Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаевтиң мирәт етиўине бола 7-9-август күнлери мәмлекетлик сапар менен усы мәмлекетте болды.
Президент Шавкат Мирзиёев 9-август күни Астана қаласында Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының алтыншы Мәсләҳәт ушырасыўында қатнасты.
Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаевтың басшылығында өткен илажда Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров, Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон, Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов, сондай-ақ, ҳүрметли мийманлар сыпатында Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев ҳәм БМШтың Орайлық Азия ушын превентив дипломатия бойынша регионаллық орайының басшысы Каха Имнадзе де қатнасты.
Күн тәртибине муўапық, регионда көп тәреплемели бирге ислесиўди және де кеңейтиў, соның ишинде, сиясий қатнасықты раўажландырыў, саўда, инвестициялар, транспорт, энергетика, аўыл хожалығы ҳәм экология тараўларында биргеликтеги бағдарлама ҳәм жойбарларды алға қойыў, мәдений-гуманитарлық алмасыўды жеделлестириў, сондай-ақ, заманагөй қәўип-қәтерлерге қарсы илаж көриў мәселелери додаланды.
Өзбекстан басшысы өзиниң шығып сөйлеген сөзинде регионда тилеклеслик ҳәм аўызбиршиликти беккемлеў, көп тәреплемели бирге ислесиўди кеңейтиў бағдарындағы улыўма ҳәрекетлерди жоқары баҳалады.
– Ашық ҳәм нәтийжели қатнасықларымыз, алға қойылған әҳмийетли басламалар, иске түсирилген көп тәреплеме жойбарлар ҳәм бағдарламалар, әмелге асырылған көплеген биргеликтеги илажлар ҳәм усы сыяқлы басқа да ҳәрекетлеримиз регионның қелбетин ҳәм имиджин пүткиллей өзгертеди, – деди Шавкат Мирзиёев.
Регион мәмлекетлери нәтийжели бирге ислесип, әҳмийетли мәселелерди шешип баслағаны атап өтилди. Өз-ара саўда, инвестициялар, жүк тасыў көлеми, пуқаралардың сапарлары бир неше есеге артты. Сырт мәмлекетлердиң регионға қызығыўшылығы сезилерли дәрежеде артты, «Орайлық Азия плюс» форматындағы түрли ушырасыўлар соннан дәрек береди.
– Бүгин биз улыўма регионаллық өзине тәнликти қәлиплестириў процеси басланғаны ҳаққында исеним менен айтыўымыз мүмкин, – деди Өзбекстан Президенти.
Мәмлекетимиз басшысы кәсиплеслериниң регионаллық өз-ара бирге ислесиў механизмлери ҳәм институтларын иске қосыў, соның ишинде, миллий координаторлар, тармақ мнистрликлери ҳәм уйымлары ўәкиллериниң ушырасыўлары бойынша усынысларын қоллап-қуўатлады. Ҳәзирги басқышта қабыл етилип атырған қарарларды әмелге асырыў ҳәм биргеликтеги жойбарларды алға қойыў ушын тәсиршең қураллар керек екенлигин атап өтти.
– Регионаллық интеграцияны тереңлестириў ҳәм узақ мүддетли шериклик күн тәртибин байытыў ушын Мәсләҳәт ушырасыўы форматын жәнеде жетилистириў мәселелерин биргеликте көрип шығыў ўақты келди, – деди Өзбекстан жетекшиси.
Усы мәселелер бойынша концептуаллық усыныс ҳәм пикирлер ислеп шығыў ушын Орайлық Азия эксперт форумының гезектеги мәжилисин мәмлекетемизде өткериў усыныс етилди.
Дүньядағы ҳәзирги жағдайға тоқтап, Өзбекстан Президенти Орайлық Азия өзиниң геосиясий жайласыўы себепли глобал исеним кризиси ҳәм келиспеўшиликлердиң кескинлесиўиниң барлық унамсыз ақыбетлерин басынан өткерип атырғанын атап өтти.
Дәстүрли саўда-транспорт шынжырлары бузылды, регион мәмлекетлери санкция сиясатының әсирине айланды, логистика қәрежетлери сезилерли дәрежеде артты, инфляция басымы күшеймекте, дүнья капитал базарындағы имканиятлар қысқармақта, протекционизм күшеймекте ҳәм жаңа тосқынлықлар пайда болмақта.
Буннан тысқары, Аўғанстандағы жағдайдың раўажланыўы менен байланыслы мәселелер халықаралық күн тәртибине екинши дәрежеге түсип қалды.
Орайлық Азия мәмлекетлериниң абаданшылығы көпшилик жағдайда улыўма ҳәрекетлерге, тығыз бирге ислесиў, қатаң илажлар көриў ҳәм регионның мәплерин биргеликте алға қойыўға таярлыққа байланыслы. Усы мүнәсибет пенен стратегиялық ҳүжжет – Регионаллық қәўипсизлик ҳәм турақлылықты тәмийинлеў концепциясын ислеп шығыў усыныс етилди.
Глобал процесслердиң Орайлық Азияның турақлы раўажланыўына тәсирин таллаўдан келип шығып, Өзбекстан Президенти регионда әмелий бирге ислесиўдиң бир қатар тийкарғы бағдарларын белгилеп берди.
Биринши гезекте, узақ мүддетли перспективаға мөлшерленген экономикалық шерикликти раўажландырыўдың жаңа драйверлери ҳәм модели зәрүр екенлиги атап өтилди.
– Мәмлекетлеримиз тәбийғый саўда шериклери болып, миллий экономикаларымыз бир-бирин толықтырады, – деди Шавкат Мирзиёев.
Соның менен бирге, бүгинги күнде мәмлекетлеримиз улыўма товар айланысында регионаллық саўданың үлеси киши, Регионда толық еркин саўда аймағын қәлиплестириў жолындағы тосқынлықлар сақланып қалмақта.
Таллаўларға бола, биринши гезектеги илажларды әмелге асырыў жақын бес жылда саўда көлемин еки есеге көбейтиў имканиятын беретуғыны атап өтилди.
Тариф ҳәм тариф емес тосқынлықларды сапластырыў, муўапықлылық сертификатларын өз-ара тән алыў ҳәм регламентлерди унификациялаў, бажыхана операциялары ҳәм фитосанитария тәртип-принциплерин санластырыў, мәмлекетлик сатып алыўлардан пайдаланыўды өз-ара жеңиллестириў имканиятларын көрип шығыў усылардың ишине киреди.
Бирден-бир регионаллық базарды қәлиплестириў узақ мүддетли перспективаға мөлшерленген стратегиялық мақсет болыўы керек.
Мәмлекетимиз басшысы усы мәселелердиң барлығын көрип шығыў ушын Экономикалық кеңес – Бас министрдиң орынбасарлары дәрежесинде турақлы ушырасыўларды жолға қойыў усынысын билдирди.
Өзбекстан келеси жылы усы ушырасыўдың бириншисин қабыл етиўге және оның шеңберинде Аймақлар форумы ҳәм тармақ конференциялары, санаат потенциалы көргизбе-ярмаркасы, экспорт имканиятлары презентацияларын шөлкемлестирген ҳалда Орайлық Азия бизнес бирге ислесиў ҳәптелигин өткериўге таяр.
Санаат кооперациясын хошаметлеў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Бул бағдарда нәтийжели мысаллар бар. Атап айтқанда, шегара алды бирге ислесиўге байланыслы арнаўлы аймақлар, заманагөй автомобильлер, турмыслық электроника, фармацевтика өнимлерин ислеп шығарыў жойбарлары, аграр ҳәм тоқымашылық кластерлери, логистика орайлары ҳәм инфраструктура обектлери бар.
– Биз күшлеримизди бирлестирип, қысқа қосымша қун шынжырларын жаратыў, жетекши халықаралық компаниялардан инвестиция ҳәм технологияларды тартыў , кооперацияның жаңа қәлиплерин енгизиў арқалы регионды санаатларстырыўдың бирден-бир картасын қәлиплестириўге ерисе аламыз, – деди мәмлекетимиз басшысы.
Бул бағдарда министрлер дәрежесинде Кеңес шөлкемлестириў ҳәм бағдарламалық ҳүжжет таярлаў усыныс етилди.
Сондай-ақ, Орайлық Азия инвестиция кеңеси, Инновациялық раўажланыў банкин шөлкемлестириў, биргелектеги инвестиция форумларын турақлы өткерип барыў мәселелери де перспективалы екени атап өтилди.
Регионаллық транспорт-коммуникация тармағын раўажландырыў бирге ислесиўдиң және бир тийкарғы бағдары сыпатында атап өтилди. Регионың географиялық өзгешеликлеринен келип шығып, сыртқы саўда жүклерин тасыў қәрежетлериниң үлеси товарлардың жуўмақлаўшы баҳасының 50 процентке шекем жеткенине итибар қаратылды.
Усы мүнәсибет пенен келисилген тариф сиясатын қәлиплестириў ҳәм өткериў, миллий тасыўшыларды қоллап-қуўатлаў ушын жеңиллик ҳәм преференцияларды қолланыў, транспорт тармағы ҳәм инфраструктураны модернизациялаў, шегара пунктлериниң өткериў қәбилетин арттырыў, транспорт тараўын санластырыў мәселелери системалы қатнас жасаўды талап етеди.
Азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў бағдарындағы жумысларды муўапықластырып барыў зәрүр екенлиги атап өтилди. БМШтың Азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкеми экспертлериниң есап-санақларына бола, Орайлық Азия мәмлекетлери тек тийкарғы азық-аўқат өнимлерине болған мүтәжликлерин қанаатландырыў емес, ал халықаралық базарда беккем орын ийелеўи мүмкин.
Оның ушын аўыл хожалығында өндирис ҳәм суўды үнемлеўдиң инновациялық технологияларын енгизиў, өнимдарлықты арттырыў, терең қайта ислеўди раўажландырыў, селекция тараўындағы илимий жумысларды күшейтиў, кластер ҳәм «ақыллы» фермер хожалықларын шөлкемлестириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Усы тараўдағы Регионаллық стратегияны ислеп шығыў мақсетинде быйылғы жылдың сентябрь айында Ташкент қаласында болып өтетуғын Теңизге шығыў имканиятына ийе болмаған мәмлекетлердиң азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша халықаралық форум шеңберинде регион аўыл хожалығы министрлериниң ушырасыўын өткериў усыныс етилди.
Мәмлекетимиз басшысы климат өзгериўи машқалаларына айрықша итибар қаратты. Температураның көтерилиўи, музлықлардың ериўи, тасқынлар, қурғақшылықлар, шаң боранлары ҳәм басқа көплеген тәбият ҳәдийселери үлкен зыян жеткериўде даўам етпекте.
– Усы жылдың ноябрь айында Әзербайжанда болып өтетуғын Климат саммитти даўамында мәмлекетлеримиз бирден-бир позиция менен шығыўы мүмкин. Бул жерде сөз халықаралық жәмийетшилик, фондлар ҳәм донорлық шөлкемлериниң итибарын усы қыйын машқалалар, соның ишинде, Арал апатшылығына шешим табыўға қаратыў мақсетинде региондағы экологиялық жағдай ҳаққында биргеликтеги презентация өткериў ҳаққында болмақта, – деди Шавкат Мирзиёев.
Сондай-ақ, Орайлық Азияны турақлы раўажландырыў комплексли бағдарламасы ҳәм Трансшегаралық дәрьялардың суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў бойынша регионаллық стратегияны ислеп шығыў ҳәм қабыл етиў усыныс етилди.
Энергетика тараўындағы бирге ислесиў регион мәмлекетлериниң бирге ислесиўиниң тийкарғы бағдары сыпатында атап өтилди. Бүгинги күнде регионаллық көлемде электр энергиясын ислеп шығарыўды көбейтиў ҳәм оны үшинши мәмлекетлерге экспорт етиў бойынша бир қатар стратегиялық жойбарлар ислеп шығылмақта.
Буннан тысқары, атом энергетикасын раўажландырыў, углеводородлар жеткерип бериўди көбейтиў режелери де бар.
Өзбекстан Президенти регион мәмлекетлери парламентлери арасындағы нәтийжели алмасыўларды раўажландырыўға жоқары баҳа берди ҳәм буны ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлайтуғынын билдирди. Усы мүнәсибет пенен гезектеги Праламентлераралық форумды келеси айда Хийўа қаласында өткериўди усыныс етти.
Гуманитарлық тараўдағы бирге ислесиў мәселелерине тоқтап, мәмлекетимиз басшысы «мәдений-тарийхый мийрастың улыўмалығын есапқа алған ҳалда, халықларымыздың регион келешеги ушын жуўапкершилиги, тилеклеслиги, улыўма жуўапкершилигин аңлаўды күшейтиўге үлкен итибар бериў керек» екенлигин атап өтти.
«Орайлық Азия тарийхы ҳәм мәденияты: бирден-бир өтмиш ҳәм улыўмалық келешек» халықаралық медиа платформасының тез пурсатта иске қосылыўы бул бағдарда әҳмийетли қәдем болады.
Регион халықларының өз-ара бир-бирин түсиниўин ҳәм аўызбиршилигин және де беккемлеў мақсетинде регионаллық өзине тәнлигин қәлиплестириўдиң әмелий тәреплерине бағышланған илимий форум өткериў усыныс етилди.
Инновациялық идеялар ҳәм жойбарлар регионаллық таңлаўдың турақлы өткерилиўи «Орайлық Азия жаслары күн тәртиби – 2030»ды алға қойыў ҳәм жас әўладты бирге ислесиў бағдарламаларына тартыўға хызмет ететуғыны атап өтилди.
Өзбекстан Президенти билимлендириў тараўындағы бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша бир қатар басламаларды алға қойды. Орайлық Азия билимлендириў ҳәм академиялық алмасыў бағдарламасын қабыл етиў ҳәм жетекши жоқары оқыў орынларының дипломларын өз-ара тән алыў ҳаққындағы келисимди ислеп шығыў, қәбилетли студентлердиң оқыўы ушын өз-ара келисимлер тийкарында стипендиялар ажыратыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Усы мәселелерди ҳәр тәреплеме додалаў ушын октябрь айында Ташкент қаласында биринши Орайлық Азия билимлендириў форумы өткерилиўи режелестирилген.
Регионаллық шерикликтиң жаңа драйвери сыпатында туризм тараўы белгиленди. Туризм алмасыўын кеңейтиў мақсетинде миллий ID –карталарды өз-ара тән алыў мәселесин үйрениў ҳәм «бир тур – пүткил регион» принциплери тийкарында ғалаба туризм өнимлерин ислеп шығыў усыныс етилди.
Сөзиниң жуўмағында Президентимиз Регионаллық бирге ислесиўди раўажландырыўдың 2040-жылға шекем мөлшерленген концепциясының қабыл етилиўин қоллап-қуўатлады және Орайлық Азияда стратегиялық шериклик ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы көп тәреплемели келисимди таярлаўды усыныс етти.
Өзбекстан басшысы был ушырасыўдың табыслы нәтийжелери Орайлық Азияда дослық ҳәм жақсы қоңсышылық қатнасықлары және де беккемлениўине, регион халықлары абаданлығы жолында әмелий бирге ислесиўди кеңейтиўге хызмет ететуғынына исеним билдирди.
Президентимиз Орайлық Азия мәмлекетлериниң басшыларын келеси жылы болып өтетуғын жетинши самитте қатнасыў ушын Өзбекстанға мирәт етти.
Гезектеги Мәсләҳәт ушырасыўы шеңберинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевқа регион мәмлекетлери арасындағы дослық, қоңсышылық ҳәм өз-ара түсинисиўди раўажландырыўдағы айрықша хызметлери ушын Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының Ҳүрмет белгисин салтанатлы тапсырыў мәресими болып өтти.
Мәмлекетимиз басшысы Орайлық Азия жетекшилерине миннетдаршылық билдирип, бул жоқары сыйлық мәмлекетлеримиздиң регионаллық бирге ислесиў ҳәм стратегиялық шерикликти беккемлеўдеги улыўма табысларының көриниси екенин атап өтти.
– Сиясий күш ҳәм биргеликтеги ҳәрекетлеримиз себепли бүгин Орайлық Азия қоңсышылық, өз-ара пайдалы бирге ислесиў ҳәм турақлы раўажланыў мәканына айланбақта, – деди Шавкат Мирзиёев өзиниң шығып сөйлеген сөзинде.
Муўапықластырылған жумыс нәтийжесинде товар алмасыў ҳәм инвестициялардың көлеми бир неше мәрте көбейди, кең көлемли бирге ислесиў жойбарлары әмелге асырылмақта, шегара алды саўда аймақлары, қосымша қун шынжырлары, заманагөй транспорт ҳәм энергетика инфраструктурасы қурылмақта.
Тилеклеслик ҳәм регионаллық өзине тән сезими барған сайын беккемленип бармақта. Ең әҳмийетлиси, бул унамлы өзегрислерди регион мәмлекетлери пуқаралары өзиниң күнделикли турмысында сезинбекте.
Халықаралық субъектликтиң беккемлениўи ҳәм регионның жоқары тартымлылығы себепли Орайлық Азия экономикалық белсендилик орайына, Шығыс ҳәм Батыс, Арқа ҳәм Қубланы байланыстырыўшы транспорт-коммуникация көпирине айланып атырғаны атап өтилди.
Мәмлекетимиз басшысы әҳмийетли баслама ҳәм қарарлардың системалы түрде әмелге асырылыўы нәтийжесинде регион мәмлекетлериниң жақынласыў процеси турақлы, избе-из ҳәм артқа қайтпайтуғын түрге енгенин айрықша атап өтти.
Жуўмағында Шавкат Мирзиёев жетекшилерге жоқары сыйлық ушын және бир мәрте минетдаршылық билдирип, Орайлық Азияны тыныш ҳәм абадан аймаққа айландырыў Өзбекстанның сыртқы сиясатының тийкарғы мақсети болып қалатуғынын атап өтти.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларның Мәсләҳәт ушырасыўы шеңберинде Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳаммедов пенен ушырасыў өткерди.
Өзбекстан менен Түркменстан арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын және де бекеммлеў мәселелери көрип шығылды.
Усы жылы июль айында Ташкентте болып өткен Ҳүкиметлераралық комиссия ҳәм Исбилерменлер кеңесиниң гезектеги мәжилислери, сондай-ақ, Түркменстан өнимлери көргизбесиниң нәтийжелери миннетдаршылық пенен атап өтилди.
Өз-ара саўда көлемин арттырыў ҳәм экономиканың тийкарғы тармақлары, соның ишинде, санаат, энергетика, аўыл хожалығы, транспорт тараўларында кооперация жойбарларын алға қойыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Аймақлараралық қатнасықларды кеңейтиў ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыў бағдарламаларын жақсылаў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Регионаллық күн тәртибиндеги мәселелер бойынша да пикир алысты.
Соның менен Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қазақстан Республикасына мәмлекетлик сапары жуўмақланды.
ӨзА