Париж Олимпиадасының ашылыў мәресиминде Өзбекстан спорт делегациясының байрақшысы болатуғын Зайнаб Дайыбекова жарыс алдынан өзиниң пикирлери менен ортақласты.

«Таярлықлар жақсы болды. Байрақшы болыў бул — әлбетте үлкен жуўапкершилик. Бирақ, бул жуўапкершиликти өз мойнымызға алып, Қуда қәлесе, елимизге алтын медаль менен қайтыўға бар күшимиз бенен ҳәрекет етемиз. Бизди дуўа етип, қоллап-қуўатлап турсаңыз, бизлер әлбетте жарқын жүз бенен қайтамыз»,- деди Дайыбекова.

Мағлыўмат ушын айтатуғын болсақ, өткен Токио Олимпиадасында шерек финалға шекем жетип келген Зайнаб Дайыбекова  Париж Олимпиадасында 29-июль күни беллесиўлерге кириседи.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.