Ақорда резиденциясында Өзбекстан Респубдикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаевтың басшылығында Жоқары мәмлекетлераралық кеңестиң биринши мәжлиси болып өтти.

Мәмлекетимиз басшысы Қазақстан басшысы ҳәм халқына қызғын қабыллағаны ушын миннетдаршылық билдирди ҳәм бул күн Өзбекстан-Қазақстан бирге ислесиўи тарийхында айрықша әҳмийетке ийе екенлигин атап өтти.

-Бүгин биз Жоқары мәмлекетлераралық кеңестиң биринши мәжилисин өткермектемиз. Бул мәмлекетлеримиз арасында стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықлары раўажланыўында тарихый ўақыя есапланады,- деди Шавкат Мирзиёев.

Соңғы жылларда Өзбекстан-Қазақстан қатнасықлары жоқары пәтте раўажланғаны айрықша атап өтилди.

Сапар шеңберинде Ҳүкиметлераралық комиссия ҳәм Исбилерменлер кеңеси мәжилислери, бизнес форум, сиясий мәсләҳәтлесиўлер, аналитикалық орайлардың форумы, интеллектуаллық ойынлар табыслы өткерилди. Кино күнлери, көргизбелер, концертлер ҳәм басқа көплеген илажлар даўам етпекте.

Еки мәмлекет басшылары 2024-2025-жылларға мөлшерленген стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық бағдарламасы қабыл етилгенин қанаатланыўшылық пенен атап өтти. Бул бағдарлама Өзбекстан-Қазақстан дослық ҳәм жақсы қоңсышылық қатнасықларында жаңа сапа басқышы басланғанын аңлатады.

Мәжилис даўамында мәмлекетимиз басшысы бир қатар әҳмийетли ўазыйпаларды көрсетип өтти.

Бәринен бурын, халықаралық структуралар шеңберинде позицияларды муўапықластырыў ҳәм улыўма мәплерди нәтийжели алға қойыў әҳмийетли екени атап өтилди.

Сөйлесиўлердиң нәтийжелилигин арттырыў, Парламентлераралық форумды шөлкемлестириў, Экспертлер кеңесиниң қызғын жумысын даўам етиў бойынша келисимге ерисилди.

Товар алмасыўдың көлемин жақын жылларда 10 мың миллиард долларға жеткериў имканиятлары толық додаланды. Усы мақсетте айдың ақырына шекем айрықша бағдарлама қабыл етиледи. Онда базарларды өз-ара қәлиплестириў, бар шеклеўлерди сапластырыўға айрықша итибар қаратылады.

Мәмлекетимиз басшысы санаат кооперациясының жаңа стратегиясын қабыл етиў зәрүрлигин атап өтти.

Тәреплер кеше болып өткен бизнес-форумы ҳәм исбилерменлик ушырасыўларының жуўмақлары бойынша 7 миллиард долларлық  салмақлы келисимлерге қол қойылғанын унамлы баҳалады.

Гәп энергетика, логистика, қурылыс, химия, электротехника, тоқымашылық, агросанаат ҳәм басқа тараўлардағы бирге ислесиў ҳаққында бармақта.

Халықаралық санаат кооперциясы орайын иске қосыўды жеделлестириў ҳәм перспективалы жойбарларды қаржылай қоллап-қуўатлаў ушын биргеликтеги қорды шөлкемлестириў мәселесин үйрениўге келисип алынды.

Экономикалық бирге ислесиўдиң ҳақыйқый ҳәрекетлендириўши күши болған аймақлар арасындағы байланыслар стратегиялық шерикликтиң әҳмийетли бағдарларының бири сыпатында белгиленди.

Форумды барлық ўәлаятлар ҳам орайлық қалаларды қамтып алған ҳалда Аймақлар кеңесине айландырыў ҳәм оның мәжилисин гүзде Самарқандта өткериўге қарар етилди. Ҳүкиметлерге анық келисимлерге ерисиў ушын аймақларға өз-ара сапарлар кестесин тастыйықлаў тапсырылды.

Энергетика қуўатлылықлары ҳәм инфраструктурасын қурыў, альтернатив энергия дәреклерин раўажландырыў бойынша жойбарларды биргеликте әмелге асырыўға таярлық билдирилди. Ири регионаллық жойбарларды, бәринен бурын, Қамбарата ГЭС қурылысын таярлаў жумыслары жеделлестириледи.

Транспорт ҳәм транзит тараўында исбилерменлер топарларын тартқан ҳалда еки мәмлекет арасында жаңа транспорт коридорларын қурыў жойбарларын ислеп шығыўға келисип алынды. Буннан тысқары, заманагөй логистика инфраструктурасын жаратыў жумысларын күшейтиў әҳмийетли екени  атап өтилди.

Регионда суўдан пайдаланыў мәселелерине бирден-бир көзқарас бар екенлиги атап өтилди. Исенимли ҳуқықый базаны қәлиплестириў, суў хожалығы объектлерин автоматластырыў ҳәм санластырыў жумыслары даўам еттириледи.

Мәденият, билимлендириў, жаслар ҳәм туризм тараўларындағы алмасыўларды раўажландырыўға айрықша итибар қаратылды.

-Усы күнлерде Астанада Өзбек киносы күнлери, көргизбелер, фестивальлар, концертлер өткерилмекте. «Заковат» интеллектуаллық ойыны табыслы өтти. Бундай илажлар жасларымызды және де жақынластырады, оларды улыўмалық тарийхымыз ҳәм қәдириятларымыз бенен жақыннан таныстырады,-деди мәмлекетимиз басшысы.

Мәдений-гуманитарлық бирге ислесиў бойынша 2024-2025- жылларға мөлшерленген илажлар режеси де усыған хызмет етеди.

Билимлендириў тараўында бүгин еки мәмлекеттеги жетекши жоқары билимлендириў мәкемелери –Алмаатада Ташкент ирригация ҳәм аўыл хожалығын механиациялаў инженерлери институты ҳәм Шыршықта Мухтар Авезов атындағы Қубла Қазақстан университети филиалларының жумысы жолға қойылады. Мәмлекетимиз басшысы Қазақстан Президенти Қасым-Жомарт Тоқаевқа Астана қаласында өзбек халқының уллы перзенти, шайыр ҳәм ойшыл Әлийшер Наўайы естелигин орнатыў басламасы ушын миннетдаршылық билдирди.

Тәреплер Орайлық Азияда интеграция ҳәм бирге ислесиўди тереңлестириў тәрепдары екенликлерин тастыйықлады. Атап өтилгениндей, Мәсләҳәт ушырасыўы регион алдында турған ўазыйпаларды биргеликте шешиў ҳәм узақ мүддетли перспективаға мөлшерленген регионаллық күн тәртибин ислеп шығыўдың нәтийжели механизмине айланды.

Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, Шанхай бирге ислесиў шөлкеми, Түркий мәмлекетлер шөлкеми, Аралды қутқарыў халықаралық қоры ҳәм басқа структуралар шеңберинде тығыз ҳәм ашық сөйлесиўди даўам еттириўге таярлық билдирилди.

Сөйлесиўлер жуўмағында Шавкат Мирзиёев Қасым-Жомарт Тоқаевты Жоқары мәмлекетлераралық кеңестиң екинши мәжилисин өткериў ушын Өзбекстанға сапар менен келиўге мирәт етти.

ӨзА