27-июль күни Нант қаласындағы «Ля Божуар» стадионында Өзбекстан U-23 сайланды командасы  Париж Олимпиадасындағы өзиниң екинши ойынын Египет сайланды командасына қарсы өткереди.

Бул ойында өзбекстанлы футболшылар ақ формада, дәрўазаман болса, жасыл кийимде ойынға түседи.

Ушырасыўды океаниялы төрешилер бригадасы басқарып барады. Атап айтқанда, бас төреши сыпатында жаңа зеландиялы Кавана-Вауф Кемпбелл ислесе, оған қанатларда ўатанласы Тревис Исаак ҳәм Соломон атаўларынан Мутукера Бернард жәрдемлеседи.

Өзбекстан ҳәм Египет арасындағы ойын 27- июль күни саат 20:00 де басланады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.