Бүгин Францияда өткерилип атырған Олимипада ойынларында бир қатар спорт түрлери бойынша жарыслар болып өтти. Академиялық ескек есиў спорты бойынша жеңил қайықта «С» финалында жуплық жарысында қатнасқан Шаҳзод Нурматов ҳәм Собир Сафаралиев 6:31.33 минут нәтийже көрсетип, белгиленген мәнзилге 3-болып жетип келди.
Бул көрсеткиш арқалы олар Олимпиаданы 15-орын менен жуўмақлады.
Ал, дзюдо бойынша -70 кг салмақта қатнасқан Гулноза Матниёзова дәслепки басқышта арқа кореялы Сонг Мунгти жеңип, екинши басқышта япониялы Саки Низоеге жеңилип қалды.
90 кг салмақтағы палўанымыз Давлат Бобонов болса, биринши басқышта Бирлескен Араб Әмирликлери ўәкили Арам Григорянға қарсы татамиге шықты ҳәм иппон есабы менен өз қарсыласынан жеңилип қалды.
Бокс бойынша 57 кг салмақта қатнасып атырған Олимпиада ойынларындағы байрақшымыз Абумалик Халоков дәслепки басқышта швециялы Набил Иброҳимге қарсы өткерип, оны 5:0 есабында жеңип шығыўға еристи.
Енди Абдумалик Халоков 3-август күни шерек финалда испаниялы Хосе Куилеске қарсы ярым финал жолламасы ушын гүрес алып барады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы