Франция пайтахтында өткерилип атырған жазғы Олимпиада ойынларында өзбек спортшылары өз жүрисин даўам еттирмекте.

Ер адамлар арасындағы бокс беллесиўлеринде қатнасып атырған спортшымыз Асадхўжа Мўйдинхўжаев «Париж-2024»дағы қатнасыўын табыслы баслап алды.

Үмитли боксшимиз 71 кг салмақ категориясында Египет бокс командасының ең исенимли ўәкиллеринен бири Омар Элавадиге қарсы гүрес алып барды ҳәм 5:0 есабында толық үстинлик пенен жеңиске еристи.

Асадхўжаның кейинги беллесиўи 3-август күни Макан Траоре (Франция) ҳәм Николай Тертерян (Норвегия) жуплығы жеңимпазы менен ярым финал жолламасы ушын болып өтеди.

Токио-2020 жазғы Олимпиада ойынларының сыйлы орын ийеси Давлат Бобонов биринши басқыштың өзинде турнир менен ерте хошласты.

 

Қарақалпақстан хабар агентилиги