Бүгин Олимпиада ойынларының төртинши күни өткериледи.

Усы күнге шекем өткерилген жарыслар жуўмағына бола, қолға киргизилген медальлардың сапасы ҳәм саны бойынша Япония 6 алтын, 2 гүмис ҳәм 4 қола медалы менен биринши орынды ийелеп тур.

5 алтын, 8 гүмис ҳәм 3 қола медалын қолға киргизген франциялы спортшылар екинши, 5 алтын, 5 гүмис ҳәм 2 қола медалы менен Қытай Халық Республикасы үшинши орында киятыр.

5 алтын, 4 гүмис медальды жеңип алған австралиялылар төртинши, 5 алтын, 3 гүмис ҳәм 1 қола медалына ийе қубла кореялы спортшылар  бесинши орынды ийелеп тур.

АҚШлы спортшылар бүгинги күнге шекем ең көп 20 медальды қолға киргизгени менен  медальлардың сапасы бойынша 6 орында киятыр. Оларда 3 алтын, 8 гүмис ҳәм 9 қола медал бар.

Ал, Өзбекстан спорт делегациясы болса, Диёра Келдиёрованың 1 алтын медалы есабынан 15- орынды ийелеп келмекте.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.