27-29-июль күнлери Ташкент қаласында паражүзиў бойынша жаслар арасында Өзбекстан кубоги ушын жарыслар болып өтти.
Онда қарақалпақстанлы параспортшылар да белсене қатнасып, жарыс жуўмағында, 8 алтын, 6 гүмис ҳәм 1 қола медалын қолға киргизиўге еристи.
Атап айтқанда, еркин усылда 200 метр аралыққа жүзиўде Асел Реймова алтын, 100 метрге брасс усылында гүмис медалды, Саятхан Әжиниязова 100 метрге брасс усылында алтын, Шахноза Ережепбаева 50, 100, 400 метр аралықларға кроль, 100 метрге баттерфляй усылларында алтын, 200 метрге комплекс жүзиўде гүмис медалды, Гүлсина Мәмбеталиева 100 метрге брасс, 400 метрге еркин усылда гүмис, 200 метрге комплекс усылда қола медалын жеңип алыўға миясар болды.
Ал, ер балалардан болса, Шарапатдин Жолдасбаев 100 метрге баттерфляй усылында алтын, еркин усылда гүмис, Сүйиндик Базарбаев 100 метрге баттерфляй усылында гүмис медальды қолға киргизиўге еристи.
Өзбекстан кубогинде жеңимпазлыққа ерискен бул жасларды тренерлерден А.Ильясов ҳәм А.Кеңесбаевлар таярлады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.