самарқандтағыдан 10 есеге аз. 103 жойбарлаў шөлкеми , 2 мың 372 қурылыс шөлкеми де толық иске қосылмай тур. Аймақлардың мастер режесин ислеп шығып, саўда ҳәм сервис шақапшаларын жайластырыў мүмкин.

Сол себепли Бухарадағы 62 массив ҳәм 54 көшеде хызметлерди раўажландырыў бойынша қарар қабыл етилди. Олардың бири аўқатланыў, екиншиси саламатлық, басқалары мийманхана, өнерментшилик, саўда ҳәм хызметлерге қәнигелестириледи. Жәми 4 мың исбилерменлик шөлкемлестирилип, 6 мың халықтың бәнтлиги тәмийинленеди.

Мәмлекетимиз басшысы санаат зоналарында жер ажыратыўды жеңиллестириў, оған хызмет көрсетиўди де қосыў усынысын қоллап-қуўатлады. Буннан былай сервис орынларын сатып алыў ушын өз-алдына кредит түри – «хызмет ипотекасы» жолға қойылыўы белгиленди.

Мәжилисте энергиядан ақылға уғрас пайдаланыў мәселесине айрықша итибар қаратылды. Бухарада 900 миллион киловатт электр ҳәм 400 миллион куб метр газди үнемлеў имканияты бар екенлиги атап өтилди. Бул –улыўма пайдаланыўдың 20 процентине тең. Соның ишинде, 42 ири кәрханада үскенелерди жаңалап, 25 процентке шекем электр ҳәм газди үнемлеў мүмкин.

Ең үлкен пайдаланыўшы- «Аму- Бухара каналы ». Насосларды жаңалаў нәтийжесинде жылына 200 миллион киловатт яки 204 миллиард сум үнемленбекте. Бирақ бул аз.

Насос станциялары аймағында 100 мегаваттлы қуяш станциясы ҳәм 100 мегаваттлы сақлаў системасы орнатылса, улыўма тармақтан алынатуғын электрди 25 процентке, күнлик орташа тарифти 12,5 процентке азайтыў мүмкинлиги көрсетип өтилди.

Сондай-ақ, 200 мың көшпес мүлк имаратында кеминде 3  киловаттлы қуяш панелин орнатып, 600 мегаватт қуўатлылық жаратыў имканияты бар. Бул арқалы ўәлаятта электрден пайдаланыў және 20 процент үнемленеди.

Сол себепли Энергетика министрлиги ўәлаят ҳәм район жуўапкерлерине жыл ақырына барып 4 мың объектте қуяш панеллерин орнатыў ўазыйпасы қойылды. Оның ушын оларды сатып алыў имканиятларын кеңейтиў зәрүр екенлиги айтылды.

Жеке секторды кеңнен тартқан ҳалда, халыққа суйылтырылған газди өз ўақтында жеткерип бериў илажлары белгиленди.

Бухара ўәлаятында 3 ири газ-химия комплекси, 10 қуяш ҳәм самал станциялары қурылмақта. Оларда 1 миллиард долларлық аўысық бөлекке мүтажлик бар. Бирақ көп кластер ҳәм кәрханалар бирдей өним ислеп шығарып, жаңасын жаратыў үстинде ислемей атыр.

Ўәлаятта 1,5 миллион тонна мийўе-овощлар таярланады. Бул –Бухараның талабынан 2 есеге көп. Бирақ олардың тек ғана 11 проценти қайта исленеди, 30 проценти тасыўда ысырап болмақта. Ўәлаяттың 4 киши агрологистика орайы қуўатлылығы болса  66 мың тонна өнимди қайта ислеўге жетеди.

Сол себепли Президент ҳәр бир районды санаат тармақларына қәнигелестириў кереклигин атап өтти.

Мәселен, Жандор районында үй текстили бойынша 3 мыңға шамалас ҳаял-қызларда жетерли тәжирийбе бар. Вобкент районында войиш усылында жүзим, гүл ҳәм нәл жетистириў жолға қойылған. Бухара районында 27 мың тонна мийўе-овощты қайта ислеў қуўатлылығына ийе жаңа кәрхана иске қосылған.

Усылайынша ҳәр бир район қәнигелесиўинен  келип шығып, шийки зат, инфраструктура, кадр ҳәм базар мәселелерин қамтып алған бағдар ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.

Бул реже ҳәм мақсетлердиң иске асыўы ушын профессионал кадрлар керек. Бирақ көпшилик жағдайларда кәсипке оқытыў мийнет базарындағы талап ҳәм жаслардың қызығыўшылығын есапқа алмастан, бар оқытыўшылар шеңберинде әмелге асырылмақта. Жаслардың тек ғана 2 проценти дуал билимлендириў усылында оқытылады, ўәлаяттағы 30 мың кәрханадан 350и менен бирге ислесиў жолға қойылған. Ақыбетинде қуўатлылығы 28 мың оқыўшы болған колледж ҳәм техникумларға қабыллаў 50 процентке жетпейди.

Соның ушын енди қуўатлылығынан толық пайдаланбай атырған оқыў имаратлары ҳәм ханалары исбилерменлерге тиккелей ижараға бериледи. Түскен қаржылар имаратларды оңлаў ҳәм үскенелер сатып алыўға сарыпланады. Бирден-бир шәрт –бул жерде жасларды кәсипке оқытып, жумыслы етиў екенлиги атап өтилди.

Аймақларда жумыс алып барыўға ең үлкен тосық – район шөлкемлериндеги немқурайдылық кейпияты. Хызметкерлерге «KPI» белгиленбеген, санластырыў шала, жаңалықларға оқытыў жоқ. Сол себепли министрликлерге өз системасында методология, регламент ҳәм санластырыўды тәртипке салыў бойынша көрсетпелер берилди.

Мәжилисте Бухара ўәлаяты ҳәм районлар ҳәкимлери, тараў ҳәм тармақлар басшыларының мәлимлемеси  тыңланды.

ӨзА