Өзбекстанлы грек-рим гүресшиси Арам Варданян қола медалы ушын беллесиўде гилемге шықты.

Грек-рим гүреси бойынша Өзбекстан сайланды командасы ағзасы Арам Варданян (-77 кг) үшинши орын ушын беллесиўде гилемге шықты.

2021-жылғы жәҳән чемпионы, армениялы Малхас Амоян менен гүрескен жерлесимиз жеңилиске ушырады ҳәм Олимпиаданы бесинши орында жуўмақлады.

Сондай-ақ, Рустам Ассакалов Париж-2024 жазғы Олимпиада ойынларындағы қатнасыўын жуўмақлады. -97 кг салмақ категориясында гилемге шыққан жерлесимиз үшинши орын ушын болған беллесиўде кубалы әмелдеги жәҳән чемпионы Габриел Росиллони менен беллести. Өкинишлиси, Ассакалов гүрес даўамында жарақат алып гүрести даўам еттире алмады ҳәм бул олимпиаданы бесинши орында жуўмақлады.

 

Қарақалпақстан хабар агентилиги