Париж қаласында басланған жазғы Олимпиада ойынларының футбол беллесиўлеринде кеше «С» топарынан басқа, «А», «В» ҳәм «Д» топарларында да 1-тур ойынлары өткерилди.
Олардың биринде «А» топарында Олимпиада жеңимпазлығына тийкарғы даўагерлерден бир есапланған Франция Марсел қаласындағы «Оранж Велодром» стадионында АҚШлы футболшылар менен ушырасып, оларды 3:0 есабында жеңип шығыўға миясар болды.
Ал, усы топардағы екинши ойында болса, Гвинея – Жаңа Зеландия сайланды командасына 1:2 есабында жеңилип қалды.
«В» топарында ойынлар көпшилик күтпеген есаплар менен жуўмақланды. Атап айтқанда, Олимпиада ойынларының бир неше мәрте жеңимпазы атанған Аргентина биринши турда Мароккоға, украиналы футболшылар Иракқа 1:2 есабында жеңилип қалды.
«Д» топарынан орын алған Япония болса бул турда парагвайлы футболшылар менен ушырасып, оларды 5:0 есабында жеңип шығып, топар жетекшисине айланды.
Ал, Мали – Израиль сайланды командалары арасындағы ойын болса, 1:1 есабы менен жуўмақланды.
Енди Олимпиада ойынларындағы екинши тур ойынлары 27-июль күни болып өтеди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.