Өзбекстан дзюдо тарийхында жазғы Олимпиада ойынларында туңғыш алтын медальды қолға киргизген Диёра Келдиёрова 1998-жылдың 13-июль күни Самарқанд ўәлаятының Пастдарғам районында туўылды.
Кишкенелигинен миллий гүрес ҳәм дзюдо менен шуғылланған ол 2013-жылы Қытайдың Нанкин қаласында жас өспиримлер арасында өткерилген Азия ойынларында 44 кг салмақта қола медалын қолға киргизип, өзиниң спорттағы дәслепки ири жеңисине еристи.
Буннан соң бул табысын 2016 ҳәм 2018-жыллары Азия чемпионатында және бир мәрте тәкирарлады.
2018-жылы Индонезияның Джакарта қаласында өткерилген Азия ойынларында болса, 48 кг салмақта екинши басқышта Олимпиада ойынларының сыйлы орын ийеси япониялы Ами Кондодан жеңилип қалды.
Ал, 2019-жылы Бирлескен Араб Әмирликлериниң Элб-Фуджайра қаласында өткерилген Азия чемпионатында болса, 52 кг салмақта барлық қарсыласларын жеңип шығып, Азия чемпионына айланды.
Сондай-ақ, Диёра Италияның Неапол қаласында өткерилген жазғы Универсиада, Қытайдың Ухан қаласында болған Жер жүзилик әскерийлердиң ойынларында қола медальларын ийелеўге еристи.
2021-жылы Түркияның Анталия қаласында өткерилген «Үлкен дубылға» турниринде болса, барлық қарсыласларын, соның ишинде, финалда Эстерелла Лопести жеңип шығып, өзбекстанлы дзюдошы қызлар арасында биринши болып «Үлкен дубылға» турнириниң жеңимпазына айланды.
Буннан кейин Келдиёрова Бишкек қаласында болып өткен Азия чемпионатында гүмис, 2021-жылы Будапештте өткерилген жәҳән чемпионатында командалық беллесиўлерде қола медалын қолға киргизди.
Ал, Токиодағы Олимпиада ойынларында болса, дәслепки басқышта монголиялы Лхагвасурен Сосорбарам қа жеңилип қалды.
Бул жеңилистен соң көпшилик Диёраның руўхы түсип кетеди, деп ойлаған еди. Бирақ, өзине деген исеним ҳәм алға умтылыў оны жаңа жеңислерге қарай баслады ҳәм 2023-жылдың май айында Қатар пайтахты Доха қаласында өткерилген жәҳән чемпионатында 52 кг салмақта финалға шекем жетип келип, финалда япониялы Ута Абэге жеңилип қалды ҳәм гүмис медаль менен елимизге қайтып келди.
2024-жылдың апрель айында өткерилген Азия чемпионатында Диёра қола, май айында болып өткен жәҳән чемпионатында гүмис медальды жеңип алды ҳәм Олимпиада ойынларына пуқта таярлана баслады.
Париж Олимпиадасында халқымыз Диёрадан медаль күтип отырған еди. Бирақ, таңлап алыў басқышындағы дәслепки беллесиў оның ушын аңсат болмады. Атап айтқанда, ол Олимпиаданың 1/16 финалында япониялы Олимпиада чемпионы Ута Абэни 10:1 есабында жеңип шығып, 2023-жылдағы жеңилис ушын оннан өш алды.
Буннан кейинги басқышларда Диёра германиялы, франциялы дзюдошыларды жеңип шығып, финалда және бир Олимпиада ойынларының жеңимпазы косоволы Дистрию Красничти 1:0 есабында жеңип шығыўға миясар болды ҳәм Өзбекстан дзюдосы тарийхында биринши алтын медальды қолға киргизиўге еристи.
Диёраның ҳәзирги күндеги тренери туўралы айтатуғын болсақ, ол 1996-жылы Атлантада өткерилген Олимпиада ойынларында қол медальды ийелеген тәжирийбели немис дзюдошысы Марко Шпитка болып табылады.
Диёра Келдиёрова 2016-жылы Президент қарары тийкарында Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлық пенен сыйлықланды ҳәм соңынан
Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбия ҳәм спорт университетин оқып тамамлады.
2022-жылы ол IX Европа ашық чемпионатының гүмис медалы ийеси, Тәжикстан Президенти кубоги жарысының жеңимпазы, белгили дзюдошы Азамат Матякубов пенен турмыс қурып, оның менен бахытлы турмыс кеширмекте.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.