Бокс бойынша ҳаял-қызлар арасында Өзбекстан сайланды командасының  ағзасы Ситора Турдибекова Париж Олдимпиадасындағы өзиниң дәслепки ушырасыўын өткерди.

Ол өзиниң дәслепки беллесиўин конголы Марселат Сакобиге қарсы өткерди ҳәм оны 3:2 есабында жеңип шығыўға миясар болды.

Енди Ситора  2-август күни 1/8 финал басқышында еки мәрте жәҳән чемпионы қытай-тайпейили  Ю Тинг Линг пенен ушырасады.

Адилбай Оразов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.