Аўыр салмақ категориясында Баҳадыр Жалаловтың Олимпиада ойынларындағы тийкарғы қарсыласларынан бир болған қазақстанлы белгили боксши Қамшыбек Конкабаев Париж Олимпиадасының биринши басқышында-ақ жеңилиске ушырады.
Ол Олимпиаданың 1/8 финал басқышында испаниялы Айюб Гадфа пенен беллесип, оған 3:2 есабында жеңилип қалды.
Солай етип, Қазақстан бокс делегациясы Париж Олимпиадасында екинши жоғалтыўға ушырады. Атап айтқанда, Қамшыбек Конкабаевтан алдын Асланбек Шимбергенов та дәслепки беллесиўде жеңилиске ушыраған еди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.