БМШ жәриялаған есабатқа бола, Жер барған сайын ысып, жасаў ушын қәўипли орынға айланбақта. Есабатта тезлик пенен илаж көрилмесе миллиардлаған адам кем-кем күшейип баратырған ыссы толқынынан азап шегиўде даўам ететуғыны атап өтилген.

Температура көтерилиўи менен ҳәмиледар ҳаяллар, майыплар ҳәм денсаўлығы төменлер, кекселер, балалар, көширилгенлер ҳәм кәмбағаллар оғада үлкен қәўип астында қалады. Суўытқыш орнатылмаған сапасыз үйде жасаў ҳәм ыссылық стресси экстремал ҳаўа-райы шараяты менен байланыслы өлимниң тийкарғы себебине айланады. 2000-2019- жыллар аралығында ыссылық себепли планетамызда жылына орташа 489 000 ға жақын өлим анықланған. Апатшылықтың 45 проценти Азия, 36 проценти Европаға туўра келген. 2000-2004 ҳәм 2018-2022-жыллары 65 жастан асқан адамлар арасында ыссылық пенен байланыслы өлим шама менен 85 процентке көбейген.

БМШ Балалар қоры – UNISEF экспертлериниң жуўмағына бола, Европа ҳәм Орайлық Азиядағы ыссы жылына дерлик 400 баланы набыт етпекте. Егер ҳәзирги шараят даўам етсе, 2050-жылға барып дүньяда 18 жасқа шекемги дерлик ҳәр бир, яғный 2,2 миллиард бала ыссы толқынға дус келеди. Бүгинги күнде глобал жумысшы күшиниң 70 процентинен көпшилиги, яғный 2,4 миллиард адам ыссы қәўипи жоқары шараятта мийнет ислеп атыр.

– Жумыс орны жүдә ыссылығы тәсиринде 22,8 миллион жарақат, 19 мыңға шамалас өлим ҳәм 26 миллионнан аслам бүйрек кеселлиги жағдайы анықланды, – дейди Халықаралық мийнет миграциясы (ХМШ) эксперти Балинт Нафродий.

2022-жыл ыссы тәсиринде 863 миллиард доллар эквивалентте жумыс өнимдарлығы төменлеп, итималлы дәрамат жоғалған. Экспертлердиң есабына бола, күндиз температура 34 дәрежеден көбейсе, мийнет өнимдарлығы 50 процентке төменлейди.

Бирлескен Миллетлер Шөлкеми төрт әҳмийетли бағдарда халықаралық бирге ислесиўди беккемлеў ушын жедел ҳәм бирге ҳәрекет етиўге шақырмақта. Бириншиден, барлық мәмлекетлер ҳәм жәмәәтлер ең ҳәлсиз адамларды жүдә жоқары температура тәсиринен қорғаўы, қәўипти азайтып, шыдамды арттырыўы керек.

Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми ҳәм Жәҳән метеорология шөлкеми есабатына бола, 57 мәмлекетте ыссыдан ескертиў системасын жеделлестириў ҳәр жылы 100 000 ға шамалас инсан өмирин сақлап қалыўы мүмкин.

– Аз углеродлы суўытқышқа өтиўди жақсылаў, пассив суўытқыш системасын кеңейтиў, мәселен, қала дизайны арқалы және де жасыл ҳәм нәтийжели шешимлер табыў керек, – дейди БМШ бас хаткери Антониу Гутерриш. – БМШ Қоршаған орталық бойынша бағдарламасының есабына бола, бул илажлар 2050-жылға барып 3,5 миллиард адамды қорғаўы мүмкин, соның менен бирге, шығындыны азайтыў ҳәм тутыныўшыларға ҳәр жылы 1 триллион долларды үнемлеў имканиятын береди.

Гутерриш инсан ҳуқықы принципине тийкарланған мийнетти қорғаў ҳәм денсаўлықты сақлаў бойынша тийисли илажлар көриў арқалы барлық тараўларда жумысшыларды қорғаўға шақырды. Сондай-ақ, дүньяның барлық регионларындағы мийнеткешлердиң саламатлығы ҳәм өмирин ҳәдден тысқары ыссылық қәўипинен қорғаў ушын асығыс илажлар көриўи керек. Буннан тысқары БМШ барлық мәмлекетлер ҳәм жәмийетшиликлер ҳаўа-райына шыдамлылықты жақсылаў бойынша комплексли ҳәрекетлер режеси, стратегия ҳәм шешимлер ислеп шығыўы ҳәм әмелге асырылыўын тәмийинлейтуғын турақлы, көп тармақлы ҳәм көп дәрежели шериклик қатнасығы орнатылыўы зәрүрлигин атап өтти.

БМШ басшысы қазып алынатуғын жанылғыдан қайта тикленетуғын энергияға өтиў пәтин тезлетиў, бул бағдарға көбирек инвестиция киргизиў кереклигин тәкирарлаған. Сонлықтан, 2025-жылға шекем Париж келисимине муўапық, ҳәр бир мәмлекет миллий дәрежеде қоршаған орталықты патасландырыў көрсеткишин азайтыўға қосажақ үлесин анықлап, сол ҳаққында баянат усыныўы шәрт.

 

С.РАҲИМОВ,

ӨзА шолыўшысы