Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиӊ «Волейбол спорт түрлерин және де раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.
Мәлим етилиўинше, қарарға бола, 2025-жылдан ҳәр жылы дәстүрий түрде волейбол бойынша бир қатар беллесиўлер өткерип барылыўы нәзерде тутылмақта.
Атап айтқанда, жоқары билимлендириў мәкемелериниӊ студентлери, профессионал билимлендириў ҳәм улыўма орта билимлендириў мәкемелериниӊ оқыўшылары арасында «Volleyball stars» Өзбекстан кубоги, министрлик ҳәм уйымлар хызметкерлери арасында 3 басқышлы (район (қала) – ўәлаят – республика) волейбол спорт түрлери бойынша «Жаӊа Өзбекстан» республика беллесиўи шөлкемлестириледи.
Буннан тысқары, улыўма орта билимлендириў мәкемелериниӊ жоқары класс оқыўшылары арасында 3 басқышлы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги кубоги, майыплығы болған шахслар арасында пара волейбол спорт беллесиўлери де қарарға муўапық өткерилиўи белгиленди.
2025-жылдан ҳәр еки жылда бир мәрте волейбол бойынша Орайлық Азия волейбол ассоциациясы (CAVA) на ағза мәмлекетлер арасында «Уллы Жипек жолы» халықаралық турнири өткерип барылатуғынын атап өтиў керек.
Сондай-ақ, Наманган ўәлаяты Учқўрғон районы олимпиада ҳәм миллий спорт түрлери бойынша мәмлекетлик қәнигелестирилген мектеп-интернаты Волейбол спорт түрлерине қәнигелестирилген мәмлекетлик мектеп-интернаты сыпатында қайта шөлкемлестириледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги