Францияның Париж қаласында жазғы Олимпиада ойынларинда бир қатар спорт түрлери бойынша беллесиўлер болып өтти.
Футбол бойынша өткерилген жарыстың 2-турында Египетке қарсы ойын өткерген Тимур Кападзе шәкиртлери ушырасыўдың 11-минутында-ақ, қорғаўшының қопал қәтесинен соң өз дәрўазасына гол өткерип қойды.
Буннан соң командамыз ағзалары ойында тез-тезден қәўипли ҳүжимлер шөлкемлестирди ҳәм усындай ҳүжимлердиң бирин Аббосбек Файзуллаев Египет дәрўазасына анық жоллаўға еристи. Бирақ, бул гол офсайд себепли бийкар етилди.
Екинши таймда Тимур Кападзе Астон Ўруновтың орнына Русланбек Жияновти ойынға қосты. 52-минутта Жасур Жалолиддинов жәрийма тобынан, 55-минутта Элдор Шомуродов өзине жаратылған имканияттан өнимли пайдалана алмады.
Ойын даўамында буннан басқа да имканиятлар болды. Бирақ, тилекке қарсы бул ойында командамызға тәжирийбе ҳәм әўмет жетиспеди.
Ал, усы топардағы екинши турда болса, Испания Доминикан Республикасы командасын 3:1 есабында жеңип, 6 упай менен шерек финалға жол алды.
Өзбекстан сайланды командасы болса, еки жеңилистен соң турнир менен хошласты.
Бул топардағы 3-тур ойынлары 30-июль күни болып өтеди. Онда Өзбекстан сайланды командасы Доминикан Республикасы командасы менен ушырасады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.